Әсиресе, ҳаял-қызлардың ҳуқықый қорғалыўы, социаллық белсендилигин арттырыў, экономикалық еркинлигин тәмийинлеў, олардың мәмлекетлик басқарыў, бизнес, илим ҳәм жәмийетлик турмыста белсене қатнасыўы ушын кең имканиятлар жаратылмақта. Ҳаял-қызлар ушын билимлендириў, исбилерменлик, кәсип-өнер үйрениў, денсаўлықты сақлаў ҳәм шаңарақлық орталықта ҳуқықый кепилликлерди беккемлеў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарына айланды.
Регионымызда мың жыллар даўамында қәлиплесип келген миллий мәмлекечтшилик дәстүрлери, халқымыздың әдиллик, инсап ҳәм ҳүрмет сыяқлы уллы қәдириятларға сүйенген турмыслық философиясы бүгинги күнде әмелге асырылып атырған демократиялық реформалардың руўхый тийкары болып хызмет етпекте. Бул тарийхый ҳәм өзгермейтуғын принциплер мәмлекетлик басқарыўда, жәмийетлик турмыста инсан ҳуқықлары, абырайы ҳәм қәдир-қымбаты үстин болыўы кереклигин уқтырады. Мине, усы жоқары ой-пикир ҳәм халқымыздың тарийхый жоқары ҳуқықый санасы бүгинги күн реформаларының руўхы менен уқсас болып есапланады.
Уллы ойшылларымыз әсирлер даўамында инсан мәпин улығлаў, шаңарақ ҳәм жәмийет турақлылығын тәмийинлеўди барлық жумыслардың орайына қойып келген. Бүгин болса әне усы тарийхый мийрас, халқымызға тән әдиллик ҳәм адамгершилик принциплери жаңаланған Конституциямыздың мазмун-мәнисинде және де толық, заманагөй ҳуқықый норма сыпатында өз көринисин таппақта.
Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың баслы мақсети - жәмийетте әдиллик ҳәм теңлик принциплерин енгизиў, инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин нәтийжели тәмийинлеў, сондай-ақ, Бас нызамымызда белгиленген конституциялық принциплерди турмысқа енгизиўден ибарат. Быйыл 8-март - Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен бир топар ҳаял-қызларды сыйлықлаў салтанатлы мәресиминде: "Жаңаланған Конституциямыздағы социаллық мәмлекет принципине муўапық, ҳаял-қызларды социаллық қорғаў да жаңаша шөлкемлестирилмекте", - деп атап өткен еди мәмлекетимиз басшысы.
Ҳақыйқатында да, халқымыздың ҳуқықый санасы ҳәм сиясий белсендилигиниң жоқары үлгиси сыпатында улыўмахалықлық референдум арқалы жаңадан қабыл етилген Өзбекстан Республикасы Конституциясы мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыста инсан мәплерине хызмет ететуғын стратегиялық бағдарлар комплекси болып есапланады. Онда халықтың тиккелей қатнасыўында алға қойылған усыныс ҳәм басламалар, демократиялық қәдириятлар, инсан ҳуқықлары, шаңарақ, перзентлер, ҳаял-қызлар, социаллық қорғаў ҳәм инсан қәдирин улығлайтуғын бир қатар жаңа нормалар өз көринисин тапты. Конституцияға киргизилген бул жаңалықлар тек ғана ҳуқықый кепилликлерди беккемлеп қоймастан, ал "инсан - жәмийет - мәмлекет" принципи тийкарында қорғаў механизмин жаңа басқышқа көтерди.
Соның менен бирге, мәмлекетимизде ҳаял-қызлардың мәплерин тәмийинлеў, олардың экономикалық белсендилигин арттырыўға қаратылған жумыслар және де избе-из даўам етпекте. Президентимиз тәрепинен усы ҳәптеде, анығырақ айтқанда, 4-декабрь күни қол қойылған "Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы пәрман да бул бағдардағы әмелий қәдемлердиң логикалық даўамы болды. Бул ҳүжжет ҳаял-қызларды кәсип-өнерге оқытыў, исбилерменлик жумысын бирлемши жолға қойыў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеўди буннан былай да кеңейтиўге хызмет етеди.
Пәрманға муўапық, мәҳәллелердеги ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм саламатлығын беккемлеў орайларының жумысы және де раўажландырылып, олар арқалы ҳаял-қызларға тигиўшилик, кондитерлик, фитнес, шейпинг, кәсип-өнерге оқытыў сыяқлы бағдарларда қолайлы шараятлар жаратылады. Сондай-ақ, 2026-2027-жылларда “Hamroh” ҳаял-қызлар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў компаниясы тәрепинен 6 мың ҳаял-қызлардың жойбарларын қоллап-қуўатлаў ушын 2 триллион сум ажыратылыўы, 2,8 мың ҳаялдың исбилерменликке оқытылыўы ҳәм 2 мыңының әмелиятта бирге ислесиў тийкарында қоллап-қуўатланыўы белгилеп қойылды.
Бул пәрман ҳаял-қызлардың экономикалық еркинлигин беккемлеў, олардың пайда болып атырған басламаларын әмелий жақтан хошаметлеў ҳәм исбилермен ҳаял-қызлардың қатарын және де кеңейтиўде әҳмийетли ҳуқықый тийкар болып хызмет етеди.
Әлбетте, Бас нызамымызда белгиленген "инсан, оның өмири, еркинлиги, абырайы, қәдир-қымбаты ҳәм басқа да ажыралмас ҳуқықлары жоқары қәдирият есапланады", деген принцип бүгинги реформалардың баслы нормасына айланып үлгерди. Бул инсан қәдир-қымбатының жоқары екени, оның ҳуқықлары менен мәплериниң жоқары дәрежеде қорғалыўы, қала берди, шаңарақ институты, ҳаял-қызлардың жәмийетте тутқан орны менен абырайын арттырыў, олар ушын мүнәсип турмыс шараятларын жаратыўға қаратылған ийгиликли мақсетлерди де өзинде жәмлейди. Себеби, шаңарақтың турақлылығы ҳәм абаданлығы - жәмийеттиң раўажланыўы, миллеттиң раўажланыўы ҳәм келешек әўладтың жетиклигин тәмийинлеўши әҳмийетли фактор болып есапланады.
Ҳақыйқатында да, инсан қәдири, оның ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў - жаңа Өзбекстан раўажланыўының бас принциплеринен болып есапланады. Усы мәнисте, ҳаял-қызлардың мийнет етиўи, өз потенциалын көрсетиўи, шаңарақ ҳәм жәмийетлик турмыста мүнәсип орын ийелеўи ушын ҳуқықый тийкарлар жаратылды ҳәм әмелиятқа кеңнен енгизилмекте. Жаңаланған Конституциямыздың 42-статьясында белгиленгениндей, ҳәр бир шахс қәўипсиз, қолайлы ҳәм кемситиўлерсиз мийнет шараятында ислеў, әдалатлы ҳақы алыў ҳуқықына ийе. Әсиресе, бул бәнттеги "Ҳәмиледарлығы ямаса баласы барлығы себепли ҳаял-қызларды жумысқа қабыл етиўден бас тартыў, жумыстан босатыў ҳәм мийнет ҳақысын азайтыў қадаған етиледи", деген конституциялық норма ҳаял-қызлардың мийнет базарындағы позициясын беккемлемекте. Бул ҳуқықый кепилликтиң әмелий орынланыўы сыпатында кейинги жылларда дерлик 300 мың ҳаял-қыз кәсип-өнер, исбилерменлик ҳәм мәлимлеме технологиялары тараўларында оқытылды, 15 триллион сумнан аслам кредит қаржысы тийкарында 203 мың ҳаял-қыз өз бизнесин жолға қойды, 820 бәнтлик ҳәм саламатлық орайы жумыс баслады. Бул тек ғана экономикалық ғәрезсизлик емес, ал ҳаял-қызлардың социаллық белсендилигин арттырыўға қаратылған конституциялық кепилликлер турмысқа енгизилип атырғанының айқын дәлили болып есапланады.
Жәмийетте ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлардың тең ҳуқықлы қатнасыўын тәмийинлеў, олардың мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўда белсенди болыўы - демократиялық ҳуқықый мәмлекеттиң әҳмийетли өлшемлеринен бири. 58-статьяда белгилеп қойылған "Ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар тең ҳуқықлы" деген қағыйда бүгин турмыста избе-из жүзеге шығып, оны әмелге асырыў ушын институционаллық механизмлер қәлиплестирилди.
Соның ишинде, министрликлер ҳәм уйымларда гендер мәсләҳәтшиси кеңеслери 155 тен 4000 ға шекем көбейди, ҳаял-қызлардың мәмлекетлик басқарыў системасына кирип барыўы, сиясий белсендилигин арттырыў ушын илажлар әмелге асырылмақта.
Билимлендириў тараўында да унамлы нәтийжелер бақланбақта: жәрдемге мүтәж шаңарақлардың қызлары ушын грантлардың саны еки есеге арттырылды, 3933 ҳаял-қыз мәмлекетлик грант, 845 и төлемли-контракт тийкарында жоқары билимлендириўге қабыл етилди, 200 мыңнан аслам ҳаял-қызлар жоқары билимлендириў мәкемелерине қәдем қойды. Бул көрсеткишлер теңлик сиясаты тек ғана нызамларда емес, ал турмыста әмел етип атырғанын көрсетпекте.
Сыр емес, турақлылық ҳәм раўажланыўдың ең тийкарғы өлшеми - беккем шаңарақ. Елимизде шаңарақлардың абаданлығы, жас әўладтың ҳәр тәреплеме камалға келиўи, ҳаял-қызларды ҳуқықый ҳәм социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў социаллық сиясатымыз, раўажланыў стратегиямыздың тийкарғы бағдарына айланды.
Мәселен, 76-статьяда "Шаңарақ жәмийеттиң тийкарғы буўыны болып есапланады ҳәм ол жәмийет ҳәм мәмлекет қорғаўында болады", деп беккемлеп қойылғаны да мине усы ийгиликли мақсетлердиң ҳуқықый тийкарын белгилеп берди. Әйне усы конституциялық принципке сүйенген ҳалда мәмлекет бойлап 201 "Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәканы", "Жасларды шаңарақлық турмысқа таярлаў орайлары" ҳәм "Жуўапкерли ата-аналық" жойбарлары әмелге асырылмақта. Олар арқалы жаслардың өмирге таярланыўы, психологиялық ҳәм ҳуқықый жәрдем алыўы ушын кең имканиятлар жаратылды.
Усы жылы 100 мыңға шамалас жаслар шаңарақлық турмысқа таярлық курсларына тартылғанын, 5,5 миллионнан аслам туўыў жасындағы ҳаял-қызлар медициналық тексериўден өткерилгенин атап өтиў керек. Буны 78-статьяда белгиленген "Аналық, аталық ҳәм балалық мәмлекет тәрепинен қорғалады" деген конституциялық принциптиң әмелде сәўлеленип атырғаны менен байланыстырыў мүмкин.
Мийнетке жарамсыз ҳәм жалғыз кекселер, майыплығы болған шахслар ҳәм халықтың социаллық жақтан жәрдемге мүтәж басқа да категорияларына жәрдемлесиў, социаллық жәрдемди әдил, анық мәнзилли ҳәм ашық-айдын тәризде шөлкемлестириў мақсетинде "Темир дәптер", "Ҳаял-қызлар дәптери", "Жаслар дәптери" сыяқлы пүткиллей жаңа ҳәм өзине тән механизм жаратылды.
Тек ғана "Ҳаял-қызлар дәптери" менен ислесиў системасы арқалы 2021-2025-жылларда 4,5 миллион жәрдемге мүтәж, кем тәмийинленген ҳаял-қызларға әмелий жәрдемлер көрсетилди.
Ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў имканиятларын кеңейтиў мақсетинде елимизде мектепке шекемги билимлендириў системасының жумысын күшейтиўге айрықша итибар қаратылды. Нәтийжеде балаларды мектепке шекемги билимлендириў менен қамтып алыў дәрежеси 2018-жылы 38 процентти қураған болса, реформалар нәтийжесинде 78 процентке жеткерилди.
Бюджет шөлкемлеринен тысқары барлық юридикалық тәреплерде ақырғы 6 ай даўамында үзликсиз жумыс стажына ийе болған ҳаялларға ҳәр ай ушын минимал тутыныў қәрежетлериниң муғдарынан келип шыққан ҳалда Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан ҳәмиледарлық ҳәм туўыў напақасын тайынлаў және төлеў тәртиби белгиленди. Онда хызметкердиң перзенти туўылғанға шекем минимал тутыныў қәрежетиниң 4 есеси муғдарында напақа төлениўи атап өтилди. Усы мақсетте Социаллық қамсызландырыў қорынан 56,6 миллиард сумнан аслам қаржы жеке меншик секторларда ислейтуғын ҳаял-қызларға ҳәмиледарлық ҳәм туўыў напақасы түринде төлеп берилди.
Кешки сменада ҳаял-қызлар ислейтуғын шөлкемлер жанында шөлкемлестирилетуғын мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми тәрбияшыларының мийнет ҳақы қәрежетлерин қаплаў ушын Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан субсидия төлеп берилмекте.
Күш көрсетиў ҳәм зорлықтан жәбирленген ҳаял-қызларды мәмлекет қорғаўына алыў, қорғаў ордерин бериў механизми жаратылды.
Гендерге байланыслы зорлықтың алдын алыў мақсетинде нызамшылыққа шаңарақлық (турмыслық) зорлық, тәсил етиў және шахстың абырайы ҳәм қәдир-қымбатын кемситетуғын және инсан турмысының сыр сақланатуғын тәреплерин сәўлелендиретуғын мағлыўматларды жәриялаў бойынша өз алдына статьялар киргизилди.
Басым ҳәм зорлықтан жәбир көрген, аўыр социаллық жағдайға түсип қалған ҳаял-қызларға социаллық-ҳуқықый, психологиялық жәрдем көрсетиў, оларды мәнзилли қоллап-қуўатлаў мақсетинде Ҳаял-қызларды реабилитациялаў ҳәм бейимлестириў орайлары жумыс алып бармақта.
Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети және оның аймақлық бөлимлери ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў мақсетинде судларға берилген шағымлар бойынша мәмлекетлик бажы төлеўден азат етилди. Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң басшыларына ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин тәмийинлеў және шаңарақты беккемлеў бағдарындағы нызамшылық ҳүжжетлериниң бузылыўы, оларды келтирип шығарып атырған себеп ҳәм шараятларды сапластырыў бойынша көрип шығылыўы мәжбүрий болған усыныслар киргизиў белгиленди.
Буннан тысқары, ҳаял-қызларды кепиллик тийкарында мүддетинен алдын жазадан азат етиў системасы жаратылды.
Жуўмақ орнында атап өтиў керек, жаңаланған Конституцияда белгиленген принциплер ҳәм жаңа нормалар ҳуқықый ҳүжжетлер топламы болыўы менен бирге, жаңа Өзбекстанның раўажланыўының инсан қәдирин улығлаўға қаратылған жол картасы да болып есапланады. Ҳаял-қызлар ушын жаратылған ҳуқықый, экономикалық ҳәм социаллық кепилликлер олардың жәмийетте мүнәсип орын ийелеўи, өз потенциалын толық көрсетиўи ҳәм турақлы раўажланыў процесслеринде белсене қатнасыўы ушын беккем тийкар жаратпақта. Бүгин ҳаял-қызлар реформалардың әмелий орынлаўшысы, жәмийет раўажланыўының белсенди дөретиўшисине айланбақта. Конституцияда беккемленген ҳуқық ҳәм жеңилликлер болса ҳаял-қызлардың ой-пикириндеги өзгерислер, жәмийеттеги белсендиликтиң артыўы ҳәм жаңа әўладтың жоқары билимли, интакер ҳәм ўатансүйгиш болып өсиўине хызмет ететуғын турақлы ҳуқықый тийкар болмақта.
Жаңа Өзбекстан раўажланыўының тийкарғы өлшеми - инсан қәдири, ҳуқық кепиллиги ҳәм жәмийет абаданлығын тәмийинлеўден ибарат екен, бул процессте ҳаял-қызларды ҳуқықый, экономикалық ҳәм социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў усы үлкен мақсетлердиң үзликсиз даўамы сыпатында келешектеги реже ҳәм мақсетлеримиздиң тийкарын қурайды. Өйткени, елимизде әдиллик үстинлиги, инсан қәдирин улығлаў, шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлардың мәплерин қорғаў бағдарындағы реформалар халқымыз әзелден қәдирлеген "бир жағадан бас шығарыў", "күш бирликте" сыяқлы миллий идеяларды өзинде сәўлелендирген, раўажланыўға умтылып атырған халықтың ерк-ықрарын билдиреди.
Зулайҳа МАҲКАМОВА,
Бас министр орынбасары - Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы




