Атап айтқанда, краудфандинг сыяқлы инновациялық қаржыландырыў усыллары пайда болып, тез пәтлерде раўажланбақта. Статистикалық мағлыўматларға бола, глобал краудфандинг базары 2023-жылы 20,34 миллиард долларға баҳаланған. Бул базар 2024-жылдан 2032-жылға шекем жыллық орташа 18,24 процент өсиў пәтинде раўажланыўы ҳәм 2024-жылдағы 24,05 миллиард АҚШ долларынан 2032-жылға келип 91,88 миллиард долларға жетиўи күтилмекте. Бул процесс технологиялардың раўажланыўы ҳәм глобал көлемде онлайн платформалардың күшейиўи фонында жаңа басқышқа көтерилип, дәстүрий финанслық институтлардан тысқарыда жаңа финанслық экосистема қәлиплесип атырғанынан дәрек береди.
Краудфандинг жәмәәтке тийкарланған болып, онда көплеген инвесторлар ямаса әпиўайы пуқаралар аз муғдардағы қаржы ажыратыў арқалы қандай да бир жойбар ямаса идеяны қаржылай қоллап-қуўатлайды.
Кейинги жыллары краудфандинг арқалы қаржы жыйнаў емлеў ҳәм реабилитация, перспективалы коммерциялық жойбарларды, сиясий жумысты қаржыландырыў, абаданластырыў, қайырқомлық, илим, сондай-ақ, әдебият ҳәм көркем өнер, спорт сыяқлы тийкарғы бағдарлар бойынша әмелге асырылмақта.
Қәўендерликти краудфандинг түрлерине, соның менен бирге, инвестицияны әмелге асырыў усылларына киргизиў имканияты мәселеси нызамшылықта белгиленген инвестиция түсинигине тийкарланады, бул жерде мақсет тек пайда алыў емес, ал басқа да әҳмийетли нәтийжелерге ерисиў болыўы мүмкин. Әмелдеги нызамшылық көзқарасынан инвестор көшпес мүлк объектлерин сатып алыў, қурыў, интеллектуал мүлк объектлерине болған ҳуқықларды сатып алыў, акциялар, устав фондындағы үлеслер, коммерциялық шөлкемлердиң мүлкиндеги пайларға ийелик етиў ямаса басқа усыллар арқалы пайда алыў менен байланыслы болмаған басқа әҳмийетли нәтийжеге ерисиў мақсетин гөзлейди.
Ҳәзир краудфандингтиң көплеген түрлери бар ҳәм олардың қатарына жаңалары да қосылыўда даўам етпекте. Олардың ҳәр бири өзине тән өзгешеликлер ҳәм мақсетлерге ийе. Краудфандинг модельлериниң төрт тийкарғы түрин ажыратыў мүмкин:
Қайырқомлыққа тийкарланған краудфандинг (donation-based crowdfunding ямаса crowddonating) әпиўайы модель болып, әдетте социаллық ямаса қайырқомлық мақсетлеринде қолланылады. Инвесторлар, тийкарынан, альтруистлик мотивация менен ҳәрекетленеди ҳәм олардың орнына ҳеш нәрсе күтпестен пул қайырқомлық етеди. Егер исбилермен ямаса ойлап табыўшы жаңа өним ямаса хызмет ушын әжайып идеяға ийе болса, краудфандинг банклер, басқа финанс институтлары ҳәм физикалық тәреплерден тартылатуғын қарыз ямаса акцияларды усыныс етиў арқалы пул тартыўдың дәстүрий усылларынан өзгеше түрде, пул тартыўдың альтернатив усылын усынады. Қайырқомлыққа тийкарланған краудфандинг арқалы исбилермен өз өнимин жойбарға салыстырғанда аз муғдарда қайырқомлық ететуғын көп санлы қоллап-қуўатлаўшыларға алдыннан сатыў имканиятына ийе.
Онда қайырқомлық муғдарын хошаметлеў ушын исбилермен қаржыландырылып атырған жойбар ямаса компанияға ийелик етиў ҳуқықын толық сақлап қалады. Қайырқомлық шөлкемлери жәрдем жыйнаў қуралы сыпатында жәрдем көрсетиў ҳәрекетлери ямаса шөлкемди қоллап-қуўатлап атырған себеплер ушын краудфандингтен пайдаланыўы мүмкин. Мысал ушын, қайырқомлық шөлкемлери тәбийғый апатшылықлар жүз бергенде күшли боранлар ямаса жер силкиниўлерден жәбирленгенлерди излеў, қутқарыў ҳәм емлеў ушын жәрдем бериў ушын қаржы топлаўы мүмкин болады. Тәбийғый апатшылық аймағына азық-аўқат ҳәм кийим-кеншек тасыўды қаржыландырыў сыяқлы арнаўлы мүтәжликлер ушын платформалар шөлкемлестирилиўи де солардың қатарына киреди. Қайыр-сақаўатлар ўақтынша баспаналар қурыў ямаса медициналық әсбап үскенелер сатып алыў ушын алыныўы мүмкин.
Краудфандингтиң инфраструктура ҳәм коммуналлық хызметлерди реконструкциялаў ушын қаржы жыйнаўда да қолланылыўы әмелиятта бар.
Сыйлыққа тийкарланған краудфандинг (reward-based crowdfunding) ең белгили модельлерден бири. Атынан көринип турғанындай, қаржыландырыўшылар жойбарға алып келген пул муғдарына қарап сыйлық алады. Сыйлықлар әпиўайы нәрседен, мәселен, миннетдаршылық хатынан өним прототипине шекем болыўы мүмкин. Сыйлыққа тийкарланған краудфандингте сыйлықлар ақша көринисинде болыўы мүмкин емес. Бул модель тийкарынан көркем өнер, музыка, ойынлардан дизайн ҳәм технологияға шекемги болған дөретиўшилик жойбарлар ушын қолланылады. Буннан тысқары, сыйлықлаў модельи көбинесе базарға кириўден алдын ала сатыў формасы сыпатында қолланылады. Буннан тысқары, сыйлыққа тийкарланған краудфандинг пулды қайтармаў абзаллығы себепли қаржы жыйнаўдың тартымлы усылы болып табылады.
Кредитке тийкарланған краудфандинг (lending-based crowdfunding ямаса crowdlending). Тутыныўшы (P2P) ҳәм бизнес кредитлеў (P2B) көринисиндеги кредитке тийкарланған краудфандинг Европадағы альтернатив финанс базарының ең үлкен сегментин қурайды. Бул түрдеги краудфандингте қаржыландырыўшылар тутыныўшыларға ямаса кәрханаларға киши қарызлар арқалы қаржы береди ҳәм буның есесине процент алады. Бул банклер усыныс ететуғын кредитлерден төменирек баҳада қарыз алыўдың бир усылы.
Усы жерде банк емес кредит шөлкемлери ҳәм микроқаржыландырыў жумысы ҳәм кредитке тийкарланған краудфандинг арасындағы өзгешеликлерге итибар қаратыў мүмкин. Өзбекстан Орайлық банкиниң рәсмий сайтында 2024-жыл 26-апрель жағдайы бойынша микроқаржы шөлкемлериниң дизими келтирилген. Өзбекстан аймағында 93 микроқаржы шөлкеми дизимнен өткен. Банк емес кредит шөлкемлери ҳәм микроқаржыландырыў компаниялары тийкарынан кредит бериў арқалы киши кәрханалар, жеке тәртиптеги исбилерменлер, кем дәраматлы халық қатламлары ямаса финанс базарының басқа сегментлериндеги қарыйдарларды қоллап-қуўатлайды. Бул шөлкемлер аз муғдарда кредит бериў, лизинг, гиреў тәмийнатын жеңиллестириў, саўданы қаржыландырыў сыяқлы хызметлер көрсетеди. Олар әдетте қысқа мүддетли ҳәм киши көлемдеги финанслық өнимлерди усынады. Банк емес кредит шөлкемлери ҳәм микрофинанс шөлкемлери банклерге қарағанда кемирек гиреў талаплары қояды ҳәм кредит бериў процеси әпиўайыластырылған болады. Буның есабынан олар жоқары процент ставкалары менен ислеўи мүмкин. Кредитке тийкарланған краудфандингте әдетте гиреў талап етилмейди. Банк емес кредит шөлкемлери процент ставкалари базар шараятларына қарап белгиленеди, әдетте көтерилиўи де бақланади. Кредитке тийкарланған краудфандингте болса ставкалар инвесторлар ҳәм платформа арасындағы келисимге тийкарланған болады.
Акцияларға тийкарланған краудфандинг (equity-based crowdfunding ямаса crowdinvesting) инвесторларға аз муғдардағы акцияларды сатып алыў арқалы қаржыландырылып атырған компания акционерлери болыў имканиятын усынады. Инвесторлар финанслық үлеслери есабынан бизнестиң потенциаллық пайдасына шерик болады. Капиталға тийкарланған дәслепки краудфандинг платформаларынан бири 2010-жылы иске түсирилген Crowdcube (https://www.crowdcube.com/) есапланады. Сондай-ақ, краудфандинг процеси Wefunder ҳәм StartEngine сыяқлы қәнигелескен онлайн платформаларда әмелге асырылады.
Бул модель инвесторларға финанслық қымбат баҳалы қағазларды усыныс етиў арқалы капиталды көбейтиўдиң дәстүрий усылын усынады. Краудфандинг платформасының санлы тәбияты қаржыландырыўдың және де либерал ҳәм ашық болыўына хызмет етеди.
Краудфандинг: имканият ҳәм қәўип
Краудфандинг механизми көплеген унамлы имканиятлар жаратады. Атап айтқанда, ол стартаплар ушын дәстүрий банк кредитисиз қаржы тартыў, әпиўайы пуқаралар ушын қызықлы жойбарларды қоллап-қуўатлаў ҳәм олардан пайда алыў, сондай-ақ, социаллық жойбарлар ҳәм мәдений илажлар ушын жаңа қаржыландырыў дәрегин жаратыў имканиятын береди.
Бирақ краудфандинг жумысы менен байланыслы қәўиплер де жоқ емес. Қаржының мақсетсиз жумсалыўы, инвестицияны қайтарыў кепилликлериниң жоқ екенлиги, алдаўшылық ҳәм инвесторлардың ҳуқықый қорғаўсызлығы сыяқлы қәўип-қәтерлер усылардың қатарына киреди.
Мәмлекетимиз нызамшылығында краудфандинг
2018-жыл август айында сырт еллердиң тәжирийбесинен үлги алған ҳалда елимизде де краудфандинг платформасы майданы иске қосылды. Бирақ MFond.uz деп аталатуғын бул платформа ғалаба ен жаймағаны себепли оның жумысы тоқтады. 2013-жылы да ҒХҚда түрли жойбарларды әмелге асырыў ушын қаржы тартыў менен шуғылланатуғын Factor.uz онлайн платформасы иске қосылғаны, оның шеңберинде бир неше жойбар усыныс етилгени ҳаққында хабарлар шыққан еди. Бирақ арадан бир жыл өткеннен соң, бул платформа жумысын тоқтатқан. Президентимиздиң 2020-жыл 28-апрельдеги "Санлы экономика ҳәм электрон ҳүкиметти кеңнен енгизиў илажлары ҳаққында"ғы қарарына муўапық, сондай-ақ, исбилерменлик субъектлериниң стартаплары ҳәм жойбарларын қаржыландырыўдың альтернатив механизмлерин енгизиў мақсетинде 2020-жыл 30-сентябрьде Министрлер Кабинетиниң "Краудфандинг платформасы арқалы мәлимлеме технологиялары тараўындағы жойбарларды ғалабалық қаржыландырыў механизмлерин жаратыў ҳаққында"ғы қарар жойбары жәрияланды. Оған Мәлимлеме технологиялары тараўындағы жойбарларды ғалабалық қаржыландырыў (краудфандинг) тәртиби ҳаққындағы ўақытша реже қосымша сыпатында берилген. Бул режеде краудфандинг платформасы жумысын шөлкемлестириў, жойбарларды краудфандинг платформасына жайластырыў ҳәм оларды қаржыландырыў тәртиплери сыяқлы мәселелер сәўлелендирилген.
Бул заманагөй қаржыландырыў майданшасынан пайдаланыў итималы мәмлекетимизде төмен дәрежеде болса да, краудфандинг платформасы жедел ҳәрекетлерди әмелге асырмай атыр, деп айтыў да орынсыз. Халық тәрепинен қаржыландырыў имканиятын жетилистириў белгили бир ўақытты талап етеди. Онда халық краудфандинг майданшасынан пайдаланыўы ҳәм онда усынылып атырған жойбарларды қаржыландырыўы ушын билим ҳәм маманлық талап етиледи. Сонлықтан, мәмлекетимизде краудфандинг платформаларын раўажландырыў, нәтийжели ислеўин тәмийинлеў ушын, бәринен бурын, халықтың да бул бағдардағы билимлерин, қызығыўшылықларын арттырыў жолында үгит-нәсиятлаў ҳәм түсиндириў жумыслары кең көлемде алып барылыўы мақсетке муўапық болады.
Мәмлекетимиз нызамшылығында ҳәзирше краудфандинг қатнасықлары толық тәртипке салынбаған. Бул болса усы тараўда ҳуқықый түсинбеўшиликлер ҳәм инвесторлар ушын қәўип туўдырады. Бирақ улыўма финанслық, шәртнама ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғайтуғын нормалар айырым жағдайларда краудфандинг платформаларына да енгизилиўи мүмкин.
Пуқаралық кодексиндеги шәртнама еркинлиги принципи тийкарында платформа ҳәм пайдаланыўшы арасында шәртнама дүзиледи. "Электрон коммерция ҳаққында"ғы, "Шахсқа тийисли мағлыўматлар ҳаққында"ғы ҳәм "Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳаққында"ғы нызамлар сыяқлы ҳуқықый-нормативлик ҳүжжетлер краудфандинг платформаларында пайдаланыўшылардың мәплерин бираз қорғайды.
Финанслық жумыстың айырым түрлери (мәселен, инвестиция тартыў) ушын лицензиялаў талаплары бар болып, краудфандинг платформаларының жумысына да енгизилиўи итимал.
Көплеген мәмлекетлерде краудфандинг өз алдына нызамлар менен тәртипке салынады. Мысалы, АҚШта Jobs Act арқалы краудфандинг тәртипке салынған. Европа Аўқамында болса 2020/1503-регламент краудфандинг хызметлерин көрсетиў қағыйдаларын белгилейди. Бул ҳуқықый тәртип-қағыйдалар инвесторларды қорғаў, платформалардың жумысын ашық-айдын етиў ҳәм финанслық турақлылықты тәмийинлеўге қаратылған.
Қандай ҳуқықый илажлар зәрүр?
Мәмлекетимизде краудфандинг тараўында бир қатар ҳуқықый илажларды көриў мақсетке муўапық, деп ойлайман. Краудфандинг ҳаққында арнаўлы нызам қабыл етиў, инвесторлар ҳәм қаржы алыўшылардың ҳуқықлары менен миннетлемелерин анық белгилеў және платформаларға лицензия бериў ҳәм жумысын қадағалаў системасын жаратыў солардың қатарына киреди.
Краудфандинг заманагөй финанслық механизмлер қатарында тез раўажланыўы ҳәм өзине тән имканиятлары менен ажыралып турады. Бул модель арқалы стартаплар, социаллық жойбарлар ҳәм дөретиўшилик басламалар ушын дәстүрий қаржыландырыў усылларынан шекленбеген ҳалда қаржы тартыў имканияты жаратылмақта. Сондай-ақ, әпиўайы пуқаралар ушын да өз қаржысын белгили бир жойбарларға инвестициялаў имканияты кеңеймекте. Соның менен бирге, краудфандинг процесслери менен байланыслы қәўип-қәтерлер - қаржының мақсетсиз жумсалыўы, алдаўшылық ҳәм инвесторлардың ҳуқықый қорғаўсызлығы сыяқлы машқалалар бар.
Жоқарыда атап өткенимиздей, краудфандинг қатнасықлары еле толық ҳуқықый тәртипке салынбағаны бул платформаның раўажланыўы төменлеўине алып келиўи мүмкин. Сол себепли келешекте краудфандинг ҳаққында арнаўлы нызам қабыл етиў, платформаларды лицензиялаў ҳәм қатаң қадағалаў системасын жаратыў айрықша әҳмийетке ийе. Краудфандинг мәдениятын раўажландырыў ушын болса кең жәмийетшилик арасында түсиндириў ҳәм үгит-нәсиятлаў жумысларын күшейтиў зәрүр.
Себеби, халықаралық тәжирийбе ҳәм технологиялық имканиятлардан нәтийжели пайдаланған ҳалда краудфандинг елимизде де инновациялық қаржыландырыўдың тийкарғы дәреклеринен бирине айланыў имканиятлары жоқары.
Аминжон ҚАЛАНДАРОВ,
Ташкент мәмлекетлик юридика университети
бизнес ҳуқықы кафедрасы оқытыўшысы









