Бизиң де Түркменстанда ҳәм Қазақстанда жасап атырған туўысқанларымыз бар. Бирақ белгили мүддет қоңсышылық байланыслары үзилип, шегаралар жабылып, туўысқан миллетлердиң байланысы тоқтап қалды. Бул дәўирде қыз узатып, келин алған қудалар, жақын туўысқанлар бир-бириниң мерекесине де бара алмайтуғын, ҳәттеки шегарадан өтиў қыйын болған жағдай жүзеге келген еди.

Бүгин Президентимиздиң узақты көре алатуғын, артқа қайтпайтуғын таңлаўы тийкарында күшли, турақлы ҳәм абадан регион - Жаңа Орайлық Азияның беккем тырнағы жаратылмақта.

Регионымызда болып атырған процесслердиң қатнасыўшысы сыпатында туўысқан қоңсы мәмлекетлер менен байланыслар күн сайын беккемленип атырғанынан қуўанышлымыз. Соңғы 7-8 жылдағы тынымсыз ҳәрекетлер себепли шегаралар ашылып, бурынғы байланыслар қайта байланбақта.

Регион мәмлекетлериниң ғәрезсиз раўажланыў тарийхында биринши мәрте өз-ара шегаралардың барлығы ҳуқықый жақтан рәсмийлестирилди. Көп жыллар даўам еткен кескинлик, тартыс, пикир-таласлар дәреги болып келген мәселеге ноқат қойылды.

Усы жылдың октябрь айында болып өткен Ферғана тынышлық форумы мәмлекетлеримиздиң Ферғана ойпатлығында тынышлық ҳәм татыўлықты беккемлеўге өз-ара умтылысының айқын әмелий тастыйығы болды.

Биз Әмиўдәрьяның ең төменинде жайласқан Мойнақ районында жасаймыз. Региондағы кескин келиспеўшилик ҳәм қарама-қарсылықларға себеп болған суў машқаласына Президентимиздиң басламасы ҳәм қоңсы мәмлекетлер басшыларының тилеклеслиги себепли сапластырылғаны биз ушын оғада әҳмийетли. Бул Мойнақ халқының таза ишимлик суўы менен тәмийинлениўи, дийқаншылықтың раўажланыўы ушын оғада әҳмийетли.

Усындай басламалардан бири - Өзбекстан, Қазақстан ҳәм Қырғызстан арасында Қамбарата ГЭС-1 жойбарын биргеликте әмелге асырыў ҳаққындағы келисим регионның суў-энергетика ресурсларынан биргеликте пайдаланыў әмелиятында жаңа бет ашады.

Әсиресе, Түркменстан менен ҳүкиметлераралық келисим шеңберинде Әмиўдәрья суўынан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша келисимге ерисилгени биз ушын айрықша әҳмийетке ийе. Бул суў ресурсларын биргеликте басқарыў системасын жақсылап, экологиялық машқалалар қәўпин азайтыўға хызмет етеди.

Әлбетте, бул ҳәрекетлердиң барлығы өз-ара мәпдарлық ҳәм улыўма ресурсларға әдил қатнас жасаўға тийкарланған жаңа бирге ислесиў руўхы тийкарында қәлиплеспекте. Аўызбиршилик пенен регионды ҳәмме ушын бирден-бир тынышлық, абаданлық ҳәм раўажланыў мәканына айландырыўға бел байлағаны 80 миллионнан аслам халықларымыздың кеўлинде үлкен исеним оятпақта.

Бийбихан УТАМБЕТОВА,

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңес депутаты