Шавкат Мирзиёев ҳәм Илҳам Алиев телефон арқалы сөйлести

    Сөйлесиўде Өзбекстан менен Әзербайжан арасындағы дослық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да беккемлеў мәселелери додаланды.

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев 26-апрель күни телефон арқалы сөйлести.

    Сөйлесиўде Өзбекстан менен Әзербайжан арасындағы дослық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да беккемлеў мәселелери додаланды.

    Өткен жылы август айында Әзербайжан Президентиниң Өзбекстанға мәмлекетлик сапары жуўмағында ерисилген келисимлерди әмелге асырыў мәселелери дыққат орайында болды.

    Экономикалық кооперация жылы шеңберинде нәтийжели жумыслардың алып барылып атырғаны айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Товар алмасыў көлеми жыл басынан берли 20 процентке артты. Автомобиль қурылысы, тоқымашылық, электротехника, энергетика, аўыл хожалығы, туризм ҳәм басқа да тараўлардағы жойбарлар жедел басқышқа кирген.

    Биргеликте бай мәдений-гуманитарлық алмасыў бағдарламасы әмелге асырылмақта.

    Усы жылы өткерилиўи режелестирилген жоқары дәрежедеги саммитлерге пуқта таярлық көриў, соның ишинде, Ҳүкиметлераралық комиссияның гезектеги мәжилиси, аймақлар ҳәм ректорлар форумлары, мәдений илажларды өткериў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

    Жетекшилер регионаллық күн тәртиби бойынша да пикир алысты, болажақ көп тәреплеме, соның ишинде, Түркий мәмлекетлер шөлкеми шеңбериндеги илажлар режесин көрип шықты.


    No date selected
    June 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates