Марғиланлы исбилермен 2 мың 500 бастан аслам қусларды бағыўды жолға қойды

    8 сәуір 2025 1088

    Ол қуслар саўдасына қәнигелескен дүкән ашыўды мақсет еткен.

    Ферғана ўәлаяты "Туягум" МПЖда жасаўшы Шуҳратжон Рустамов 2002-жылдан берли ҳәр қыйлы сийрек ушырасатуғын қусларды тәрбиялаў менен шуғылланып келмекте. Дәслеп тек ғана 4 бас қус пенен жумыс баслаған исбилермен бүгинги күнде 12 түрден аслам, 2 мың 500 бастан зыят қусты бағып, шаңарақлық дәраматын жолға қойған.

    "Мәҳәллемизде 50 ден аслам шаңарақ қус бағыў менен шуғылланады. Бул бағдар мәҳәллемизде "драйвер жойбар" сыпатында таңлап алынған. Мәсләҳәт сорап келгенлерге, қызыққанларға жәрдем берип киятырман", - дейди Шуҳратжон Рустамов.

    Исбилерменниң келешектеги режелери үлкен. Ол қуслар саўдасына қәнигелескен дүкән ашыўды мақсет еткен. Бул дүкәнда тек ғана ҳәр қыйлы қуслар емес, ал оларға зәрүр болған өнимлер яғный азықлық, витамин ҳәм гигиена қураллары, қәпеслер сатылыўы нәзерде тутылған. Сол арқалы жаңа жумыс орынларын жаратыў да режелестирилген.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates