Көргизбеде Өзбекстан музейлери ҳәм Қатар коллекцияларынан исламға шекемги дәўир, саманийлер ҳәм темурийлер дәўиринен ҳәзирги заманға шекемги дәўирди қамтып алған бийбаҳа экспонатлар орын алған. Экспозицияда дәстүрий өнерментшилик ҳәм тоқымашылық көркем өнери үлгилери де орын алған.

- Бул Қатар халқы ҳәм мийманларын мәмлекетимиз тарийхы ҳәм мийрасы менен таныстырыў ушын үлкен имканият ҳәм Өзбекстан менен Қатар арасындағы мәдений байланысларды раўажландырыўда және бир әҳмийетли қәдем болып есапланады, - деди Саида Мирзиёева.

Усы күни қатарлы жети өнерменттиң Ташкент, Самарқанд ҳәм Бухара қалаларына сапарының жуўмағы болған «Ektashif Uzbekistan» көргизбесиниң ашылыўы болып өтти.

Қатнасыўшылар Өзбекстанның мәденияты, тарийхы ҳәм дәстүрлеринен руўхланып, зергерлик буйымлары, әййемги каллиграфия усылындағы текстлер ҳәм гилемлер жаратты. Буннан тысқары, көргизбеден өнерментлердиң Өзбекстан бойлап саяхаты ўақтында түсирген фотосүўретлери де орын алған.

Ҳәр еки көргизбе де Қатар ҳәм халықаралық аудиторияны Өзбекстанның бай мәдений мийрасы менен таныстырыў, еки мәмлекет арасындағы гуманитарлық ҳәм мәдений байланысларды буннан былай да раўажландырыўға хызмет етеди.