Реформалардың нәтийжелилиги болса жәмийетте нызамлылықтың толық тәмийинлениўи, коррупциядан жырақ орталық жаратылыўына тиккелей байланыслы. Мәмлекетимиз басшысының сөзи менен айтқанда, реформалар жолындағы ең үлкен тосқынлық ҳәм иркиниш бул - коррупция.
Коррупция кеше ямаса бүгин пайда болған, тек ғана бир мәмлекетке тән иллет емес. Бул иллет барлық мәмлекет ҳәм жәмийетлердиң турмысына тәсир ететуғын глобал ҳәдийсеге айланған. Сонлықтан, коррупцияның алдын алыў ҳәм оған пүткиллей шек қойыў барлық мәмлекеттиң биринши дәрежели ўазыйпасы болып есапланады.
Раўажланыўымыздың жаңа басқышында коррупцияға қарсы гүресиўге айрықша кирисилди. Ҳәттеки коррупцияға қарсы гүресиўге байланыслы нызам да болмаған бир шараятта Президентимиз пүткил жәмийетти бул иллетке қарсы гүресиўге мобилизациялады.
Қысқа дәўирде бул бағдарда ҳуқықый тийкарлар ҳәм анық система жаратылды, барлық шөлкемлестириў мәселеси шешилди. 80 нен аслам нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет, атап айтқанда, 5 нызам, 30 дан аслам пәрман ҳәм қарар, 4 мәмлекетлик бағдарлама қабыл етилди.
Парламент палаталарында тиккелей усы мәселе менен шуғылланатуғын арнаўлы комитетлер, халық депутатлары жергиликли кеңеслеринде турақлы комиссиялар, барлық уйымлардың жумысын муўапықластырыўшы Миллий кеңес, арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйым - Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги шөлкемлестирилди.
Мәмлекетлик басқарыў системасы, мәмлекетлик хызметлер көрсетиў тәртип-қағыйдалары түп-тийкарынан жетилистирилди. Барлық мәмлекетлик уйымлардың ашық-айдын жумыс алып барыўына ерисилди.
"Коррупциясыз тараў", "Коррупциясыз аймақ" жойбарлары, "Комплаенс қадағалаў", "Жәмийетлик қадағалаў" сыяқлы пүткиллей жаңа механизмлер енгизилгени де өзиниң унамлы нәтийжелерин бермекте. Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм ашық-айдынлық бағдарындағы жумысларының нәтийжелилигин рейтинг баҳалаў, коррупциялық қәўип-қәтерлерди мәжбүрий анықлаў ҳәм баҳалаў системалары жолға қойылды.
Әҳмийетли тәрепи, коррупцияға қарсы гүресиўге тек ғана ҳуқық қорғаў уйымлары емес, ал барлық министрликлер ҳәм уйымлар, кең жәмийетшилик те толық тартылды. Әсиресе, ғалаба хабар қуралларының бул бағдардағы орны ҳәм тәсири артып атырғаны да үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
Қысқасы, коррупцияға қарсы гүрес улыўма миллий ҳәрекетке айланды. Нәтийжелер көлеми ҳаққында болса узақ айтыў мүмкин. Буны халқымыз да, халықаралық жәмийетшилик те тән алмақта.
Бир ғана мысал: соңғы жәрияланған “Open data inventory” ашық мағлыўматлар рейтингинде Өзбекстан 15 текше көтерилип, дүнья бойынша 30-орынды, Орайлық Азияда болса 1-орынды ийеледи.
Бирақ коррупцияға қарсы гүресиў процеси белгили бир ўақыт пенен белгиленбейди, оған маўасасызлық қатнасы турақлы ҳәрекетлерди талап етеди. Себеби, жедел өзгерислер әсири болған ҳәзирги дәўирде, тилекке қарсы, коррупцияның жаңадан-жаңа көринислери, қурамалы схемалары пайда болмақта, географиясы да кеңеймекте.
Тек ғана өткен жылы коррупциялық қылмыслары ушын 4906 лаўазымлы шахс жуўапкершиликке тартылғаны, олардан 2,3 триллион сум зыян өндирилгени де еле машқалалар бар екенлигин көрсетпекте.
Бул болса коррупцияның тек ақыбетлери менен гүресиў емес, оған имкан берген себеп ҳәм факторларды түп-тамырынан жоқ ететуғын превентивлик илажларды күшейтиў зәрүрлигин аңлатады. Коррупцияға қарсы миллий сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында коррупцияның алдын алыўға байланыслы илажларды әмелге асырыў болып табылады.
Халықаралық экспертлердиң пикиринше, бул иллетти тек ғана нызамлар қабыл етиў ҳәм жаза илажларын күшейтиў менен сапластырыў мүмкин емес. Буның ушын жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў ҳәм жәмийеттиң коррупцияға қарсы руўхый иммунитетин арттырыў да зәрүр.
Усы көзқарастан, Коррупцияға қарсы гүресиў миллий кеңесиниң усы жыл 5-март күни Президентимиздиң қатнасыўында болып өткен мәжилиси бул бағдардағы әҳмийетли тарийхый ўақыя болды. Қалаберди, бул илаж дүнья көлеминде Өзбекстанда коррупцияға қарсы гүресиў мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилгенин және бир мәрте көрсетип берди.
Мәжилисте мәмлекетимиз басшысының коррупцияға қарсы гүресиў бойынша алға қойған басламалары бул бағдардағы жумысларды жаңа басқышқа алып шығыў ушын беккем тийкар жаратты.
Әлбетте, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыста нызам үстинлигин тәмийинлеў және коррупцияға маўасасыз қатнасты қәлиплестириўде прокуратура уйымларының алдына да әҳмийетли ўазыйпалар қойылды. Соннан келип шығып, прокуратура уйымларының бул бағдардағы жумысын қайта көрип шықтық. Айрықша бийлик қабыл етип, прокуратура уйымларының төменнен жоқарыға шекемги пүткил системасында күшейтилген жумыс тәртибин енгиздик.
Бул мәселелерге барлық дәрежедеги прокурорлардың жеке жуўапкершилигин белгиледик, Бас прокурор басшылығында Муўапықластырыўшы штаб та шөлкемлестирилди.
Улыўма, бул мәжилисте берилген көрсетпелерге муўапық, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыста жүзеге келип атырған коррупциялық қәўип-қәтерлерди ерте анықлаў ҳәм сапластырыў бойынша пүткиллей жаңа системаны жолға қойдық.
Бириншиден, барлық ҳәрекетлеримизди коррупцияның ақыбетлери менен гүресиўге емес, бәринен бурын, терең үйрениў ҳәм таллаўлар тийкарында оларды келтирип шығарып атырған факторларды анықлаў ҳәм түп-тамырынан сапластырыўға, қысқасы, превентив илажларға қараттық.
Усы мақсетте Бас прокуратураның басшы хызметкерлери ҳәр бир министрлик ҳәм уйымларға жуўапкер етип бириктирилди. Қысқа мүддетте прокуратура уйымларының хызметкерлери тәрепинен 70 ке шамалас министрлик ҳәм уйымның ҳәр биринде, олардың барлық буўынында жуўапкерлерди толық тартқан ҳалда тараўдағы коррупциялық факторлар бирме-бир додаланды. Нәтийжеде ҳәр бир министрлик ҳәм уйым бойынша олардың ең төменги буўынын да қамтып алған ҳалда анық ҳәм мәнзилли илажларды нәзерде тутқан өз алдына "жол карталары" ислеп шығылды.
Қысқа мүддетте 10 нан аслам тараўда турмыслық ҳәм системалы коррупциялық факторлар анықланып, оларды сапластырыў бойынша 20 ға шамалас анық усыныслар таярланды. Мысал ушын, мәмлекетте тек ғана 2024-жылы 3531 гектар жер талан-тараж етилгени, аўыл хожалығы жерине 227,6 миллиард сум зыян жеткерилгени анықланып, бул жағдайлар бойынша 1854 жынаят иси қозғатылған.
Өткерилген таллаўларда бул нызам бузылыў жағдайларының келип шығыўына көпшилик жағдайда коррупция араласқаны белгили болды. Сонлықтан, тараўдағы коррупциялық факторларды сапластырыў ушын тийисли қарар жойбарын таярладық. Онда барлық ўәкилликли уйымларды “Е-YER NAZORAT” бағдарламасына интеграциялаў нәзерде тутылмақта.
Сондай-ақ, жерден пайдаланыў жағдайын ҳәр жылы еки мәрте инсан факторысыз аэрокосмослық мониторингтен өткериў, анықланған нызамбузыўшылықлар бойынша реал ўақыт режиминде қадағалаў уйымларына мағлыўмат жибериў системасын енгизиў усыныс етилмекте.
Буннан былай прокурорлар нызамшылықтың орынланыўы бойынша өткерилетуғын ҳәр қандай қадағалаў илажында системалы нызамбузыўшылықлар менен бирге, коррупциялық факторларды да анықлаў ҳәм сапластырыўға айрықша итибар қаратады.
Екиншиден, миллий парламент ҳәм жергиликли кеңеслер менен бирге ислесиўимизди сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыў, коррупция факторларын сапластырыў ҳәм тиккелей басшылардың жеке жуўапкершилигин арттырыўда кеңеслердиң имканиятынан кеңнен пайдаланыўға тийкарғы әҳмийет қаратылмақта.
Миллий парламентимиз бенен биргеликте коррупция көп бақланып атырған тараў ҳәм аймақлар бойынша терең таллаўлар өткерип, тиккелей министрликлер ҳәм уйымлардың коллегия мәжилислеринде және Миллий кеңесте сын көзқарастан додалаўлар өткериў системасын жолға қойғанбыз.
2024-жылдың өзинде 10 нан аслам министрликлер ҳәм уйымлар, жергиликли ҳәкимликлер системасында өткерген таллаўларымыздың нәтийжеси Миллий кеңесте көрип шығылып, мәнзилли илажлардың орынланыўына қаратылды.
Сондай-ақ, қадағалаў ҳәм тергеў жумысында анықланып атырған машқалалар және коррупциялық факторларды сапластырыў бойынша парламент ҳәм ҳүкиметке 100 ден аслам мәлимлеме ҳәм нормативлик ҳүжжет жойбарларын киргиздик.
Коррупциялық жынаятлар көпшилик жағдайларда жергиликли дәрежеде, яғный район ҳәм мәҳәлле көлеминде жүз бермекте. Сол себепли, парламент комитетлери, Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги ҳәм басқа да жуўапкер уйымлар менен биргеликте республикалық уйымлараралық жумысшы топарлар дүзилип, ең шетки мәҳәллеге шекем, ҳәр бир тараўдың төменги буўынына шекем түсип, коррупцияның тамырларын анықлаў ҳәм сапластырыў илажы көрилмекте.
Қысқа мүддетте жумысшы топарлар тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм, Әндижан ҳәм Ферғана ўәлаятларында үйрениўлер әмелге асырылып, коррупцияға қарсы гүресиў бойынша аймақлық кеңеслердиң мәжилиси өткерилди ҳәм зәрүр илажлар белгиленди.
Үшиншиден, қайта-қайта атап өтилгениндей, коррупцияның алдын алыўдың ең қолайлы ҳәм нәтийжели жолларынан бири санластырыў болып есапланады.
"Ашық-айдын қурылыс" системасы көплеген бюрократиялық тосқынлықларды сапластырыў, нызамбузыўшылықларды ерте сапластырыў имканиятын бермекте.
Өткен жылы бул система арқалы қурылыс жойбарларына 3,7 триллион сум артықша киргизилгени, сондай-ақ, 63 миллиард сумлық сапасыз жумыслар ҳәм 83 миллиард сумлық қосып жазыў жағдайларын анықлап, талан-тараж етиўдиң алдын алыўға еристик.
Жанылғы-энергетика тараўында енгизилген "Энергоқадағалаў" системасы, "АСКУЭ" ҳәм "АСКУГ" бағдарламаларының жетилистирилиўи де нызамлылықты тәмийинлеў, талан-тараж етиў факторларын анықлаўға хызмет етпекте.
2024-жылы бул системалар арқалы газ ҳәм электр урлығына байланыслы көплеген жағдайлар және коррупциялық схемалар ашылғаны соннан дәрек береди.
Улыўма, бүгинги қәўип-қәтерлерге қарсы нәтийжели гүресиў ушын, бәринен бурын, ҳуқық қорғаў уйымларының жумысын заманға сай шөлкемлестириў, жумысқа мәлимлеме технологиялары ҳәм алдынғы сырт ел тәжирийбелерин енгизиў талап етиледи. Сонлықтан, сырт мәмлекетлер, соның ишинде, Қатардың санластырыўға байланыслы унамлы тәжирийбесин тиккелей орнында үйрендик. Әсиресе, бул мәмлекеттиң ҳуқық қорғаў уйымларының жумысындағы заманагөй мәлимлеме технологиялары ҳәм жасалма интеллект жетискенликлери бизде үлкен қызығыўшылық оятты.
Үйрениў нәтийжелери тийкарында жумысымызды толық санластырыўға байланыслы ҳүжжет жойбарын да таярладық.
Төртиншиден, реформалар шеңберинде мәмлекетте қолайлы бизнес ҳәм инвестициялық орталық жаратыў, исбилермен ҳәм инвесторлардың ҳуқықларын кепилликли қорғаў илажлары избе-из көрип барылмақта.
Жынаятшылықтан жырақ, тыныш ҳәм парахат мәканда исбилерменлик раўажланады, инвесторлар да инвестициясын мине усындай қәўипсиз аймаққа киргизеди.
Прокуратура уйымлары тәрепинен бул мәселеге бәрқулла айрықша итибар қаратып келинген.
Өткен жылы прокуратура уйымлары тәрепинен исбилерменлер, соның ишинде, инвесторлардың жумысына нызамсыз араласыў ҳәм ҳәр қыйлы бюрократиялық тосқынлықлар менен байланыслы көплеген жағдайлар анықланып, сапластырылғаны, жүзлеген субъекттиң бузылған ҳуқықлары тикленгени де соннан дәрек береди.
Мәжилисте берилген тапсырмалар тийкарында халық ҳәм исбилерменлерди, соның ишинде, инвесторларды коррупциялық топылыслардан қорғаў, бундай қәўип-қәтерлерди ерте анықлаў ҳәм алдын алыў системасын жаңа механизмлер тийкарында түп-тийкарынан жетилистирдик.
Атап айтқанда, коррупциялық жағдайларға тез мүнәсибет билдириў мақсетинде Бас прокуратураға оператив хабар бериў имканиятын беретуғын, күни-түни ислейтуғын "1161" санлы "исеним телефоны" ҳәм “@bpantikoruz_bot” телеграм боты иске қосылды.
Бул ҳаққында халық көп жыйналатуғын орынлар, соның ишинде, аэропорт, темир жол ҳәм автовокзаллар, реклама мониторларында арнаўлы роликлер көрсетилмекте.
Қысқа мүддетте, яғный 10-25-март күнлери усы система арқалы 275 арза ҳәм хабар қабыл етилди ҳәм белгиленген тәртипте көрип шығылмақта.
Бесиншиден, коррупцияға қарсы гүресиўге байланыслы нызамшылықты жетилистириў бойынша да бир қатар ўазыйпалар алдымызға қойылды.
Ҳақыйқатында да, нызамшылықтағы бослықларды сапластырыў тараўлардағы системалы машқалаларды шешиўге ҳуқықый тийкар болады. Сонлықтан, Миллий кеңес мәжилисинде нызамшылық ҳүжжетлерин жетилистириў бойынша белгилеп берилген анық бағдарларда сырт ел экспертлерин тартқан ҳалда жумыслар жедел орынланбақта.
Алтыншыдан, халықтың ҳуқықый санасы ҳәм мәдениятын арттырыў коррупцияға қарсы гүресиў сиясатының тийкарғы бағдарларынан бири болып есапланады. Бул бағдардағы жумысымызды да жаңа басқышқа алып шығыў илажлары көрилмекте.
Атап айтқанда, Ҳуқықты қорғаў академиясының "Виртуал академия" платформасында өз алдына бағдарламалар жаратып, оқыўшы ҳәм студентлерди оқытыў арқалы коррупцияға қарсы иммунитетти жаслықтан қәлиплестириўге итибар қаратылмақта.
Прокуратура уйымлары тәрепинен халық ҳәм мәмлекетлик хызметкерлерде коррупцияға маўасасыз мүнәсибетти қәлиплестириў, оларға "ҳадаллық вакцинасы"н сиңдириў және коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы билим ҳәм көнликпесин арттырыўға да күнделикли ўазыйпа сыпатында қаралмақта.
Бул бағдарда Ҳуқықты қорғаў академиясында арнаўлы оқыў бағдарламаларын шөлкемлестирип, мәмлекетлик хызметкерлерди оқытыў, маманлығын ҳәм мәнаўиятын арттырыў системасын жолға қойдық.
Қысқа мүддетте бул система тийкарында 95 мыңнан аслам мәмлекетлик хызметкер оқытылды.
Жетиншиден, коррупциялық факторларға диагноз қойыўда илимий-әмелий қатнас үлкен әҳмийетке ийе. Бул бағдарда да Ҳуқықты қорғаў академиясында илимий мектеп тийкары жаратылған, соның ишинде, коррупция машқалаларын изертлеў бойынша өз алдына илимий орай, магистратура бағдары ҳәм илимий кеңес жумыс алып бармақта.
Буннан тысқары, қатарлы шериклеримиз бенен Коррупция машқалалары изертлеў орайы шөлкемлестирилмекте.
Және бир мәселе. Исленген жумысларды жәмийетшиликке жеткериў, улыўма, пуқаралардың пикир-усыныслары тийкарында жумысымызды және де нәтийжели шөлкемлестириў илажларына да айрықша итибар қаратпақтамыз.
Усы мақсетте "Жәмийетимизди коррупциядан биргеликте қутқарайық!" сүрени астында 33 бәнттен ибарат медиа-реже ислеп шығып, орынлаўға қараттық. Усы жыл 25-март күни Бас прокурордың мәмлекетимиз халқына мүрәжаты да жәрияланды.
Улыўма алғанда, буннан былай барлық күш ҳәм қуралларымыз коррупцияға қарсы гүресиўге толық қаратылады.
Бул бағдарда барлық мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес структуралар, ҳәкимликлер, кең жәмийетшилик ўәкиллери менен бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығамыз, жәмийеттиң барлық қатламының потенциалын бирлестириў жолынан барамыз. Жәмийетте коррупцияға қарсы маўасасызлық орталығын қәлиплестириўдиң барлық илажларын көремиз.
Әлбетте, бул ўазыйпаларды билимли, интакер, садық ҳәм бүгинги реформалардың нәтийжелерине тийислилик сезими менен жасайтуғын хызметкерлер корпусы менен ғана нәтийжели әмелге асырыў мүмкин. Соның ушын, хызметкерлеримиздиң билими, дүньяқарасын, санасын раўажландырыў, мәнаўиятын арттырыў жумысларын избе-из даўам еттиремиз.
Елимизде жынаятшылық ҳәм коррупцияның алдын алыўда, улыўма, барлық тараўда нызамлылықты тәмийинлеўде биз - прокуратура хызметкерлери, бәринен бурын, халқымыздың тилеклеслиги, аўызбиршилиги ҳәм жәрдемине сүйенемиз.
Егер ҳәр бир пуқара жанажан Ўатанымызды жынаяттан, коррупциядан жырақ, тыныш ҳәм қәўипсиз елге айландырыўға өз үлесин қосса, ҳәммемиз бир тән, бир жан болып, биргеликте гүрессек, гөзленген мақсетке, әлбетте, ерисемиз.
Ниғматилла ЙЎЛДОШЕВ,
Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры.