Президентимиздиң басламасы менен 2020-жылы қабыл етилген нызамға муўапық, 11-ноябрь Кәсиплик аўқамлары күни деп белгиленген болып, дерлик бес жылдан берли бул байрам елимизде кеңнен белгиленбекте.
Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен усы жылдың 7-ноябрь күни Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Өзбекстанда кәсиплик аўқамлары ҳәрекетиниң 120 жыллығы ҳәм “11-ноябрь – Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни” байрамына бағышлап кәсиплик аўқамлары хызметкерлери арасында спорттың киши футбол түри бойынша “Өзбекстан кәсиплик аўқамылары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси кубоги” спорт жарысы өткерилди.
Онда тараўлық кәсиплик аўқамлары баслықлары, жуўаплы шөлкемлестириўшилер қатнасып, жарыс қатнасыўшыларына әўмет тиледи.
Күн даўамында спорт жарысы қызғын өтип жеңимпазлар анықланды.
Өзбекстан мәмлекетлик мекемелери ҳәм жәмийетлик хызмети тараўлық командасы биринши, Билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери тараўлық командасы екинши, Исбилерменлик, бизнес ҳәм саўда хызметкерлери тараўлық командасы үшинши орынды ийеледи.
Жеңимпаз командаға ҳәм номинациялар бойынша жеңимпазларға “Кәсиплик аўқамы кубоги”, диплом ҳәм саўғалар тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.