Атап өтилиўинше, ушырасыўда Өзбекстанда “Five Petroleum” бренди астында жанылғы қуйыў шақапшалары тармағын жаратыў мәселеси додаланды.

Сондай-ақ, тәреплер Малайзия компаниясының мәмлекет аймақларында транспорт-логистика инфраструктурасын жаратыў имканиятларын көрип шықты.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм республикамыздың жанылғы-энергетика секторы ушын стратегиялық әҳмийетке ийе болған басламаларды раўажландырыўға келисип алды.