Бул әпиўайы үмитлениў емес, адамларды разы етиў жолындағы реформаларға жоқары исеним еди. Сонлықтан, Муратбай имканиятларынан кеңнен пайдаланып, исбилерменликти баслады. Ол "Тахтакөпир" посёлка пуқаралар жыйыны аймағында “FROM MEBEL” жеке меншик кәрханасын ашып, мебель ислеп шығарыўды жолға қойды. Күни кеше ғана мийнет мигранты болып жүрген жерлесимиз райондағы жетекши исбилерменлер қатарынан орын алды. Атап айтқанда, 2023-жылы жумысын кеңейтиў мақсетинде аймақтағы киши санаат зонасынан бос турған имаратты инвестиция киргизиў шәрти менен сатып алды.
- Банктиң 350 миллион сум жеңиллетилген кредити есабынан мебель ислеп шығарыў ушын зәрүр заманагөй үскене сатып алдық. Бул халықтың талапларына сәйкес келетуғын сапалы мебельлер ислеп шығарыўымызда қол келмекте, - дейди Муратбай Айымбетов. - Ҳәрекетлеримиз нәтийже берип атыр. Мәселен, кәрханамызда 8 адам жумыс пенен тәмийинленген. Жылына 720 миллион сумлық мебель ҳәм темир буйымлар ислеп шығарып атырмыз.
Усы жерде Қарақалпақстанның арқасындағы ең алыс аймақлардан бири болған Тахтакөпир районының аталыўына тоқтап өтсек. Район аймағынан дәьря ағып өткен. Оның еки жағасын байланыстырыў ушын 1904-жылы көпир қурыў зәрүр болған. Сол заманларда елдиң ақсақаллары ойласып, тереклерди кесип көпир салған. Белгили ўақыт өткеннен кейин, 1928-жылы район шөлкемлестириледи. Оған атама бериў ушын аймақтағы көпир тийкар болады. Солай етип район Тахтакөпир атын алады. Өйткени бир ўақытлары айдай дала болған бул жерде көзге көринетуғын басқа қурылыс жумыслары болмаған. Заманлар өтти, дәўир өзгерди. Бүгин Тахтакөпир районы ең шетки аймақ болыўына қарамастан, Өзбекстандағы үлкен әҳмийетке ийе ири жойбарлар майданына айланды. Келешекке исеним ҳәм үмит байлаған халықтың арзыў-нийетлери әмелге аспақта. Аймақларды комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған жойбарлар Тахтакөпир сыяқлы шетки орынларда басланып, елимиз бойлап кеңнен ен жаймақта. Буның нәтийжелери болса әпиўайы халықтың турмыс тәризинде де айқын көзге тасланады.
Тахтакөпир районында жаңа жумыс орынларын ашыў, инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бағдарында да кең көлемли жумыслар орынланбақта. Буған мысал етип, "Қараой" аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы “KAUSAR TEGIRMON” шарўашылық кәрханасын айтыў мүмкин. Кәрханада улыўма баҳасы 32 миллиард сумлық жойбарларды әмелге асырыў белгиленген. Ҳәзирге шекем шарўашылық комплексине 120 бас нәсилли қарамал алып келинди. Сондай-ақ, сүтти қайта ислеў жойбары шеңберинде 10 ға шамалас жумыс орны ашылды.
- Өткен жылы шет елден 120 бас нәсилли малды жеңиллетилген түрде алып келгенбиз. Бурын шарўашылық тараўында бундай жеңилликлер болмаған, - дейди кәрхана ис жүргизиўшиси Бахтиёр Мадреймов. - Бизде 3 жыллық жеңиллик бар. Буннан ақылға уғрас пайдаланып атырмыз. Ҳәзир 35-40 сыйырдан 400 литр әтирапында сүт саўып алынбақта. Сүт өнимлерин районымыздағы балалар бақшаларына жеткерип берип атырмыз.
Бул кәрханада баҳасы 878 мың долларлық жүнди қайта ислеў жойбарына қол урылған. Жойбар толық иске қосылғаннан соң, 15 адам турақлы жумыс пенен тәмийинленеди.
- Қытайдан алып келинген үскенелер жәрдеминде жүнди қайта ислеймиз, - дейди кәрхана технологы Асенбай Бекмуратов. - Кәрханамыз "жасыл" энергия жәрдеминде ислейди. Оның ушын 450 киловатт қуўатлылыққа ийе қуяш панельлери орнатылған.
Бүгин Тахтакөпирде ислеп шығарылып атырған ас дузынан тек ғана жергиликли халық емес, ал германиялылар да пайдаланбақта. “Good Salt Production” жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен улыўма баҳасы 20 миллиард сумлық ас дузын ислеп шығарыў жойбары иске қосылған. Бул кәрханада 25 пуқараның турақлы бәнтлиги тәмийинленген. Кәрхана жылына 6,5 миллиард сумлық 10 мың тонна ас дузын ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе. Өнимлер жергиликли базар ҳәм Европаға, соның ишинде, Германияға жылына 200 мың долларлық баҳада экспорт етилмекте.
- Кәрханамызда тийкарынан жергиликли халық жумыс пенен тәмийинленген. Биз 5 түрдеги ас дузын 800 грамм ҳәм 1 килограммнан қадақлаймыз, - дейди кәрхана жумысшысы Серегул Ершаева. - Өним 100 километр узақлықтағы Белтаў дуз кәнинен алып келинеди. Шийки затты бул жерде тазалап, тутыныў стандартларына сәйкеслендирип қайта ислеймиз.
Президентимиздиң 2023-жыл 8-августтағы "Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлерге қолайлы шараятлар жаратыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы пәрманының орынланыўы шеңберинде өндирис, исбилерменлик жумысы кеңейип бармақта. Мәселен, Тахтакөпир районындағы Даўқара мәҳәллеси аймағында "Тахтакөпир Голд Текстиль өнимлери" кәрханасының жойбары старт алған. Бул инвестициялық жойбар ушын 4,5 гектар жер ажыратылды. Улыўма баҳасы 25,4 миллион доллар болған жойбарға муўапық жылына 5000 тонна жип ислеп шығарылып, 11,1 миллиард сумлық таяр өним сатыў режелестирилген. Кәрхана толық иске қосылғаннан соң, жүзлеген жаңа жумыс орны ашылады.
- Бизге зәрүр технология ҳәм үскенелер Швейцариядан алып келинеди. Бул бағдарда быйыл февральда шәртнама дүзиўге еристик. Соның менен бирге, қәниге-технологлар да усы мәмлекеттен келеди. Олар 6 ай жергиликли жумысшыларға кәсип-өнер үйретеди, - дейди кәрхана директоры Нурлыбек Алиев. -Егер кәрханамыз толық иске қосылса, 300 адам жумыс пенен тәмийинленеди. Жылына 6300 тонна пахта талшығын қайта ислеп, 5000 тонна жип ислеп шығарамыз. Таяр өнимди Европаға сатыўды мақсет еткенбиз.
Буннан шерек әсир бурын суўсызлық себепли райондағы айырым шаңарақлар үйин таслап көшип кетиўге мәжбүр болған еди. Мине, усындай алыс аймақ - Тахтакөпир районы бүгин шын мәнисинде жаңаланды. Енди оннан көшип кетиў ҳаққында ҳеш ким ойланып та көрмейди. Керисинше, Тахтакөпирге келетуғын туристлер жыл сайын көбейип бармақта.
Қаратерең көли бойында ҳеш жерде уқсасы жоқ этнотуристлик мәнзил пайда болады. Көл район орайынан 40 километр аралықта жайласқан. Бул аймақтың өзине тән өзгешеликлери көп. Көл бойында миллий колориттеги қара үйлер (отаўлар) тикленген. Туристлер ушын зәрүр барлық шараят таярланған. Мийманлар тегис жоллар арқалы дем алыў ушын көл бойына келеди. Және бир жақсы тәрепи жергиликли халық жумыс пенен бәнт. Әйне жаз мәўсиминде бул жер жергиликли ҳәм сырт елли туристлер менен толы болады. Аўа, бир ўақытлары район атына тийкар болған тахта көпир бүгин узақ тарийхқа айланды. Жаңа Өзбекстандағы өзгерислер болса өмир теңизиндеги бүгин ҳәм келешек деген еки жағысты бирлестиретуғын исеним атамасындағы беккем көпирге айланып үлгерди.
Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы








