Сапар даўамында экологиялық экспертиза, қоршаған орталыққа тәсирди баҳалаў системаларын жетилистириў, сондай-ақ, стратегиялық экологиялық баҳалаў ҳәм углерод нейтраллығын тәмийинлеў бағдарларында бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери додаланбақта.
Сапар етиў шеңберинде Экология министрлиги Мәмлекетлик экологиялық экспертиза орайы ҳәм Корея Республикасы Қоршаған орталық институты арасында өз-ара түсинисиў меморандумына қол қойылды.
Бул меморандумда төмендегилер нәзерде тутылған:
- қоршаған орталыққа тәсирди баҳалаў системасын жетилистириў;
- жәмийетшиликти экологиялық қарарлар қабыл етиў процесслерине кеңнен тартыў;
- стратегиялық экологиялық баҳалаў тараўында қоспа жойбарларды әмелге асырыў арқалы бирге ислесиўди кеңейтиў;
- тараўдағы миллий нызамшылықты халықаралық стандартларға муўапықластырыў механизмлерин жаратыў;
- углерод изин азайтыўға қаратылған пилот жойбарларды әмелге асырыў;
- хызметкерлердиң маманлығын арттырыў бойынша оқыў-семинарларды шөлкемлестириў;
- KOICA тәрепинен қоллап-қуўатланып атырған "Технологиялық базаны жетилистириў ҳәм алдынғы мониторинг системасы технологияларын енгизиў арқалы Өзбекстанда қоршаған орталыққа тәсирди баҳалаў ҳәм стратегиялық қоршаған орталықты баҳалаў системасын беккемлеў" жойбар концепциясы бойынша бирге ислесиўди раўажландырыў.
Сапар даўамында қоршаған орталыққа тәсирди баҳалаў ҳәм стратегиялық экологиялық баҳалаў процесслериниң нәтийжели механизмлери, жәмийетшиликтиң қоршаған орталыққа байланыслы мағлыўматларға ийе болыўы ҳәм жәмийетлик тыңлаўлардың нәтийжели ҳуқықый тийкарлары, экологиялық мониторинг ушын реал ўақытта мағлыўмат алыўға мөлшерленген интеграцияласқан бирден-бир санлы система жаратыў нәзерде тутылған.
Қалаберди, қоршаған орталықты қорғаў тараўындағы миллий нызамшылықты халықаралық стандартларға муўапықластырыў, Корея Республикасының углерод изин азайтыў бойынша тәжирийбесин үйрениў ҳәм бул бағдарда Өзбекстанда нәтийжели системаны жолға қойыў бағдарында керекли мағлыўматларды алыў ҳәм тәжирийбени арттырыў мақсет етилген.