Медиа өнимлерин "мәнаўий экспертиза"дан өткериўди енгизиў ҳаққындағы қарар бийкар етилди

    14 желтоқсан 2024 195

    Социаллық тармақларда медиа өнимлерин "мәнаўий экспертиза"дан өткериў енгизилгени ҳаққында хабарлар тарқалмақта.

    Әдиллик министрлиги тәрепинен бул мәселе үйренилгенде онда физикалық ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерине тийиўши улыўма мәжбүрий күшке ийе болған ҳуқықый нормалар белгиленгени анықланды.

    Әмелдеги нызамшылыққа муўапық министрликлер ҳәм уйымлардың усындай түрдеги ҳуқықый ҳүжжетлери Әдиллик министрлигинде мәмлекетлик дизимнен өткерилиўи керек.

    Мәмлекетлик дизимнен өткерилмеген бул түрдеги ҳүжжетлер тийисли жәмийетлик қатнасықларды ҳуқықый жақтан тәртипке салыў ушын тийкар болып хызмет етиўи мүмкин емес ҳәм ҳуқықый ақыбетлерге алып келмейди.

    Сол себепли, медиа өнимлерин "мәнаўий экспертиза"дан өткериўди енгизиў ҳаққындағы қарар бул ҳүжжетти қабыл еткен уйымлар тәрепинен бийкар етилгенлиги ҳәм орынлаўдан шығарып алынғаны мәлим етиледи.

    Соның менен бирге, Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы қәнигелери тәрепинен ҳәр қыйлы дәреклерде тарқатылған медиа өнимлердиң әмелдеги нызамшылыққа қайшы екенлиги анықланған жағдайда оларды сапластырыў бойынша аналитикалық пикирлер түринде ўәкилликли уйымларға белгиленген тәртипте усыныс киргизип барыў мақсетке муўапықлығы ҳаққында усыныслар берилди.

    No date selected
    December 2024
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates