Елимиз ишки ислер уйымларындағы мәртлик мийнети, жынаятшылыққа қарсы гүресиў, жәмийетлик қәўипсизликти ҳәм халықтың тынышлығын сақлаў, жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў, жол-транспорт ҳәдийселериниң алдын алыў, ҳуқықбузарлықлар профилактикасын нәтийжели әмелге асырыў бағдарындағы үлкен хызметлери, сондай-ақ, өз ўазыйпасын жоқары мақтаныш пенен, муқаддес антына садықлық пенен орынлағаны, мәртлик ҳәм пидайылық үлгисин көрсеткени, жас әўладты Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаўда белсене қатнасқаны ушын Ташкент қаласы Ишки ислер бас басқармасы Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасының жол-патруль хызмети инспекторы, киши сержант Эшназаров Хосилбек Бекназар улы (марҳум) "Жасорат" медалы менен сыйлықлансын.

Өзбекстан Республикасы Президенти

Ш.Мирзиёев