"Дунё" ХАның хабар бериўинше, илажларда Өзбекстан инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги басқарма баслығы Азизбек Салаҳиддиновтың басшылығындағы мәмлекетимиз исбилермен топарларының ўәкиллеринен ибарат делегация қатнасты.

Аўғанстан санаат ҳәм саўда министриниң орынбасары Аҳмадуллоҳ Зоҳид илаждың ашылыў бөлиминдеги шығып сөйлеген сөзинде, халықларымыз арасында узақ өтмишке барып тақалатуғын әзелий дослық байланыслары ҳәм уқсас миллий үрп-әдетлер еки мәмлекет исбилерменлериниң байланысларын беккемлеў үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтти. Ол Өзбекстан басшысының сиясий ерк-ықрары ҳәм умтылыслары узақ тарийхқа ийе жақын қоңсышылық, мәмлекетлеримиз арасындағы сиясий, саўда-экономикалық, транспорт коммуникациялары, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да тараўлардағы бирге ислесиўди жеделлестириўге хызмет етип атырғанын билдирди.

"Өзбекстан ҳәм Аўғанстан арасындағы саўда-экономикалық байланысларды раўажландырыў ушын бизнес-форум ҳәм В2В түриндеги ушырасыўларды турақлы өткериўди қоллап-қуўатлаймыз. Соның ишинде, усы жылдың 25-27-февраль күнлери Ташкент қаласында өткерилетуғын "26-қурылыс материаллары ҳәм үй безеклери" көргизбесинде 21 аўған исбилерменлери қатнасыўға қызығыўшылық билдирмекте", - деди Аҳмадуллоҳ Зоҳид.

Аўғанстан Саўда ҳәм инвестиция палатасының баслығы ўазыйпасын атқарыўшы Муҳаммад Юнус Моманд, өз гезегинде, Өзбекстан ҳәм Аўғанстан арасындағы саўда-экономикалық қатнасықлардың ҳәзирги жағдайын жоқары баҳалады. "Биз аўған бизнеси ўәкиллерине өзбекстанлы шериклер менен ислесиўи ушын берилип атырған жеңилликлер ушын Өзбекстан басшылығына миннетдаршылық билдиремиз. Мәмлекетлеримиз арасындағы жақын қоңсышылық ҳәм өз-ара бирге ислесиў байланысларының беккемленип атырғаны еки мәмлекет саўда айланысының көлемин арттырыўға да үлкен үлес қосып атырғанын атап өтиў керек", - деди ол.

Өзбекстан елшиси Ойбек Усмонов өзиниң баянатында, Өзбекстанда сырт ел инвесторлары ушын жаратылған имканиятлар ҳәм оларға берилип атырған жеңилликлер ҳаққында толық айтып берди.

Жедел ҳәрекетлер нәтийжесинде Өзбекстан-Аўғанстан саўда айланысы 2024-жылы 1,1 миллиард АҚШ долларынан артқанына итибар қаратылды.

Илаж соңында еки мәмлекет исбилермен топарларының ўәкиллери қатнасыўында В2В түриндеги сөйлесиўлер шөлкемлестирилди. Оларда бир қатар әҳмийетли келисимлерге ерисилди.