Көргизбеде Арал экосистемасын тиклеў, аймақтың мәдений мийрасын қәстерлеп сақлаў ҳәм турақлы раўажланыўына жәрдемлесиўге қаратылған сийрек ушырасатуғын басламалар көрсетилди. Бул жерде визуал, сенсор ҳәм интерактив қураллар арқалы Аралбойының тәбийий ҳәм мәдений байлығы менен танысыў мүмкин.
Көргизбеден архитектура ҳәм ландшафт фотографиясына қәнигелескен белгили фотосүўретши Иван Баанның шығармалары, Қарақалпақстан ушын тән өсимлик есапланған қамыстан жаратылған флористикалық композиция, сондай-ақ, Аралбойының дәстүрий өнимлери - сексеўил туқымы, бақаншақлар, тәбийий дуз, қуўратылған әдираспан, дәстүрий нағыслы кийиз ҳәм басқа да көплеген экспонатлар орын алған.