Айырым категориядағы шахслар ушын дәрамат салығын төлеўде жеңилликлер бериў мәселеси социаллық қорғаўға мүтәж халық қатламларының финанслық жағдайларын белгили бир мәнисте турақлы услап турыўда айрықша әҳмийетке ийе. Бизге белгили, салық нызамшылығына бола физикалық тәреплердиң мийнет ҳақысына 12 процентлик дәрамат салығы өндириледи. Мысал ушын, шахстың мийнет ҳақысы 5 миллион сум болса, оннан 12 процентлик дәрамат салығы өндирилгенде, 600 мың сум дәрамат салығы өндириледи.
Дәраматлар алынған айда ҳәр бир ай ушын мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 1,41 есеси муғдарындағы дәраматлар, мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 3 есеси муғдарындағы дәраматлар бойынша азат етиледи. Мағлыўмат орнында айтып өтиўимиз керек, бүгинги күнде мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдары 1 155 000 сумды қурайды.
Дәрамат салығы төлеўшилер арасында социаллық қорғаўға мүтәж сондай категориялар бар, олар ушын салық кодексинде дәрамат салығын төлеў бойынша белгили дәрежедеги жеңилликлер жаратылған. Бул категория шахслар сыпатында төмендегилерди көрсетиў мүмкин:
1) "Өзбекстан Қаҳарманы", Совет Аўқамы Қаҳарманы, Мийнет Қаҳарманы атақларына ерискен шахслар, үш дәрежедеги Шуҳрат ордени менен сыйлықланған шахслар. Бул жеңиллик тийислисинше "Өзбекстан Қаҳарманы" атағы берилгенлиги ҳаққындағы гүўалық, Совет Аўқамы Қаҳарманы, Мийнет Қаҳарманы дәптершелери, орден дәптершеси ямаса қорғаныў ислери бойынша бөлимниң мағлыўматнамасы тийкарында бериледи;
2) Урыс майыплары ҳәм қатнасыўшылары, сондай-ақ, шеңбери нызам ҳүжжетлери менен белгиленетуғын, оларға теңлестирилген шахслар. Бул жеңиллик урыс майыбының (қатнасыўшысының) тийисли гүўалығы ямаса қорғаныў ислери бойынша бөлимниң ямаса басқа ўәкилликли уйымның мағлыўматнамасы тийкарында бериледи;
3) Балалықтан майыплығы болған шахслар, сондай-ақ, I ҳәм II топар майыплығы болған шахслар. Бул жеңиллик пенсия гүўалығы ямаса медициналық-социаллық эксперт комиссиясының мағлыўматнамасы тийкарында бериледи;
4) Бурынғы СССРды, Өзбекстан Республикасының конституциялық дүзимин қорғаў ямаса әскерий хизметтиң яки ишки ислер органларындағы ҳәм Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясындағы хизметтиң басқа миннетлемелерин орынлаў ўақтында жараланыўы, контузия яки майып болыўы ақыбетинде яки фронтта болыў менен байланыслы кеселлик себепли қайтыс болған әскерий хызметшилердиң ҳәм ишки ислер органлары, Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы хызметкерлериниң ата-аналары ҳәм жесир ҳаяллары (жесир ерлери). Бул жеңиллик "Өлген әскердиң жесири (жесири, анасы, әкеси)", "Ишки ислер уйымлары қайтыс болған хызметкериниң жесири (жесири, анасы, әкеси)", "Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы қайтыс болған хызметкериниң жесири (жесири, анасы, әкеси) " штампы қойылған ямаса пенсия гүўалығын берген мәкеме басшысының имзасы ҳәм усы мәкеме мөри менен тастыйықланған тийисли жазыўлы пенсия гүўалығы тийкарында бериледи. Егер усы шахслар пенсионер болмаса, жеңиллик оларға бурынғы СССР Қорғаныў министрлиги, Мәмлекетлик қәўипсизлик комитети ямаса Ишки ислер министрлигиниң, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Ишки ислер министрлиги, Айрықша жағдайлар министрлиги, Миллий гвардиясы, Өзбекстан Республикасы Президенти Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң тийисли уйымлары ҳәм басқа да әскерий хызмет нәзерде тутылған уйымлар тәрепинен берилген әскерий хызметкердиң яки ишки ислер уйымлары ҳәм Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы хызметкериниң қайтыс болғанлығы ҳаққындағы мағлыўматнама тийкарында бериледи.
5) еки ҳәм оннан артық он алты жасқа толмаған балалары бар жалғыз аналар. Бул жеңиллик ҳәр бир бала ушын пуқаралық ҳалаты актлерин жазыў уйымлары тәрепинен берилетуғын мағлыўматнама тийкарында бериледи;
6) еки ҳәм оннан артық он алты жасқа толмаған балалары бар ҳәм де бағыўшысын жойытқанлығы ушын пенсия алмайтуғын жесир ҳаял ҳәм жесир еркеклер. Бул жеңиллик күйеўиниң (ҳаялының) қайтыс болғанлығы ҳаққындағы гүўалық, балалардың туўылғанлығы ҳаққындағы гүўалықлар, жаңа некеден өтпегенлик ҳәм Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Пенсия қоры район (қала) лық бөлиминиң бағыўшысынан айырылғанлық пенсиясы алынбайтуғынлығы ҳаққындағы мағлыўматнамасы усынылған жағдайда бериледи;
7) балалықтан майыплығы болған шахс, турақлы күтимди талап ететуғын перзенти менен бирге жасап, оны тәрбиялап атырған ата яки ана. Бул жеңиллик пенсия гүўалығы ямаса денсаўлықты сақлаў мәкемесиниң турақлы күтим зәрүрлигин тастыйықлаўшы медициналық мағлыўматнама тийкарында бериледи.
Бул салық жеңилликлери тийисли ҳүжжетлер усынылған жағдайда қолланылады.
Салық жеңиллигине болған ҳуқық календарь жыл даўамында жүзеге келген жағдайда, салық жеңиллиги оған болған ҳуқықлар жүзеге келген ўақыттан баслап қолланылады.
Салық жеңиллигиниң қолланылыўы салық төлеўшиниң тийкарғы жумыс (хызмет, оқыў) орны бойынша, тийкарғы жумыс орны болмаған жағдайда болса - жасаў орнындағы салық уйымлары тәрепинен жәми жыллық дәрамат ҳаққындағы декларация тийкарында салықты есаплап шығыўда әмелге асырылады. Салық жеңиллигине болған ҳуқық жойтылған жағдайда, салық төлеўши жеңилликке болған ҳуқықты жойтқан ўақыттан баслап он бес күн ишинде бул ҳаққында оннан салықты услап қалатуғын юридикалық шахсқа мәлим етиўи керек.
Санап өтилген салық жеңилликлери салық төлеўшиниң процентлер ҳәм дивидендлер түринде алынған дәраматларына, сондай-ақ, мүлкти ижараға бериўден алынған дәраматларына да қолланылады. Егер процентлер ҳәм дивидендлер тийкарғы жумыс орны бойынша есапланса, салық жеңиллигиниң қолланылыўы тийкарғы жумыс орны бойынша әмелге асырылады. Егер процентлер ҳәм дивидендлер тийкарғы емес жумыс орны бойынша есапланса, салық жеңиллиги жәми жыллық дәрамат ҳаққындағы декларация тийкарында физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығын есаплап шығыўда салық төлеўшиниң жасаў орнындағы салық уйымлары тәрепинен қолланылады. Тап усындай тәртип мүлкти ижараға бериўден алынған дәраматларға да қолланылады.