Қытайдың «Guojian Zhanmao» компаниясы Өзбекстанда былғары-тоқымашылық санааты индустриаль паркин шөлкемлестирмекши

    29 тамыз 2025 1567

    Өзбекстан халықаралық майданда исенимли инвестициялық ҳәм санаат шериги сыпатындағы орнын беккемлеўди даўам етпекте. Усы күнлерде инвестициялар, санаат ҳәм саўда министриниң биринши орынбасары Нодиржон Холмуродов басшылығындағы "Ўзчармсаноат" ассоциациясы делегациясы Қытай Халық Республикасының жетекши компаниялары менен сөйлесиўлер өткермекте.

    Ушырасыўлар шеңберинде Қытайдың былғары ҳәм жеңил санаатында жетекши орынлардан биринде туратуғын «Guojian Zhanmao (Putian) Supply Chain Co., Ltd.» компаниясының басқарма баслығы менен сөйлесиўге айрықша итибар қаратылды. Сөйлесиўлер ўақтында Қытай тәрепине Өзбекстанның 4 стратегиялық аймағы - Бухара, Наўайы, Ферғана ҳәм Самарқанд ўәлаятларында былғары-тоқымашылық тараўында заманагөй санаат парклерин шөлкемлестириў усынысы билдирилди.

    Дәслепки режелерге бола, компания 100 гектар майданда 150 миллион долларлық жойбарды әмелге асырыўды режелестирген. Болажақ санаат парки тек ғана өндиристи шөлкемлестириў майданы емес, ал аймақ кәрханаларын бирлестиретуғын орайласқан санаат хабына айланады.

    Жойбарда турақлы раўажланыў мәселелерине айрықша итибар қаратылған. Индустриал паркте қуяш панеллерин орнатыў режелестирилген болып, бул электр энергиясына болған талапты толық тәмийинлеў, ҳәтте артықша қуўатлылықларды қоңсы шөлкемлерге өткериў имканиятын береди. Усы тәризде жойбар экологиялық турақлылық ҳәм энергия нәтийжелилиги бойынша заманагөй талапларға жуўап береди.

    «Guojian Zhanmao» басшылары бул келисимлер исенимли екенин атап өтип, усы жылдың сентябрь айында бизнес миссиясының Өзбекстанға келиўи режелестирилип атырғанын мәлим етти. Сапар етиў даўамында тәреплер ҳүкимет структуралары менен биргеликте жойбардың ҳуқықый ҳәм техникалық параметрлерин толық келисиў нийетинде.

    Жаңа әўлад санаат паркиниң шөлкемлестирилиўи Өзбекстанның былғары-тоқымашылық тармағын раўажландырыўға салмақлы үлес қосыўы, жаңа жумыс орынларын жаратыў, тармақтың экспорт потенциалын кеңейтиў ҳәм Қытай менен санаат кооперациясын тереңлестириўге қосымша түртки болыўы күтилмекте.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates