Атап айтқанда, көргизбеде Санжар Кубаев ҳәм Әлийшер Назировтың “Moonjars”
ыдыслары, Шавқиддин Камоловтың көркем қайшылары орын алған.
Буннан тысқары, Диёрбек Абдуллаев ҳәм Сабина Жўраева “Young Ambassadors” бағдарламасының медиаторлары сыпатында Өзбекстаннан қатнаспақта.
Өзбекстанның көргизбеде қатнасыўы Өзбекстан мәденият ҳәм көркем өнерди
раўажландырыў қорының 2023-жылы Бухарада “Homo Faber Guide” өзбек бөлиминиң иске қосылыўы менен басланған “Michelangelo
Foundation” менен бирге ислесиўи
шеңберинде болып өтпекте.
Быйыл “Homo Faber”
70 мәмлекеттен 500 ден аслам усталарды бирлестирип, 700 ден аслам заманагөй
көркем өнерментшилик дөретпелерин усынды.
Сондай-ақ,
Өзбекстанның қатнасыў бағдарламасын Мадина Қасымбаеваның дәстүрий сүзене
тигиўге бағышланған шеберлик сабақлары да толықтырады.