баннер
21 Mar 2025
04:34

    "Жуўапкершилиги шекленген жәмийетлер ҳаққында"ғы Нызамға жаңа нормалар киргизилмекте

    Нызамшылық палатасында "Жуўапкершилиги шекленген жәмийетлер ҳаққында"ғы нызам жойбары екинши оқыўда көрип шығыў ушын таярланбақта.

    Бул ҳаққында Олий Мажлис Нызамшылық палатасы Спикериниң орынбасары Раҳимжон Ҳакимов өзиниң рәсмий телеграмм бетинде мәлим етти.

    Нызам жойбарына бола, жуўапкершилиги шекленген жәмийетлердиң ҳүжжетлеринде жумыс ислеў мүддети белгиленген болса, усы мүддет тамам болыўынан кеминде 6 ай алдын кредиторлар менен есап-санақларды әмелге асырыў зәрүр екенлиги белгиленбекте.

    Сондай-ақ, Нызамның 4-статьясы жаңа редакцияда баян етилмекте. Оған бола, жәмийеттиң жуўапкершилиги толық ҳәм анық сәўлелендирилмекте.

    Атап айтқанда:

    жәмийеттиң қатнасыўшылары жәмийеттиң жумысы менен байланыслы зыянлар ушын өзлери қосқан үлеслердиң баҳасы шеңберинде жуўапкер болыўы;

    жәмийет өз қатнасыўшыларының миннетлемелери бойынша жуўап бермеўи;

    мәмлекет ҳәм оның уйымлары жәмийеттиң миннетлемелери бойынша жуўапкер болмаўы, тап сол сыяқлы жәмийет те мәмлекет ҳәм оның уйымларының миннетлемелери бойынша жуўапкер болмаўы нәзерде тутылмақта.

    Және бир өзгерис. Жәмийеттиң филиаллары ҳәм ўәкилханаларының ҳуқықлары менен миннетлемелери толық ашып берилмекте. Буннан тысқары, филиал ҳәм ғәрезли хожалық жәмийетлерин шөлкемлестириў тәртиби белгиленип айрықша статья сыпатында жарытылмақта.

    Жәмийет қатнасыўшыларына да жаңа миннетлеме жүкленбекте, енди олар өзине тийисли мағлыўматлар өзиниң жайласқан орны (почта мәнзили), телефон номери, электрон почта мәнзили) өзгергени ҳаққында жәмийетти хабардар етиўи керек болады.


    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech