Халықларымыздың тарийхый тамырлары бир, бүгинги арзыў-нийетлери уқсас. Түркий тилде сөйлесетуғын халықларымыздың мәденияты, дини ҳәм үрп-әдетлери оғада жақын.
Еки халық әсирлер даўамында түркий цивилизация шеңберинде қәлиплескен. Бул фактор ҳәзирги мәмлекетлераралық байланыслардың раўажланыўында әҳмийетли орын ийелейди. Әйне усы орталықта гүллеп-жаснаған бул туўысқанлық руўхы бүгин еки мәмлекет арасындағы қатнасықлардың ең беккем тийкарын қурайды.
Түркия Өзбекстан ғәрезсизлигин биринши болып тән алған мәмлекетлерден бири. Еки мәмлекет арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанынан берли экономикалық, мәдений тараўларда бирге ислесиў избе-из раўажланбақта. Әсиресе, кейинги жылларда Өзбекстан - Түркия дослық ҳәм кең көлемли стратегиялық шериклик қатнасықлары сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилди.
Экономикалық қатнасықлар да жедел пәтлерде раўажланбақта. Түркия Өзбекстанның ири саўда-экономикалық шериклеринен бири, еки мәмлекет арасында санаат, тоқымашылық, қурылыс, энергетика, аўыл хожалығы ҳәм туризм тараўларында қоспа кәрханалар жумыс алып бармақта. Түрк инвестициясы Өзбекстан экономикасына жедел тартылып, жаңа жумыс орынларының ашылыўына хызмет етпекте.
Мәдений-гуманитарлық тараўдағы байланыслар да айрықша әҳмийетке ийе. Билимлендириў, илим, мәденият ҳәм көркем өнер бағдарларында биргеликтеги жойбарлар әмелге асырылмақта. Өзбекстан жасларының Түркия жоқары билимлендириў мәкемелеринде билим алыўы, еки мәмлекетте мәденият күнлери ҳәм фестиваллардың өткерилиўи халықлар арасындағы дослықты және де беккемлемекте.
Еки тәреплеме пайдалы бирге ислесиўдиң жаңа перспективалары ашылып, товар алмасыў ҳәм инвестициялар көрсеткиши артпақта. Атап айтқанда, тек ғана өткен жылы өз-ара саўда көлеми 3 миллиард доллардан, қоспа кәрханалардың саны болса 2200 ден артты. Өзлестирилген инвестициялардың улыўма баҳасы дерлик 10 миллиард долларды қурады.
Сондай-ақ, еки мәмлекет арасында ҳәптесине 100 ге шамалас авиақатнаўлар әмелге асырылмақта. Бул, өз гезегинде, жолаўшыларға қолайлық жаратыў менен бирге, үлкен экономикалық нәтийже де бермекте: исбилерменлер арасындағы байланыслар аңсатласпақта, көргизбе ҳәм сөйлесиўлерде қатнасыў имканияты кеңеймекте, биргеликтеги жойбарлар қоллап-қуўатланыўы тәмийинленбекте.
Өзбекстан - Түркия бирге ислесиўиниң итибарлы тәрепи сонда, түрк бизнеси мәмлекетке инвестиция менен бирге басқарыў тәжирийбеси, технология ҳәм өндирис мәдениятын алып келмекте. Өз гезегинде, Түркия ушын Өзбекстан базары өсип баратырған ишки талапқа ийе жедел раўажланып атырған экономика сыпатында тартымлы болып есапланады. Мәплердиң бундай дүзилиси қатнасықлардың узақ мүддетли, бир-бирин толтырыўшы сыпатқа ийе екенлигин көрсетеди.
Мәмлекетлеримиз арасында тек ғана еки тәреплеме қатнасықлар жедел раўажланып қоймастан, ал парламентлераралық сөйлесиў де бираз жеделлести. Бул бирге ислесиў парламент дипломатиясының абырайын арттырыўға хызмет етеди. Ҳәзирги ўақытта Олий Мажлистиң Түркия Республикасы Уллы миллет мәжилиси менен бирге ислесиў бойынша парламентлераралық дослық топары жумыс алып бармақта.
Мәмлекетлеримиз басшылары арасындағы исеним, ҳүрмет ҳәм қызғынлыққа тийкарланған қатнасықлар билимлендириў, илим ҳәм медицина тараўларындағы бирге ислесиўди жоқары дәрежеге алып шығыўға да хызмет етпекте. Нәтийжеде, еки мәмлекет басшылары арасындағы бул аўызбиршилик өз-ара қатнасықлардың стратегиялық шериклик тийкарында раўажланыўына имканият берди. Сиясий ерк-ықрардың анықлығы ҳәм үзликсизлиги себепли Өзбекстан - Түркия бирге ислесиў бағдарындағы тараўлардың көлеми жоқары пәтлерде кеңейип бармақта.
Соңғы тоғыз жылда еки тәреплеме бирге ислесиў сезилерли дәрежеде жеделлести. Өзбекстан ҳәм Түркия жетекшилериниң сиясий ерк-ықрары ҳәм узақты гөзлеген ақылға уғрас сиясаты нәтийжесинде өткен дәўирде қатнасықларымыз жаңа басқышқа шықты. Әсиресе, мәмлекетимиздиң ашық ҳәм прагматикалық сыртқы сиясаты еки тәреплеме бирге ислесиўди және де жоқары дәрежеге көтерди.
Президентимиздиң Түркия Республикасына рәсмий сапары еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиўди жаңа дәрежеге алып шығыўда әҳмийетли басқыш болыўы менен бирге, барлық тараўлардағы бирге ислесиўди және де тереңлестириўге тийкар жаратады. Усы сапар етиў соңғы жылларда еки мәмлекет арасындағы қатнасықлар тереңлесип атырғанының айқын дәлили болып есапланады.
Әсиресе, Анкара қаласында болып өткен жоқары дәрежедеги Стратегиялық бирге ислесиў кеңесиниң төртинши мәжилиси, сөзсиз, еки тәреплеме қатнасықларды және де тереңлестириўге қаратылған әҳмийетли дипломатиялық илаж болды. Бул формат системалы сиясий сөйлесиў ҳәм бир қатар бағдарлар бойынша биргеликтеги ҳәрекетлерди муўапықластырыў имканиятын береди.
Мәмлекетлеримиз басшылары бул мәжилисте көп тәреплеме стратегиялық мәселелерди додалады. Мәжилис жуўмақлары бойынша қол қойылған биргеликтеги билдириў ҳәм Кең көлемли стратегиялық шериклик шеңбериндеги бирге ислесиў механизмлери ҳаққындағы қарар, сондай-ақ, көп қырлы шерикликтиң ҳәр қыйлы бағдарларын қамтып алған еки тәреплеме ҳүжжетлер топламы Өзбекстан - Түркия қатнасықларын буннан былай да беккемлеўге хызмет етеди.
Үш жыл алдын жүз берген ўайран етиўши жер силкиниў туўысқан түрк халқы ушын аўыр сынақ болған еди. Сонлықтан, Өзбекстан усы қайғылы дәўирдиң дәслепки күнлеринен-ақ Түркияға ҳәр тәреплеме жәрдем көрсетти. Қысқа мүддетте өзбекстанлы 100 қутқарыўшы ҳәм 70 медицина хызметкери апатшылық жүз берген аймаққа жетип барды. Излеў-қутқарыў жумыслары нәтийжесинде 18 адам қутқарылды, жәбирленген 200 ге шамалас пуқара ўайранлар астынан алып шығылды. Дала емлеўханасында 4000 наўқасқа медициналық жәрдем көрсетилди.
Мәмлекетимиз қысқа мүддетте Ҳатай ўәлаятының Арсуз районында 24 көп қабатлы жайдан ибарат барлық зәрүр инфраструктураға ийе заманагөй турақ жай комплексин қурды. Бул комплекс жәбирленген шаңарақлар ушын тек ғана жаңа үй емес, ал өзбек ҳәм түрк халықлары арасындағы мәңги дослықтың айқын үлгиси болды.
Сапар етиў шеңберинде мәмлекетимиз басшысы ҳәм Түркия Республикасы Президенти Ҳатай ўәлаятында елимиз тәрепинен қурылған "Өзбекстан" турақ жай комплексиниң ашылыў мәресиминде де қатнасып, жаңа квартиралардың гилтлерин ийелерине салтанатлы түрде тапсырды.
Президентлердиң Стамбулдың Бекиркей районында өзбек мектебиниң қурылысын баслап бергени сапардың және бир итибарлы ўақыясы болды. Бул дәргай Өзбекстанның сырт елдеги биринши билимлендириў мәкемеси болып, ол Түркияда жасап атырған өзбек шаңарақларының перзентлерине өз ана тилинде билим алыў менен бирге, миллий қәдириятлар, мәденият ҳәм дәстүрлерди сақлап қалыў имканиятын да береди.
Улыўма алғанда, соңғы тоғыз жылда өзбек-түрк байланысларында мазмуны жағынан жүз жыллықларға татыйтуғын өзгерислер ислеў ушын беккем тырнақ тасы қойылды. Бул сапар етиў еки мәмлекет қатнасықларын жоқары дәрежеге алып шығыў менен бирге, Өзбекстан ҳәм Түркия арасындағы қатнасықларды сапа ҳәм мазмун жағынан байытқан ҳалда өз-ара пайдалы бирге ислесиўди және де жоқары басқышқа көтереди.
Наргиза САЛОМОВА,
Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты