Бирақ, әйне жаслық дәўиринде соны есте тутыў керек, арзыўлар тийкарынан билим арқалы әмелге асады. Ҳәр қандай жетискенлик ушын беккем тийкар, яғный беккем ерк-ықрар, анық мақсет ҳәм ўақтында ийеленген ҳәм ийелеп атырған билим зәрүр. Билим түсинигине болса "китап" сөзи егиз.

Бүгинги күнде ўатанласларымыз арасында китапқумарлық мәдениятын арттырыў, жас әўладтың көркем әдебиятқа меҳрин арттырыў, ағартыўшы әўладты камалға келтириў жолында үлкен реформалар болып өтпекте.

Келиң, усы жерде мәмлекетимизде китапқумарлықтың әҳмийетли басқышқа көтерилиў дәўирине тоқтап өтсек.

2017-жыл 30-июнь. Ташкентте "Камолот" жаслар жәмийетлик ҳәрекетиниң (ҳәзирги Жаслар ислери агентлиги тийкарында) қурылтайы өткерилди. Қурылтайда Президентимиз қатнасып, жаслар менен ашық пикирлести. Мәжилисте айрықша итибар қаратылған, күйип-писип сөз етилген темалардан бири китапқумарлық еди. Мен жыйналыста Сырдәрядан турып видеоконференция арқалы қатнасқан едим. Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында ҳәр жылы "Ең китапқумар мектеп", "Ең китапқумар мәҳәлле", "Ең китапқумар шаңарақ" сыяқлы таңлаўлар өткериў, жуўмақлаўшы басқыш жеңимпазларын сыйлықлаў ушын баҳалы саўғалар, соның ишинде, елимизде ислеп шығарылған автомобиллерди сыйлық сыпатында бериў басламасын көпшилик қатарында мен де үлкен қуўаныш пенен қабыл еткен едим.

Шынында да, китап оқыған адамға машина саўға етиў көпшилик ушын исениў қыйын болған жағдай еди. Соның ушын, өкиниш пенен айтыў керек, көпшилик "Оқып қала аларма едиң?", "Оқыған менен не болар еди?", "Көп болса муғаллим боларсаң" деген гәплерди ең болмаса бир мәртебе болса да еситкен.

Бул гәплерди мен де еситкенмен. Дурыс, ата-анам бәрқулла қоллап-қуўатлап, оқыўымды, жақсы билим алыўымды қәлеген. Бирақ әтираптағылар мендей әпиўайы аўыл баласының табысқа ерисиўин қәлесе де, исене алмайтуғын еди. Бирақ Президентимиз үлкен-кишини бирдей келешекке исенимли қараўға үйрете алды. "Жас китапқумар" таңлаўы жәрияланып, жеңимпазға "Spark" автомобили саўға етилетуғыны ҳаққындағы көринислер ҒХҚда көрсетилди. Сол күнлердиң биринде ата-анамға мүрәжәәт еттим:

- Сизлерге машина саўға етемен!

Атыздан шаршап келген әкем ҳайран болып қарады.

Мен болса даўам еттим: - Биринши орынды алған қатнасыўшыға машина саўға етилетуғын таңлаў жәрияланған. Әлбетте қатнасып, усы таңлаўда жеңимпаз боламан.

Бул сөзимнен ата-анамның жүзи жайнап, кейин усы мақсетиме ерисиўим ушын барлық шараятларды ислеп берди. "Жас китапқумар"ға қызғын таярлық көре басладым. 2017-жылғы таңлаўда әўметим келмегени ушын емес, ал билимим жетпегени ушын ең соңғы орынды - 14 аймақ ишинде 14-орынды ийеледим. Таңлаўда утылып келгенимнен кейин көпшилик аўылласларым мени көргенлеринде: "Аўа, Орман ағамның баласы-аў, гилт қолыңда турған еди. Тарс-тарс етип сөйлеп, машинаны утып келмейсең бе? Бирақ биринши орынды алған қыз күшли екен-аў? Мейли, тағы ҳәрекет ет. Бирақ, әлбетте, қатнас. Бизиң аўылдан да шықсын бир "Президент саўғасын" айдап жүрген", деп айтыўды әдетке айландырды.

Буннан қысынысатуғын едим, қайсыдур мәнисте жеңилистиң ашыўын сезер едим. Бирақ, мине усы сөзлер де түртки болып, таңлаўда избе-из қатнаса бердим. Еки емес, үш емес, бесинши жыл дегенде - 2022-жылдың 7-апрель күни "Жас китапқумар" таңлаўының республикалық басқышында 15-19 жас категориясында 1-орынды қолға киргиздим ҳәм ата-анама 2017-жылы берген ўәдемди орынладым.

"Президент саўғасы"н жеңип келгеннен соң аўылымызда китапқа болған муҳаббат артып кетти. Әкем болса "Spark"та пүткил ўәлаятымыз бойлап елиўге шамалас мектепке мени алып барды. Бул мектеплерде оқыўшылар менен ушырастым. Оқыўшылар болса бир гәпти тәкирарлайтуғын еди: "Сизге ҳәўес етемиз, биз де китап оқып, машина утамыз".

Мениң ҳәўес ететуғын дәрежеге жетиўиме Президентимиз алға қойған басламалар ҳәм жасларға жаратылып атырған имканиятлар себеп болды. Елимизде китапқумарларға көрсетилип атырған ғамқорлық себепли илим-ағартыўшылық жолындағы әўладтың көкирегине самал тийди. Бизге "Spark" берилген болса, бүгинги жеңимпазлар электромобиллер менен сыйлықланбақта. Биз биринши мәрте қатнасқан ўақытта республикалық басқышта 2-орынды алған қатнасыўшы компьютер менен сыйлықланған болса, бүгин 75 миллион сум ақшалай сыйлықты қолға киргизбекте. Бул мәмлекетимизде реформалардың жылдан-жылға жоқарылап, көлеми де кеңейип атырғанынан дәрек береди. Кейинги жыллары мине усындай китапқумарлық таңлаўларында 3 миллионнан аслам жас қатнасқан. Бул әпиўайы сан емес.

Жақында Президентимиздиң "Китапқумарлық мәдениятын раўажландырыў ҳәм халықтың арасында китап оқыўға қызығыўшылықты арттырыў илажлары ҳаққында"ғы қарары қабыл етилди. Әлбетте, ҳәммемиз бул қарарды китапқа меҳир ҳәм китапқа сиңдирилген ўатансүйиўшилик руўхындағы жаңа Өзбекстанға муҳаббат пенен қарсы алдық.

Қарар тийкарында "Китап - ағартыўшылық дәреги" жойбары шеңберинде халық арасында китапқумарлықты үгит-нәсиятлаў ҳәм жылына орташа 10 китап оқыў мақсети енгизилетуғыны, Жаслар ислери агентлиги жанында Китапқумарлық мәдениятын раўажландырыў қорының дүзилетуғыны, "Жадидлер изинен" китапқумарлық клубы жойбары тийкарында мектеп оқыўшылары жылына кеминде 20 китап оқыўының тәмийинлениўи, клубтың ең белсенди ағзалары сыйлықланатуғыны белгиленди.

Сондай-ақ, таңлаўлар арқалы талантлы авторларды анықлаў ҳәм оларға дөретиўшилик ушын шараят жаратыў мақсетинде бир жылға шекем БЕМның 50 есеси (20 миллион 600 мың сумға шекем) муғдарында ҳақы төлениўи, ең сайланды шет ел әдебиятларын өзбек тилине ҳәм миллий әдебиятларды шет тиллерге аўдарыў, баспаға таярлаў ҳәм басып шығарыў қәрежетлериниң 50 проценти және авторлық ҳуқықы ушын қәрежетлердиң 80 проценти қор тәрепинен қапланатуғыны атап өтилди.

Соның менен бирге, китапқумарлық рейтингиниң қәлиплестирилиўи, "Жаңа Өзбекстан көринисиндеги район (қала) " статусын алған аймақларда 330 мәҳәлле китапханасының шөлкемлестирилиўи, "ТОП-100 китапқумар" бағдарламасы шеңберинде оқыўшы ҳәм студентлер арасында ең көп китап оқығанлардың сыйлықланыўы, ҳәр бирине БЕМның 25 есеси муғдарында (10 миллион 300 мың сум) ақшалай сыйлық берилиўи, "Мутолаа" санлы платформасы жойбары арқалы жәмийетлик транспорт ҳәм инфраструктура объектлеринде электрон ҳәм аудиокитаплардан бийпул пайдаланыў имканиятының жаратылыўы - булардың барлығы жаңа Өзбекстан.

Жаслар, атап айтқанда, жас китапқумарлардың ўәкили сыпатында соны айта аламан, бул қарар, бәринен бурын, бизиң айдын келешегимиз ушын қабыл етилди. Енди Өзбекстанда китапқумарлық бойынша өз алдына қор жумыс алып барады. Бул имканияттан үнемли пайдаланып, заманласларым, ини-қарындасларым өз үстинде және де көбирек ислеўи керек.

Қарарда китапқумарлық бойынша ислениўи керек болған жумыслар анық белгилеп қойылған. 11 бөлимнен ибарат бағдарлама толық китапқумарлық ҳәрекетине қаратылған. Сондай-ақ, қорда тәжирийбели қәнигелер, илимпазлар, зыялылардан ибарат Қәўендерлик кеңесиниң қурамы қәлиплестирилгени де китапқумарларды қуўандырады. Қәўендерлик кеңесиниң анық жумыс режелерине китапқумарлық бойынша таңлаўлардың системалы шөлкемлестирилиўин қадағалаў, тараўдың раўажланыўы жолындағы машқалаларды анықлап, олар бойынша усынысларды Министрлер Кабинетине усынып барыў ўазыйпалары жүкленген болып, бул да кеңестиң мәмлекетимизде китапқумарлық дәрежесин арттырыў жолында өзине тән орын ийелейтуғынынан дәрек береди.

Бүгин елимизде китапқумарлық тараўындағы реформаларға көпшилик ҳәўес етпекте. Буған өзим гүўа. Әзербайжанда өткерилген халықаралық форумда мәмлекетимиздеги жаслар сиясаты бойынша презентация еткен едик. Онда китапқумарлық бағдарындағы жумысларға тоқтап өткенимде, бир азербайжанлы қатнасыўшының: "Эҳ-ҳе, зор таңлаў ғой. Өзбекстанға барып, китап оқып, машина утып қайтсак болады екен", деген сөзлери еле есимде.

Китап ҳәм китапқумарлар бойынша жумыслардың көлеми ҳақыйқатында да кең. Атап айтқанда, "Жаңа Ташкент" комплексинде жаңа китапхана бой тиклеп атырғаны сөзимиздиң дәлили. Имам Бухарий комплекси, Ислам цивилизациясы орайы ҳәм саўлатлы китапхана. Бул үш комплекс бир ўақыттың өзинде бой тиклемекте. Бул дегени - илим, исеним, ағартыўшылық, руўхыйлық, инновация ҳәм алдыңғы басламалар бир ўақыттың өзинде раўажланбақта. Жақында Президентимиз усы китапхананың қурылысы менен танысты. Бул процессти телевидение арқалы көрип, усы китапхана жаңа Өзбекстан китапханасы сыпатында халқымыздың даңқлы тарийхынан мүнәсип орын ийелейтуғынын сездим.

Аўа, шынында да қаншадан-қанша инсанлар көриўди әрман еткен заманларды жасап атырмыз. Бир ўақытлары Қадирий, Шолпан, Мунавварқори, Фитрат сыяқлы жадид бабаларымыз ағартыўшылық жолында ҳәрекет еткени ушын тийкарсыз жазаланған еди. Бүгин ше? Бүгин олар баслаған ҳәрекет жаслардың қәлбине сиңип бармақта. Мектеплерде олардың аты менен аталатуғын клублар шөлкемлестирилмекте. Бул да олар әрман еткен күнлерди бизлер көрип атырғанымыздан дәрек береди.

Ҳеш умытпайман, 2022-жылдың 30-июнь күни. "Жаңа Өзбекстан" бағындағы павилонда Президентимиз "Жас китапқумар" ҳәм "Жас китапқумар шаңарақ" таңлаўларының жеңимпазлары менен сәўбетлести. Сол ўақытта мәмлекетимиз басшысы "Сизлер китап оқып шаршамасаңыз, мен сыйлық берип шаршамайман", деген еди. Сол күни Президентимизден "Мард ўғлон" мәмлекетлик сыйлығын қабыл етип алған едим. Сыйлықлаў мәресиминде болса мәмлекетимиз басшысы ата-анаңызға сәлем ҳәм рахметимди жеткерип қойың, деп қолымды қатты қысып қойған еди.

Бүгин әпиўайы үй бийкеси болған анамның көкирегинде "Руўхыйлық пидайысы" көкирек белгиси жайнап тур, әкем "Президент саўғасы - "Жас китапқумар" жеңимпазы" деп жазып қойылған машинада мардыйып жүр. Мен булардың ҳәммесине жаңа Өзбекстанда Президентимиз жаратып берген имканиятлар нәтийжесинде еристим.

Бүгин Гүлистан мәмлекетлик университетинде жаслар жетекшиси сыпатында жумыс ислеп атырман. Жумысым даўамындағы тийкарғы жойбар ҳәм басламаларым да әйне китапқумарлыққа қаратылған. Атап айтқанда, студентлер арасында китапқумарлық дебатларына айрықша итибар қаратпақтамыз. Ҳәр ҳәптеде "Оқыў майданы" жойбары арқалы "Оқыў" қосымшасындағы бир шығарманы оқып, додалап аламыз. Сондай-ақ, "Мушаира" клубының жумысын жолға қойып, жас дөретиўшилердиң қәлиплесиўинде бар күш-ғайратымызды жумсамақтамыз.

Жақында университетимиздиң жас дөретиўшилериниң китабын басып шығарыўды режелестирдик. Телевидение менен биргеликте "Бир шығарма додалаўы", "Пикирлесиў" сыяқлы тележойбарларды жолға қойып, китапқумарлық илажларын ғалаба хабар қуралларында кеңнен сәўлелендирип атырмыз.

Жақында университетимиздиң жаңа ҳәм заманагөй Мәлимлеме-ресурс орайы пайдаланыўға тапсырылды. Жаслар ислери агентлигиниң саўғасы сыпатында "1000 китап" жойбары шеңберинде аўдарылған китаплар жаңа китапханамызға усынылды.

Биз еле өз үстимизде оғада көп ислеп, тынымсыз оқып, жаратылып берилип атырған имканиятлардан ақылға уғрас пайдаланған ҳалда жаңа Өзбекстанды мәрипатлы жәмийет ҳәм китапқумарлар ели сыпатында раўажландырыўымыз керек. Президентимиздиң қарарында ҳәр жылы адам басына 10 дана китап оқылыўына ерисиў айрықша атап өтилген. Бирақ, жаратылып атырған имканиятлар нәтийжесинде биз бул санды да тез арада жеңип, буннан да жоқары нәтийжелерге қарай умтыла баслаймыз, деп исенемен. Еле бир инсан жылына 30-40 дана китап оқыйтуғын күнлерге де жетип барамыз. Себеби - шек анық, мақсет айқын. Тек ҳәрекет етсек болды.

Ёрқинжон ҲАЙИТБОЕВ,

Гулистан мәмлекетлик университети жаслар жетекшиси,

"Мард ўғлон" мәмлекетлик сыйлығының лауреаты,

"Жас китапқумар" таңлаўының республикалық басқышы жеңимпазы