"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, 2-март күни Өзбекстан аймағына қубла-батыстан ығал ҳаўа кирип келе баслайды. Республика бойынша жаўын жаўады, таўлы аймақларда жаўын-шашын, қар жаўады.

Кейин ала, айдың биринши он күнлигиниң ақырына шекем жаўын-шашын ўақты-ўақты менен жаўады: тегислик аймақларда үзилисли жаўын, таўларда жаўын ҳәм қар жаўады.

Бул дәўирде ҳаўа температурасы 10-15° жыллы дәрежесинде болыўы күтиледи (бул климат нормаларына сәйкес келеди), айырым күнлери 6-9° жыллыға шекем төменлеўи мүмкин.

Март айының екинши ҳәм үшинши он күнликлеринде ҳаўаның температурасы түнде 3-8гр жыллыдан 8-13гр жыллыға шекем, күндиз 12-17гр жыллыдан 23-28гр жыллыға шекем өзгериўи күтиледи.

Температураның пәсейиў дәўирлери барған сайын қысқарып, жылыў дәўирлери болса узайып барады.