Мектепке шекемги билимлендириў баланың интеллектуаллық, социаллық ҳәм руўхый раўажланыўында шешиўши басқыш есапланады. Соның ушын кейинги жыллары бул тараўда қамтып алыўды кеңейтиў, билимлендириўдиң сапасын арттырыў, жеке меншик сектордың қатнасын хошаметлеўге қаратылған реформалар әмелге асырылды. Нәтийжеде елимизде мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алыў 78 процентке жетти.

Соның менен бирге, қамтыў дәрежесин 80 процентке жеткериў ушын бақшаларда жаңа орынлар шөлкемлестириў талап етилип атырған болса, 39 район ҳәм қалада бақша менен қамтып алыў дәрежеси 70 проценттен аз. Сондай-ақ, мәмлекетлик бақшалардағы педагоглардың 61 проценти, жеке меншик бақшалардағы хызметкерлердиң 76 проценти орта арнаўлы мағлыўматқа ийе екенлиги кадрлар потенциалын буннан былай да арттырыўдың әҳмийетли екенлигин көрсетпекте.

Усы мүнәсибет пенен бул ретки презентацияда мектепке шекемги билимлендириў системасын жаңа басқышқа алып шығыў бойынша ислеп шығылған илажлар көрип шығылды.

Атап айтқанда, мәжбүрий улыўма орта билимлендириўдиң биринши басқышы сыпатында бир жыллық мектепке таярлаў бағдарламалары енгизиледи. Буннан гөзленген тийкарғы мақсет балаларды мектеп билимлендириўине пуқта таярлаў ҳәм оқыў процесиниң үзликсизлигин тәмийинлеўден ибарат.

Мектепке шекемги билимлендириў системасында оқытыў процеси баланың туўма қәбилети ҳәм қызығыўшылығын есапқа алған ҳалда қурылатуғын оқытыўдың ойынға тийкарланған модели енгизиледи. Оқыў орталығы алдынғы сырт ел технологиялары тийкарында жаңаланады.

Буннан тысқары, "Жаңа әўлад" мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң тармағын қәлиплестириў режелестирилген. 2026-2028-жылларда ҳәр бир аймақта 120 орынлық "Жаңа әўлад" мәмлекетлик бақшалары ҳәм олардың қурамында Балаларды раўажландырыў инновациялық орайлары шөлкемлестириледи. Бул бақшаларда қосымша басшы ҳәм тәрбияшы-тәрбияшы лаўазымлары енгизиледи, басшы хызметкерлер ҳәм педагогларға тариф ставкасының 20 проценти муғдарында айлық үстеме төленеди.

Мектепке шекемги ҳәм улыўма орта билимлендириў хызметлерин көрсетиўши мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлерине де бир жыллық таярлаў топарларын шөлкемлестириўге рухсат бериледи. Бул арқалы билимлендириў хызметлери базарында саламат бәсекини хошаметлеў ҳәм қамтып алыўды арттырыў нәзерде тутылған.

Кадрлар таярлаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. 2026-2027-оқыў жылынан баслап педагогикалық жоқары оқыў орынларының мектепке шекемги ҳәм баслаўыш билимлендириў бағдарындағы билимлендириў бағдарламалары алдынғы халықаралық тәжирийбеге муўапық жетилистириледи. Соның менен бирге, жумыс ислеп атырған орта арнаўлы мағлыўматлы педагоглар ушын дуал тәлим ("5+1) тийкарында бакалаврлар таярлаў системасы енгизиледи.

2027-2028-оқыў жылынан баслап таярлық топарларында билим алған балаларға мәмлекетлик үлгидеги электрон сертификат бериў, улыўма орта мағлыўмат ҳаққындағы аттестатқа тийисли мағлыўматларды киргизиў нәзерде тутылмақта.

Презентацияда мектепке шекемги билимлендириў тараўында жеке меншик секторды қоллап-қуўатлаўға қаратылған жаңа жеңилликлер де додаланды.

Қамтып алыў дәрежеси 80 проценттен төмен болған район ҳәм қалаларда (Ташкент қаласынан тысқары) мектепке шекемги билимлендириўде жеке меншик сектордың қатнасын кеңейтиў мақсетинде исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў бойынша бир қатар илажлар енгизиледи.

Атап айтқанда, мектеп ҳәм бақшалардың бос жер участкаларында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында мектепке шекемги билимлендириў мәкемесин шөлкемлестириўде 30 жылға шекем ижара төлеми өндирилмейди. Сондай-ақ, мәмлекетлик бақшалардың ҳәр бир тәрбияланыўшысына бир бала ушын қәрежеттиң 50 проценти муғдарында субсидия бериледи. Бул тәртип 2024-жылы шөлкемлестирилетуғын жеке меншик бақшаларға да енгизиледи.

Қамтып алыў дәрежеси төмен аймақларда 150 орынлықтан аз болмаған жаңа жеке меншик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерин шөлкемлестириў ушын 7 жыл мүддетке 5 миллиард сумға шекем жеңиллетилген кредитлер бериледи. Соның менен бирге, тәрбияшылардың айлық мийнет ҳақысын төлеў қәрежетлери мәмлекетлик бақшалар ушын белгиленген нормативлер тийкарында үш жыл даўамында қаплап бериледи. Компенсация ҳәр 30 тәрбияланыўшыға бир тәрбияшының штат бирлигинен келип шығып төленеди.

Бул жеңилликлер жаңадан қурылып атырған көп қабатлы турақ жайлардың биринши қабатында жайластырылатуғын жеке меншик бақшаларға да енгизиледи.

Сондай-ақ, сыйымлылығы кеминде 150 орынлық жеке меншик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерин шөлкемлестирген исбилерменлерге 2030-жыл 1-январьға шекем социаллық салық ставкасы бойынша жеңилликлер бериледи.

Мәмлекетимиз басшысы бул усынысларды пуқта ислеп шығып, басқышпа-басқыш әмелиятқа енгизиў, мектепке шекемги билимлендириўдиң сапасын арттырыў арқалы балалардың ҳәр тәреплеме раўажланыўы ушын беккем тийкар жаратыў зәрүр екенлигин атап өтти. Жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берилди.