Кредиторлардың гиреў менен тәмийинленген талапларын қанаатландырыў системасы жетилистириледи

    23 сәуір 2025 1379

    Пуқаралық кодекси, Салық кодекси, "Гиреў ҳаққында"ғы, "Ипотека ҳаққында"ғы, "Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққында"ғы нызамларға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.

    Нызам менен айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.

    Бул нызам менен Пуқаралық кодекси, Салық кодекси, "Гиреў ҳаққында"ғы, "Ипотека ҳаққында"ғы, "Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққында"ғы нызамларға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.

    Нызам ҳүжжетлерине киргизилген қосымшаларға бола, гиреў менен тәмийинленген миннетлемениң бузылыўы төмендеги шәртлер бир ўақыттың өзинде бар болған жағдайда жүдә арзымаған деп есапланады:

    егер гиреў менен тәмийинленген, қарыздар тәрепинен қапланбаған миннетлемениң суммасы гиреў баҳасының 15 процентинен кемин қураған болса;

    егер гиреў менен тәмийинленген миннетлемениң орынланыўының кешигиўи избе-из 3 айдан аспаған болса.

    Сондай-ақ, гиреў предмети болған мүлк гиреў бериўшиден жынаят ямаса басқа да ҳуқықбузарлық ислегени ушын нызамда белгиленген тәртипте алып қойылғанда, гиреўге алыўшыда өз талапларын усы мүлк есабынан үстин түрде қанаатландырыў ҳуқықы сақланып қалатуғыны көрсетип өтилди.

    Буннан тысқары, кредитти мүддетинен алдын суд тәртибинде өндириўде, егер шәртнамада басқаша тәртип нәзерде тутылмаған болса, кредитор дәслеп қарыздың белгиленген мүддетте қайтарылмаған бөлегин өндириў ушын судқа мүрәжат етеди.

    Бунда егер қарыз алыўшы мүддети өткен қарызды толық төлемеген жағдайда, кредитор кредиттиң қалған барлық суммасын мүддетинен алдын қайтарыў ҳаққындағы талап пенен судқа мүрәжат етиўге ҳақылы.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates