Корея аманатларын қамсызландырыў корпорациясы (KDIC) Орайлық банк пенен бирге ислесиўди кеңейтеди

    28 қараша 2024 274

    Орайлық банкте Қубла Кореяның Өзбекстандағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Вон До Ён менен ушырасыў болып өтти.

    Ушырасыўда Корея аманатларын қамсызландырыў корпорациясы (KDIC) жәрдеминде Өзбекстан Республикасы пуқараларының банклердеги аманатларын кепиллеў қорының жумысын трансформациялаў бойынша биргеликтеги жойбардың дәслепки нәтийжелери додаланды.

    Атап өтилгениндей, қор жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеў, сондай-ақ, халыққа төлемлерди санластырыў халықтың аманатларын қамсызландырыў системасына болған исенимин арттырыўда үлкен әҳмийетке ийе.

    Өз гезегинде, биргеликтеги жойбар нәтийжелерине бола, Корея Республикасының тийисли уйымлары менен биргеликте әмелге асырылатуғын қор жумысын буннан былай да жетилистириў бойынша усыныслар алыныўы режелестирилген, деп хабар береди Орайлық банк баспасөз хызмети.

    No date selected
    January 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates