Мәмлекет басшылары еки ҳәм көп тәреплеме күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелерди додалады.
Саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм гуманитарлық тараўлардағы кооперациялық жойбарлар менен бағдарламаларды әмелге асырыўды жеделлестириўге айрықша итибар қаратылды.
Болажақ жоқары дәрежедеги ушырасыўлардың режеси көрип шығылды.
Регионаллық бирге ислесиў, соның ишинде, Түркий мәмлекетлер шөлкеми ҳәм Экономикалық бирге ислесиў шөлкеми шеңбериндеги мәселелер бойынша да пикир алысылды.