Орайлық банк бир пайдаланыўшыға берилетуғын банк карталарының санын жәриялады

    Орайлық банк бир қарыйдарға берилетуғын банк карталарының санын ўақтынша шекледи. Енди бир банкте 5 ке шекем, жәми болса 20 ға шекем, соның ишинде, виртуал ҳәм кобейджинг карталарын (валюта карталарынан тысқары) алыў мүмкин.

    Атап өтилиўинше, орайлық банк тәрепинен "банклер тәрепинен бир физикалық шахсқа (бир ПЖШИРге) карталардың санын бир банкте 5 ке шекем, барлық банклерде 20 қа шекем эмиссия етиў мүмкинлиги" бойынша ўақытша тәртип ислеп шығылған.

    Онда карталардың саны виртуал ҳәм кобейджинг карталарын есапқа алған ҳалда белгиленген (шет ел валютасында ашылған банк карталарына қолланылмайды). Бул тәртип хызмет шеңберинде пайдаланыў ушын болып, ол коммерциялық банклерге орынлаў ушын жиберилген.

    Тәртиптиң әмел етиў мүддети 2025-жылдың 1-январынан 31-декабрине шекем етип белгиленген.