Өзбекстан ҳәм Японияны тамырлары Уллы жипек жолы дәўирине барып тақалатуғын көп әсирлик тарийхый байланыслар, өз-ара жақын менталитет, уқсас қәдириятлар байланыстырып турады.
Японлар ана тәбиятқа болған сезгир мүнәсибети, қоршаған орталықты қәдирлеўи менен дүньяға үлги көрсетеди. Үлкен раўажланыў жолын инсан ҳәм тәбият пенен өз-ара үйлестире алған мәмлекет сыпатында билемиз.
Президентимиздиң 19-20-декабрь күнлери Японияға рәсмий сапары және өткерилген жоқары дәрежедеги сөйлесиў ҳәм ушырасыўлар, халықаралық көлемдеги илажлар мәмлекетлеримиз бирге ислесиўин пүткиллей жаңа басқышқа алып шығыўы менен тарийхый әҳмийетке ийе болды.
Жаңа әўлад санлы технологияларын жаратыў, жасалма интеллект, таў-кән санааты ҳәм қайта ислеў, қуяш, самал, жасыл водород сыяқлы альтернатив энергия дәреклерине өтиў бағдарында бүгин Япония үлкен нәтийжелерге ериспекте. Усы мәниде келешек раўажланыўын мине усы тараўлардың раўажланыўы менен байланыстырып атырған Өзбекстан Япония менен бирге ислесиў байланысларын ҳәр тәреплеме кеңейтиўи және де кең имканиятларды ашады.
Мәмлекетимиз басшысы Япония Императоры Нарухито менен ушырасыў ўақтында өзбек ҳәм япон халықларының менталитети жақынлығы, үрп-әдет ҳәм шаңарақлық қәдириятларының уқсаслығын бийкарға атап өтпеди. Жаңа Өзбекстандағы артқа қайтпайтуғын реформаларды бүгин Япония да избе-из қоллап-қуўатламақта.
Президентимиз сапар даўамында Токиода болып өткен "Орайлық Азия + Япония" сөйлесиўиниң биринши саммитинде қатнасты. Регионымыздың барған сайын кеңейип атырған көп қырлы форматтағы байланысларында "Орайлық Азия + Япония" сөйлесиўи бул процесске өзине тән жаңа нәпес алып кириўи күтилмекте. Саммит даўамында мәмлекетимиз басшысы алға қойған әҳмийетли баслама ҳәм усыныслар да буны айқын тастыйықлайды.
Бәринен бурын, Орайлық Азия регионының күншығыс ели менен бул жаңа форматтағы байланысының перспективасы жарқын, деп болжаў мүмкин. Бириншиден, регионымыздың бай тәбийғый ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, таў-кән санааты, сийрек гезлесетуғын металларды қайта ислеў бағдарында Япония технологиялары жаңа имканиятлар есигин ашады.
Екиншиден, "жасыл" энергия тармақларын кеңейтиў, атмосфера ҳаўасының тазалығына ерисиў, санлы технологиялар бойынша Япония тәжирийбеси биз ушын ҳәр тәреплеме жақын ҳәм қолайлы есапланады.
Үшиншиден, тарийхый тамырларға ийе болған билимлендириў, кадрлар таярлаў, қәнигелер тәжирийбе алмасыўы жаңа бағдар ҳәм тараўларда даўам етеди.
Соның ушын да "Орайлық Азия + Япония" қарым-қатнасының биринши саммитиниң күн тәртибинен ҳәзирги күнде әҳмийетли болып турған мәселелер орын алды. "Жасыл экономика" ҳәм турақлы раўажланыў, өз-ара байланыслылық ҳәм регионаллық бирге ислесиўди беккемлеў, инсан ресурсларын раўажландырыў сыяқлы тийкарғы тараўларда өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў перспективалары додаланды.
"Орайлық Азия +" сөйлесиўиниң интакери Япония есапланады. Буннан жигирма жыл бурын әйне күншығыс ели биринши мәрте усы форматтағы сөйлесиўдиң басламашысы болғанын мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде айрықша атап өтти. Президентимиздиң атап өткениндей, Уллы жипек жолы дәўиринен берли раўажлана баслаған тығыз саўда ҳәм мәдений байланыслар, уқсас дәстүр ҳәм үрп-әдетлер, руўхый, мәдений ҳәм шаңарақлық қәдириятлар Орайлық Азия ҳәм Япония арасында көп қырлы бирге ислесиўди раўажландырыў ушын беккем тийкар болып есапланады.
Саммитте Өзбекстан жетекшиси "жасыл" раўажланыў, соның ишинде, "жасыл" энергетика ҳәм "жасыл" трансформация мәселелерине регионымыз ҳәм Япония жәмийетшилигиниң итибарын қаратты. Бүгин дүньяның көпшилик мәмлекетлери ушын әҳмийетли болып турған климат өзгериўи, экологиялық машқалалар, атмосфера ҳаўасының патасланыўының алдын алыў бойынша келешекте әмелге асырылыўы зәрүр болған ўазыйпаларды санап өтти. Әйне бул бағдарда Япония тәжирийбеси тән алынды. Бул мәмлекет зыянлы газлердиң атмосфераға шығарылыўын толық сапластырыўға ерисиў бағдарындағы ўазыйпаларды орынлаўда дүньяда жетекши болып есапланады.
"Биз Өзбекстанда зәҳәрли газлердиң шығарылыўын 2035-жылға барып 50 процентке қысқартыў, 2030-жылға барып улыўма генерацияда "жасыл" энергия үлесин 54 процентке жеткериўди мақсет етип қойғанбыз. Энергетикалық өтиў ҳәм "жасыл" энергетиканы раўажландырыў бойынша нәтийжели ыссылық станциялары, қуяш ҳәм самал энергиясы қурылмаларын қурыў, когенерация, шығындыларды қысқартыў, зыянлы газлерди услап қалыў ҳәм пайдаланыў технологияларын енгизиў сыяқлы анық жойбарларды биргеликте ислеп шығыўды усыныс етемиз", деди Өзбекстан басшысы. Соның менен бирге, Ташкентте қайта тикленетуғын энергетика тараўында қәнигелерди таярлаў бойынша регионаллық орайды шөлкемлестириў усынысын билдирди.
Мәмлекетимиз кейинги жыллары бул бағдарда салмақлы реформаларды баслады. Мәмлекетимиз басшысының "Экология ҳәм туризм тараўларында халықтың талапларына жедел жуўап бере алатуғын басқарыў системасын жаратыў илажлары ҳаққында"ғы пәрманы және "Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитетиниң жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында"ғы қарары қабыл етилди. Экология, қоршаған орталықты қорғаўдың жедел ҳәм нәтийжели басқарыўы қәлиплестирилди. Басқаша етип айтқанда, мәмлекетимиз тарийхында экосистеманы басқарыў бағдарында пүткиллей жаңа, стратегиялық дәўирге тийкар салынды. Өзбекстан Экологиялық партиясы ҳәм парламенттеги фракциясы бул бағдарда нәтийжели жәмийетлик ҳәм парламентлик қадағалаўды алып бармақта.
Японияның "Жасыл трансформация" басламасы регион мәмлекетлери тәрепинен қабыл етилген Орайлық Азия ушын "Жасыл күн тәртиби" бағдарламасын әмелге асырыўда үйлесимли ҳәм үнлес екени атап өтилди. Соннан келип шығып, Өзбекстан басшысы регионда ҳаўа сапасын жақсылаў бойынша атмосфераға шығарылып атырған газлерди мониторинг етиў, фильтрлеў ҳәм азайтыў, халық ушын және де турақлы ҳәм қәўипсиз экологиялық орталықты жаратыў ушын алдыңғы шешимлерди қолланыўға қаратылған биргеликтеги бағдарламаны иске қосыў, климаттың өзгериўине қарсы гүресиў ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўында, Аралбойының экологиялық машқалаларын шешиўге жәрдемлесиў ҳәм суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў бойынша жойбарларды қамтып алатуғын биргеликтеги ҳәрекетлер бағдарламасын қабыл етиў, сөйлесиў шеңберинде қоршаған орталықты қорғаў уйымлары басшыларының жаңа түрдеги ушырасыўларын шөлкемлестириў усынысын билдирди.
Бул шегара билмес экологиялық машқалаларға биргеликте нәтийжели гүресиўде әйне мақсетке муўапық болып табылады. Себеби бүгин атмосфераға шығарылып атырған зәҳәрли газлер машқаласына тек ғана бир мәмлекет ямаса регионның машқаласы сыпатында қараў керек емес. Ямаса Аралбойының экологиялық машқалалары регионлар шегарасынан да шығып атырғаны күндей анық. Соның ушын бул машқалаларға "Орайлық Азия + Япония" сыяқлы үлкен сөйлесиў форматында жуўап изленип атырғаны ең ақылға уғрас, дурыс жол болып есапланады.
Жәҳән геологиялық картасында Орайлық Азия регионы да сейсмикалық актив аймақлар категориясында турады. Япония болса сейсмология бойынша бир қанша қәўипли апатшылықларды басынан өткерген, бул машқалаға шешим табыўда үлкен тәжирийбе топлаған мәмлекет. Сонлықтан, Президентимиз Японияның сейсмикалық қәўипсизлик тараўындағы үлкен тәжирийбесин есапқа алып, Сейсмикалық турақлылықты баҳалаў ҳәм әмелге асырыў бойынша биргеликтеги бағдарламаны иске қосыў усынысын билдирди.
Улыўма, бул саммит сиясий, экономикалық, турақлы раўажланыў, инвестиция, санлы технологиялар, транспорт-логистика, илим-билимлендириў ҳәм басқа да әҳмийетли тараўларда өз-ара бирге ислесиў бойынша конструктивлик сөйлесиў майданы болды. Өзбекстан жетекшиси билдирген усыныслардың барлығы қатнасыўшы мәмлекетлер тәрепинен жедел қоллап-қуўатланғанын болса күшли прагматикалық дипломатияның және бир айқын көриниси, деп айтыў мүмкин.
Японияға сапар етиўдиң және бир итибарлы тәрепи усы елдиң саўда-экономикалық, бизнес тараўы ўәкиллериниң Өзбекстанға жедел қызығыўшылығы болды. Президентимиз тараў жетекшилери, ири бизнес ўәкиллери, инвесторлар менен ушырасыў даўамында Өзбекстанда олар ушын жаратылып атырған қолайлы шараятларға айрықша тоқтап өтти.
Күншығыс мәмлекети менен Өзбекстан арасында парламентлераралық бирге ислесиў айрықша орын ийелейди. Еки мәмлекет парламент делегациялары арасындағы өз-ара сапар етиў ҳәм ушырасыўлар жедел түс алған. Парламентлерде дослық топарлары жедел ислемекте.
Президентимиздиң Токиоға сапары даўамында Япония парламентиниң Ўәкиллер палатасының спикери Фукуширо Нукага, парламенттиң Мәсләҳәтшилер палатасының президенти Масаказу Секигучи менен ушырасыўы оғада қызғын ҳәм өз-ара конструктивлик руўхта өткенине гүўа болдық. Бул сөйлесиўлер парламентлер комитетлери, халық депутатлары жергиликли кеңеслери ҳәм Япония префектуралары ассамблеялары арасында бирге ислесиўди орнатыў, сондай-ақ, санлы технологиялар ҳәм жасалма интеллект тараўында нызам дөретиўшилигин жолға қойыўда жаңа имканиятларға тийкар болатуғыны сөзсиз.
Абдушукур ХАМЗАЕВ,
Олий Мажлис Нызамшылық палатасы фракциясы баслығы