Мийнет стажын тастыйықлаўшы тийкарғы ҳүжжет - мийнет дәптершеси (соның ишинде, электрон мийнет дәптершеси).
2005-жыл 1-январьға шекемги дәўир ушын жумыс стажы қосымша ҳүжжетлер талап етилмеген ҳалда мийнет дәптершесиндеги жазыўлар тийкарында белгиленеди.
Егер мийнет дәптершеси болмаса ямаса онда толық емес, надурыс ямаса анық емес жазыўлар жазылған болса, жумыс стажын тастыйықлаў ушын:
мағлыўматнама;
буйрықлардан көширмелер, жеке есап бетлери ҳәм мийнет ҳақы бериў ведомостлары;
мийнет шәртнамалары (контрактлары), архив мағлыўматнамалары ҳәм мийнет искерлиги дәўирлери ҳаққындағы мағлыўматларды өз ишине алған басқа да ҳүжжетлер.
Буннан тысқары, жумыс дәўири ҳаққындағы мағлыўматлар гүўалардың көрсетпелери тийкарында суд тәртибинде анықланыўы мүмкин.