Онда қалалық салық басқармасының жуўаплы баслығы ҳәм районлық салық инспекциясының баслығы тәрепинен киши ҳәм орта бизнес ўәкиллериниң мәмлекеттиң экономикалық раўажланыўындағы әҳмийетли орны, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў бағдарында әмелге асырылып атырған избе-из реформалар, салық нызамшылығына киргизилген өзгерислер ҳәм исбилерменлердиң турақлылық рейтинги ҳаққында сөз етилди.
Сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысы тәрепинен усы жылдың 19-март күни киши ҳәм орта бизнес ўәкиллери менен тараўдың экономикадағы орнын арттырыў ҳәм раўажланыўын жаңа басқышқа алып шығыў мәселелерине бағышланған ушырасыўында белгиленген мақсет ҳәм ўазыйпалар ҳаққында да мағлыўматлар берилди.
Киши ҳәм орта бизнес елимизде жумыс орны, инвестиция, инновация, бәсеки, қосымша қун ҳәм экспортты көбейтиўге ең үлкен түртки берип атырған бағдар есапланатуғынын атап өтиў керек. Сонлықтан бул бағдарда жумыс алып барып атырған исбилерменлердиң қатарын және де кеңейтиў, жумысларын раўажландырыўда бизнес ўәкиллериниң бар машқала ҳәм усынысларын үйрениў және оларға шешим табыў үлкен әҳмийетке ийе.
Ашықтан-ашық сөйлесиў тәризинде өткерилген ушырасыўда киши ҳәм орта бизнес исбилерменлериниң салық есабатларын тапсырыў, жеңилликлерден пайдаланыў бойынша усыныслары тыңланып, унамлы шешиў илажлары көрилди.