Онлаған дәстүрий кәсиплер жоқ болып, орнын санлы экономика ҳәм инновациялық хызмет көрсетиў тараўлары ийелеп атырған бир ўақытта билимлендириў системаларының ең аўыр машқаласы академиялық бағдарламалардың реал турмыс талапларынан артта қалыўы болып есапланады. Бул теңсалмақсызлық себепли мыңлаған жаслар жоқары оқыў орынларының питкериўшилерине айланса да, мийнет базарында өз орнын таба алмай, "дипломлы жумыссызлар" қатламын кеңейтпекте. Әне сол себепли жасларды мектеп дәўиринен-ақ кәсип-өнерге дурыс бағдарлаў, ишки қәбилети ҳәм индивидуал қызығыўшылығын тосыннанлықлар кесилиспесинде жойытпаў ҳәзирги ўақытта мәмлекетлик сиясаттың ең стратегиялық, ең тийкарғы бағдарларынан бирине айланды.
Турмысқа енгизилип атырған "Кәсиплер қалашасы" жойбары мәмлекетимиздиң кәсиплик билимлендириў системасындағы мине усы ең әҳмийетли үзилисти сапластырыўға хызмет ететуғын пүткиллей жаңа, оригинал ҳәм инновациялық экосистема сыпатында майданға шықты. Мәмлекетимиз басшысының "Заманагөй экономикаға заманагөй кәсип ийеси керек" деген концептуал идеясы бул үлкен реформаның баслы өлшеми болып есапланады. Жақында Президентимиздиң Хорезм ўәлаятына гезектеги сапары шеңберинде әйне Үргенш қаласындағы Хорезм алдыңғы кәсиплик шеберлик техникумы ҳәм оның аймағында шөлкемлестирилген биринши "Кәсиплер қалашасы"ның жумысы көзден өткерилди ҳәм бул бағдардағы әмелий жумысларға жоқары баҳа берилди. Бул инновациялық комплекстиң қурылысы ушын мәмлекетлик бюджеттен жәми 72,4 миллиард сум ажыратылған болып, техникум имараты 1100 орынға мөлшерленген. Заманагөй устаханалар ҳәм инновациялық лабораторияларға ийе комплекс тек ғана өз оқыўшылары емес, ал пүткил ўәлаяттағы басқа да профессионал билимлендириў мәкемелериниң дерлик 4300 ден аслам оқыўшылары ушын күшли әмелий оқыў базасы болып хызмет етеди.
Президентимиз Хорезмдеги жаңа система менен танысыў ўақтында "Кәсиплер қалашасы" моделин кеңнен ғалаба ен жайдырыў, ҳәр бир ўәлаятта усындай инновациялық кәсипке бағдарлаў орайларын шөлкемлестириў зәрүрлигин атап өтти.
Бул комплексте экономикалық ҳәм технологиялық жақтан ең раўажланған Германия, Швейцария, Уллы Британия, Қытай ҳәм Қубла Корея сыяқлы мәмлекетлердиң алдынғы бағдарламалары өз-ара синтезленеди. 2026/2027-оқыў жылы ушын мийнет базарында ең өтимли есапланған 11 кәсип бағдары бойынша ең қәбилетли 200 жас қатаң имтихан ҳәм ашық-айдын таңлаў басқышлары арқалы қабыл етилиўи режелестирилген. Бул билимлендириў модели арқалы жылдың ақырына шекем ўәлаяттағы 39 мың жумыссыз пуқараны профессионал өнерли етиў ҳәм турақлы жумыс пенен тәмийинлеў мақсети гөзленген.
Жойбар тийкарында жәҳән билимлендириў методологиясында жоқары нәтийжесин дәлиллеген "Өзиң ислеп көр" әмелий философиясы жатады. Инсан психологиясы, әсиресе, белгили илимий-педагогикалық тийкарлар көрсетеди, өспирим жастағы бала қандай да бир кәсип туўралы тек китаплардан оқып, лекцияларда еситип ямаса оны шеттен көрип туўры, әдил жуўмақ шығара алмайды. Инсан мийи пассив еситиў арқалы мағлыўматтың тек ғана 10-20 процентин сақлап қалса, әмелий ҳәрекет ҳәм машқаланы өз бетинше шешиў процесинде бул көрсеткиш 75-90 процентке жетеди. Экономикалық тәрептен болса бул модель Теодор Шульц ҳәм Гэри Беккердиң Инсан капиталы теориясына сүйенеди: инсанға ҳәм оның әмелий көнликпелерине киргизилген капитал өндирис өнимдарлығын арттырып, бизнестиң бейимлесиў қәрежетлерин нолге түсиреди. Соның ушын бала кәсипти тек ғана көз алдына келтирмеўи, ал оны тиккелей көриўи, әсбапты услап, дәслепки әмелий ҳәрекетлерди өз қолы менен орынлаўы шәрт.
Бул системаның табысы глобал үлгилер ҳәм жәҳән тәжирийбеси менен де үзликсиз байланыслы. Мәселен, Германия ҳәм Швейцарияның дүньяға белгили дуал билимлендириў системасы оқыўшылар ўақтының 70 процентин тиккелей кәрханадағы әмелиятқа, 30 процентин болса теорияға бағдарлайды. Немис моделиндеги кәсиплик билимлендириў орайлары мектеп оқыўшыларын ерте кәсипке бағдарлаўдың дүньядағы ең жетик үлгиси болып, "Кәсиплер қалашасы" мине усы табыслы прототипке сүйенеди. Сондай-ақ, Қубла Кореяның жоқары технологиялы “Meister” (Уста) мектеплериниң тәжирийбеси санаат талапларына бейимлескен технопарклер арқалы питкериўшилердиң жумысқа жайласыў көрсеткишин 95 процентке жеткериў мүмкин екенлигин дәлиллеген. Қытайдың "Санаат ҳәм билимлендириў интеграциясы" модели болса оқыўшыларды оқыў процесинде-ақ реал кәрханалар буйыртпалары үстинде ислеў нәтийжелилигин көрсетип берди.
Бүгин Өзбекстанда қәлиплесип атырған "Кәсиплер қалашасы" системасы усы алдынғы глобаллық стандартларды миллий экономика талапларына муўапықластырған ҳалда турмысқа енгизбекте. "Кәсиплер қалашасы" мектеп оқыўшыларына бүгинги ҳәм келешектеги мийнет базарында баҳасы ҳәр секундта артып атырған транспорт, логистика, санлы санаат, заманагөй қурылыс технологиялары, сервис ҳәм жоқары дәраматлы заманагөй аўыл хожалығы және альтернатив энергия дәреклерин қамтып алған "жасыл" энергетика сыяқлы ең талап жоқары бағдарлар менен әмелий танысыў имканиятын береди. Бул система арқалы жас әўлад өз келешегин, өмир жолын субъектив тосыннан, дослар тәсири ямаса ата-ана мәжбүрлеўи астында емес, ал лабораторияларда өз потенциалын сынап көрген ҳалда, пүткиллей саналы түрде таңлаў имканиятына ийе болады.
Бирақ бул мәкеме тек ғана сулыў макетлер көргизбеси ямаса әпиўайы мектеп дөгереклериниң жыйнағы болып қалмаўы керек. Оның артында халықаралық үлгилерге сүйенетуғын, жүдә қатаң техникалық, инженерлик, архитектуралық ҳәм нормативлик стандартлар шынжыры турады. Тастыйықланған рәсмий жойбарлаў тапсырмаларына бола, бул қалашалар барлық аймақлар ушын бирден-бир минимал қәўипсизлик, санитария ҳәм эвакуация стандартлары тийкарында, бейимлесиўшең ҳәм универсал модулли принцип бойынша қурылады. Бул дегени, ҳәр бир аймақ географиялық жайласыўы, демографиялық көрсеткишлери ҳәм майдан өлшемине қарап, сол аймаққа сәйкес, сондай-ақ, ҳәр бир аймақ мийнет базарының талабынан келип шығып таяр кәсип модуллерин тап конструктор сыяқлы өзине бейимлестирип еркин жыйнаў имканиятына ийе болады.
Имараттың ишки архитектурасы ҳәм инженерлик шешими оқыўшылардың қәўипсизлиги және психологиялық қолайлығын ең жоқары дәрежеде тәмийинлеў ушын арнаўлы функционал зоналарға ажыратылған болып, ағымларды басқарыўды қатаң системаға салады. Мәселен, мәлимлеме-мәсләҳәт топарлары, тест станциялары, медициналық хана, серверхана ҳәм менторлар ханалары жайласқан "таза ҳәм тыныш" аймақлар аўыр симуляторлар, әмелий оқыў стендлери ҳәм устаханалар ислейтуғын "техникалық ҳәм шаўқымлы" зоналардан ҳәм кеңисликте және акустикалық жақтан пүткиллей ажыратылған болады. Орайға келиўшилер болса ишкериде өз-ара соқлығысыўларсыз ҳәм хызмет көрсетиў аймақларына дус келместен, кириўден шығыўға қарай тек ғана бирден-бир қәўипсиз шынжыр түриндеги бағдар бойынша ҳәрекетленеди.
12 жастан 18 жасқа шекемги мектеп оқыўшыларының өмири ҳәм денсаўлығын сақлаў жойбардың ең фундаментал, мәжбүрий талабы болып есапланады. Техникалық нормаларға муўапық, қалашада ҳәр қандай қәўипли санаат ямаса өндирис процеси балалар ушын пүткиллей қәўипсиз санлы имитациялар ҳәм заманагөй симуляторлар менен алмастырылған. Мәселен, жоқары температура, зәҳәрли газлер ҳәм ушқын менен байланыслы болған кепсерлеў кәсиби оқыўшыларға тек ғана арнаўлы виртуал (VR) системалар жәрдеминде үйретиледи.
Жойбар шеңберинде жәми 10 әмелий ҳәм интерактив кәсиплик майдан және бир кәсипке қызығыўшылықты анықлаў ҳәм бағдарлаў аймағы шөлкемлестирилген. Олар төмендеги бағдарларды қамтып алады:
1. Қурылыс: имарат қурыў, гербиш териў, пардозлаў, өлшеў ҳәм материаллар менен ислеў.
2. Сантехника: суў тәмийнаты, трубалар, ысытыў ҳәм канализация системалары.
3. Кепсерлеў: металды бириктириў, қәўипсизлик қағыйдалары ҳәм заманагөй кепсерлеў технологиялары.
4. Санаат механиги: механизмлер, үскенелер, өндирис линиялары ҳәм техникалық хызмет.
5. Аўыл хожалығы техникасы: трактор, агротехника, суўды үнемлеў ҳәм суўғарыў үскенелери.
6. "Жасыл" энергетика: қуяш панеллери, энергия үнемлеўши үскенелер ҳәм экотехнологиялар.
7. Электротехника: электр тармақлары, қәўипсизлик қағыйдалары, жалғаў ҳәм оңлаў жумыслары.
8. Аспазлық: аўқат таярлаў, санитария-гигиена ҳәм хызмет көрсетиў мәденияты.
9. Агрономия: өсимлик жетистириў, топырақ, туқым, суў ҳәм өнимдарлық анализи.
10. Мийирбийкешилик: биринши жәрдем, наўқас күтими ҳәм медициналық гигиена тийкарлары.
Бизде мектеп дәўириндеги мийнет сабақлары оқыўшы-жаслардың келешегин белгилеўде әҳмийетли таяныш болып хызмет етип атырған бир ўақытта Европа Аўқамы мәмлекетлеринде, атап айтқанда, Германияда 7-класстан баслап оқыўшылар ушын еки ҳәптелик мәжбүрий кәсиплик әмелият жолға қойылғанын атап өтиў керек. Онда оқыўшылар өзлери қызықтырған тараў кәрханаларына барып, процессти ишинен үйренеди.
Соның ушын, биз де бул тәжирийбени енгизиў үстинде ислеп атырмыз. Дәслепки қәдем сыпатында мектеплерде кеминде бир айда бир күнди мәжбүрий "кәсип күни" сыпатында белгилеўимиз зәрүр.
Ҳәзирги ўақытта мектеплеримизде дерлик 10 мың директор мәсләҳәтшиси штаты шөлкемлестирилген болса да, олардың жумысы ҳәзирше тек теория, тест ҳәм усыныслар менен шекленип қалмақта. Үйретилген билимлерди әмелде көрсетиў ҳәм сынап көриў ушын шараят жетиспейди. Әне усы бослықты толтырыў мақсетинде де "Кәсиплер қалашасы" шөлкемлестирилмекте.
Жуўмақлап айтқанда, бул жетик техникалық стандартлар, инженерлик шешимлер ҳәм педагогикалық механизмлер бирден-бир стратегиялық ҳәм макроэкономикалық мақсетке хызмет етеди. Бул мақсет кәсиплик билимлендириўди тек ғана қуры сабақ беретуғын, питкериўшиниң тәғдирине жуўапкер болмаған ески системадан жасларды турмысқа реал таярлайтуғын, оларға заманагөй технологиялар менен ислеўди үйрететуғын және ең әҳмийетлиси, нәтийжеде таяр кадрды тиккелей жумыс бериўши менен байланыстыратуғын тутас экономикалық шынжырға айландырыў болып табылады.
Германия, Швейцария ҳәм Қубла Корея сыяқлы раўажланған мәмлекетлердиң тәжирийбеси кәсиплик билимлендириў системасы санаат ҳәм бизнес тармақлары менен мине усындай үзликсиз интеграцияланғанда ғана экономикада сезилерли өсиў ҳәм өнимдарлық жүз бериўин көрсетеди. Бул модель ири ҳәм орта бизнес субъектлери ушын да кадрлар импорты, таяр емес хызметкерлерди қайта оқытыў ҳәм бейимлестириў қәрежетлерин кескин азайтады, мийнет өнимдарлығын арттыратуғын оғада үлкен экономикалық драйвер болып есапланады.
Барлық аймақларда ғалаба ен жайып атырған "Кәсиплер қалашасы" жойбары мәмлекетимизде инсан капиталын түп-тийкарынан раўажландырыў, жаслардың бәнтлигин кепиллеў, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм ҳәр бир жас инсанның өзиниң ҳадал мийнетине сүйенип өнимли ҳәм мүнәсип дәрамат табыўын тәмийинлеў жолындағы ең исенимли, системалы ҳәм әҳмийетли қәдем болып, мәмлекетимиз келешегиниң ең беккем тырнақларынан бирине айланатуғынына исенемен.
Азимжон ҲУСАНОВ,
Кәсиплик билимлендириў агентлигиниң директоры