Финляндияда "Юлдуз" өзбек мәдений орайы шөлкемлестирилгениниң 20 жыллығы белгиленди

    7 желтоқсан 2024 385

    Усы жылы 29-30-ноябрь күнлери Финляндия пайтахтында "Юлдуз" өзбек мәдений орайы шөлкемлестирилгениниң 20 жыллығы мүнәсибети менен байрам илажлары болып өтти.

    Илажларға Финляндияның рәсмий уйымларының ўәкиллери, усы мәмлекетте жумыс алып барып атырған сырт мәмлекетлердиң мәдений орайларының басшылары ҳәм ўатанласлар қатнасты.

    Финляндияның Өзбекстандағы елшиси (резиденциясы Хелсинки қаласында) Илкка Ряйцянен еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиў барлық бағдарларда, соның ишинде, мәденият тараўында жедел раўажланып атырғанын атап өтти.

    "Бундай мәдений илажлар мәмлекетлеримиз арасындағы өз-ара дослық байланысларын және де беккемлеўге ҳәм бирге ислесиў күн тәртибин және де байытыўға хызмет етеди," - деди дипломат.

    Мәмлекетимизден келген «Халқлар дўстлиги» ансамбли тәрепинен атқарылған миллий нама ҳәм қосықлар илажға өзгеше көринис бағышлады, деп хабар береди "Дунё" ХА.