баннер
14 Mar 2025
23:17

    Малайзия компаниясы Өзбекстанда электр скутерлер ислеп шығарыўды жолға қоймақшы

    Өзбекстан елшиси Каромиддин Гадоев Малайзияның “Pro Events and Marketing Sdn Bhd” компаниясының басқарыўшы директоры Элайне Тхам менен ушырасыў өткерди.

    "Дунё" МАның хабар бериўинше, ушырасыўда Малайзия тәрепи Өзбекстанда электр скутерлер (3 ҳәм 4 дөңгелекли ықшам электромобиль) ислеп шығарыў жойбарын әмелге асырыў имканиятларын көрип шығып атырғанын мәлим етти.

    "Дәслепки есап-санақлар тийкарында жыллық өндирис муғдары 5 мың скутерди қураў нәзерде тутылмақта. Кейин ала Орайлық Азия мәмлекетлерине экспорт потенциалын есапқа алған ҳалда, оны 10 мыңға жеткериў имканияты бар. Скутерлер ислеп шығарыўды локализациялаў Өзбекстанда халыққа жеткерип бериў хызметиниң сапасын және де арттырыўға хызмет етиўи мүмкин," - деди компанияның басқарыўшы директоры Элайне Тхам.

    Сондай-ақ, сырт ел тәрепи елимизде денсаўлықты сақлаў тараўында жасалма интеллект жәрдеминде адамларда медициналық диагностика өткериў бағдарламалық тәмийнатты енгизиў бойынша бирге ислесиўге таяр екенин билдирди.

    Ушырасыў жуўмағында белгиленген жойбарларды әмелге асырыў перспективаларын үйрениў ушын компания басшылығының Өзбекстанға бизнес-миссиясын шөлкемлестириўге келисип алынды.

    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech