Қарарда соның менен бирге, буннан былай кибержынаят ислеўде өз атындағы банк картасынан, банк есап бетинен, электрон қалтасынан ҳәм басқа да шахсқа байланыслы мағлыўматларынан (SIM картасы, электрон аккаунты) пайдаланыўға жол қойған шахслар ушын ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершилик илажлары белгиленеди.
Кибержынаятлардың алдын алыў бағдарында мәлимлеме системасындағы әззиликлер ҳәм кемшиликлер нәтийжесинде кибержынаят жүз бериўине жол қойған банклер ҳәм төлем шөлкемлериниң дизимин жәмийетшиликке жәриялаў және халықтың пул қаржыларын тартыўға қаратылған онлайн алдаўшылық схемаларын ("финанслық пирамида") ерте анықлаў әмелияты жолға қойылады.