Криминоген жағдайы аўыр мәҳәллелер менен жаңаша ислесиў механизмлери енгизиледи

    22 қаңтар 2025 596

    "2025-жылы республика мәҳәллелеринде қәўипсиз орталықты жаратыў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў системасының нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў бойынша илажлар ҳаққында"ғы Президент қарары (ПҚ-1-санлы) қабыл етилди.

    Қарарға бола, жуўапкер уйымлар ҳәм мәкемелер ушын 2025-жылы "Ҳәр бир мәҳәлледе ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў" тийкарғы ўазыйпа етип белгиленди.

    Сондай-ақ, мәҳәллелерде ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўға қаратылған бир қатар жол карталары және 2025-жылы республикамыз мәҳәллелеринде қәўипсиз орталық жаратыў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў системасының нәтийжелилигин арттырыў бойынша мәнзилли илажлар бағдарламасы тастыйықланды.

    Ҳуқықбузарлықлардың ерте профилактикасы, Бағдарлама ҳәм "жол карталары"ның орынланыўын қадағалап барыў ушын Бас прокуратура жанында Республикалық уйымлараралық муўапықластырыўшы жумысшы топар дүзиледи.

    Енди, жынаят жүз берген мәҳәллелерде илимий шөлкемлер ҳәм билимлендириў мәкемелери тәрепинен илимий қатнаслар тийкарында үйрениўлер өткериледи.

    Барлық район (қала) лық сектор басшыларына, Миллий гвардия қорғаў хызмети баслықларына ҳәм ишки ислер уйымлары баслықларының орынбасарларына 2025-жылы криминоген жағдайы аўыр мәҳәллелер атпа-ат бириктириледи.

    Жуўапкерлердиң жумысы ҳәр ай жуўмағында - ишки ислер министри жанында, ҳәр шерек жуўмағында - Бас прокурор жанында, ҳәр ярым жылда Бас министр жанында сын көзқарастан додаланады, ҳәр бир мәҳәлле кесиминде Президентке мәлимлеме берип барылады.

    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates