Малайзиядағы әййемги қолжазбалардың нусқалары Өзбекстанға алып келинеди

    9 қаңтар 2025 167

    Бул қолжазбалар Ислам цивилизациясы орайының тарийхый экспозициясында көрсетилиўи күтилмекте.

    Малайзияда Ислам цивилизациясы орайының директоры Фирдавс Абдухолиқовқа мәмлекетимиздиң мәдений мийрасына байланыслы тарийхый қолжазбалардың факсимиле нусқалары тапсырылды.

    Булар: Абу Райхан Берунийдиң "Ат-Тафҳим" ҳәм Абулқосим Фирдаўсийдиң Темурийлер дәўиринде көширилген "Шаҳнама" шығармалары.

    Еслетип өтемиз, 1197-жылы көширилген Әбиў Райхан Берунийдиң "Ат-Тафҳим" шығармасы дүнья илиминде әҳмийетли дәрек сыпатында тән алынған. Абулқасым Фирдаўсийдиң "Шаҳнама"сы болса XV әсирде темурийлер дәўири китобат көркем өнери дәстүрлери тийкарында көширилген. Шығармада Камолиддин Беҳзод миниатюра мектебине тән дәстүрлер де анықланған.

    Бул қолжазбалар Ислам цивилизациясы орайының тарийхый экспозициясында көрсетилиўи күтилмекте.