Усы тарийхый ҳүжжет пенен Мәҳәлле инфраструктурасын буннан былай да жетилистириў ҳәм оларға Жаңа Өзбекстан көринисин алып кириў бойынша тийкарғы реформалар бағдарламасы да тастыйықланды.

Бул бағдарламалар алдынғы сырт ел тәжирийбеси, заманагөй басқарыў стандартлары ҳәм миллий раўажланыў талаплары тийкарында пүткиллей жаңа қатнас руўхында ислеп шығылғаны менен әҳмийетли болып есапланады. Оларда мәмлекетлик сиясаттың усы жыл ушын белгилеп алынған тийкарғы бағдарлары, анық мақсетли көрсеткишлери ҳәм оларға ерисиўдиң пуқта ойланған механизмлери жәмленген. Ең әҳмийетлиси, бул ҳүжжетлер мәҳәллеге тек ғана социаллық институт сыпатында емес, ал раўажланыўдың таяныш ноқаты сыпатында қаралып атырғанынан дәрек береди.

"Кеңесли той тарқамас"

Халқымыз мың жыллар даўамында бул ҳикметке қатаң әмел етип келген. Мәсләҳәт ҳәм аўызбиршилик пенен әмелге асырылған жумыс турақлы, тәртипли ҳәм берекетли болады. "Той" сөзи болса улыўма - үлкен ис, илаж, жәмәәтлик ҳәрекет, деген мәниде қолланылған. Саҳыпқыран Әмир Темур бабамыз да өзиниң "Темур түзиклери"нде салтанат жумысларының оннан тоғыз бөлегин кеңес, илаж ҳәм мәсләҳәт пенен орынлағанын айрықша атап өткени бийкарға емес. Демек, уллы мәмлекетшилик дәстүримизде ақыл, мәсләҳәт ҳәм жәмәәтлик пикир үстин орын тутқан.

Бүгин мине усы ийгиликли принцип жаңаша мәнис-мазмунға ийе болмақта. Шавкат Мирзиёев президентлик лаўазымына кирискен дәслепки күнлерден-ақ мәмлекетлик басқарыўда ашық-айдынлық ҳәм мәсләҳәтлесиўди бас өлшемге айландырды. Енди әҳмийетли қарарлар тар шеңберде емес, ал жәмийетшиликтиң қатнасыўында додаланып, қабыл етилмекте. Ҳәттеки, нызам ҳәм нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлер жойбарлары Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын додалаў порталына жайластырылып, пуқаралардың пикир-усыныслары, усыныс ҳәм наразылықлары үйренилмекте. Бул - "кеңесли той"дың заманагөй көриниси десек, асыра айтқан болмаймыз.

Себеби жақын өтмиште мәмлекет турмысына байланыслы әҳмийетли қарарлар, айырым нызам ҳәм нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлер белгили бир "кабинетлер"де, шекленген шеңберде, гейде айрықша шахслардың ерк-ықрары менен қабыл етилген еди. Бундай ҳүжжетлер болса толық болмаған, күтилген нәтийжени бермеген, өз гезегинде, орынлаўда да машқалаларға себеп болған. Жаңа дәўир болса пүткиллей басқаша талапты қоймақта: мәмлекет - халық ушын, қарар - халық пенен бирге қабыл етилиўи шәрт.

Усы мәнисте, бүгинги реформалар тийкарында халық данышпанлығының сол әййемги даналығы жәмленген: кеңес пенен исленген ис - тарқалмайды, халық пенен исленген қарар - беккем болады.

Буның тастыйығы сыпатында пәрман жойбары да дәслеп Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарлары порталына жайластырылып, пүткил мәмлекет жәмийетшилигиниң додалаўынан өткерилди. 23-январь - 1-февраль күнлери ғалаба хабар қураллары ҳәм интернет тармақларында кеңнен үгит-нәсиятланды. Интернетте жойбар менен 5 миллионнан аслам пайдаланыўшы танысып, олар бул бойынша 22 мыңнан аслам пикир-усынысларды билдирди.

Буннан тысқары, жоқары оқыў орынлары ҳәм мәмлекетлик уйымларда, АҚШ, Германия, Түркия, Франция, Канада, Корея, Япония, Швеция, Португалия ҳәм Қазақстандағы ўатанласлардың қатнасыўында пикир-таласлар шөлкемлестирилип, қосымша усыныслар алынды.

Және бир әҳмийетли тәрепти айрықша атап өтиў орынлы. Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясының басламасы менен республикамыздағы 8992 мәҳәлледе ашықтан-ашық сөйлесиў түринде өткерилген пәрман жойбарын додалаўда халықтың түрли қатламлары өз пикир ҳәм тилеклерин еркин билдириў имканиятына ийе болды.

Ушырасыўларда халық тәрепинен пәрман жойбарында белгиленген илажлар, әсиресе, мәҳәлле қаржылары жумсалыўы бойынша ашық есап бериўди күшейтиў, мәҳәллелерде ишки жоллар, пиядалар ҳәм велосипед жолларын шөлкемлестириў бойынша басламалар қоллап-қуўатланды. Ең әҳмийетлиси, ўатанласларымыз мәмлекетимиз келешегине байланыслы мәселелерге бийпәрўа емес екенлигин әмелде көрсетти. Олар билдирген пикир-усыныслар жойбарды және де жетилистириў, оны турмыс талаплары ҳәм халықтың талапларына және де бейимлестириўге хызмет етти.

Таллаўлар нәтийжесинде конструктивлик деп табылған 1000 ға шамалас усыныс сайлап алынып, жойбарға киргизилди. Бул, өз гезегинде, халқымыз реформалар процесинде белсене қатнасып атырғаны ҳәм мәмлекеттиң раўажланыўына байланыслы қарарлар қабыл етилиўинде өз жуўапкершилигин терең аңлап атырғанының айқын көриниси болып есапланады.

Ҳәр бир сан артында инсан тәғдири жәмленген

"Адамларды қыйнап атырған машқалаларға мәҳәллениң өзинде шешим табатуғын ҳақыйқый халықшыл система жаратыў мениң ең үлкен нийетим болып есапланады", - деп жазған еди Президентимиз өзиниң "Ҳәзирги заман ҳәм Жаңа Өзбекстан" китабында. Бул сөзлер әпиўайы гәп емес, ал мәмлекетлик басқарыў философиясының түп мәнисин аңлатады. Себеби инсанның дәртин оның өзи жасап атырған орталық - мәҳәлле жақсы сезеди.

Бүгин мәҳәлле тек ғана руўхый тәрбия ошағы емес, ал машқалаларды жедел шешетуғын таяныш орынға айланбақта. Себеби, пәрманда мәҳәллени раўажландырыў бойынша әмелге асырылатуғын тийкарғы реформалардың тийкарғы бағдарлары белгиленди. Мәҳәллелерде 10 мыңнан аслам өндирис ҳәм хызмет көрсетиў жойбарларын иске қосыў арқалы қосымша 100 мың жаңа жумыс орнын жаратыў, кәмбағаллық ҳәм жумыссызлықтан жырақ мәҳәллелердиң санын 3,5 мыңға жеткериў, мәҳәллелердиң инфраструктурасын жетилистириўге 20 триллион сум қаржы қаратып, оларға Жаңа Өзбекстан келбетин алып кириў, мәҳәллелердеги машқалаларды бир ўақыттың өзинде жедел шешиўде барлық мәмлекетлик уйымларға жуўапкершиликти жүклеп, орынлаўды 24/7 режиминде онлайн қадағалаў әмелиятын жолға қойыў солардың қатарына киреди.

Бул санлар тек ғана статистикалық көрсеткишлер емес. Олардың ҳәр бириниң артында Президентимиз басшылығындағы жәмәәттиң күни-түни излениўи, пуқта есап-санағы ҳәм үлкен жуўапкершилиги жәмленген. Бул тек ғана санлар емес, ал мыңлаған шаңарақлардың дастурханы мол, жаслар жумыслы, мәҳәллелер абат ҳәм абадан болады, дегени.

Ең әҳмийетлиси, ҳәр бир сан артында инсан тәғдири, ҳәр бир режениң артында ел келешеги турыпты. Бул - жаңа Өзбекстанды қурыў жолындағы анық қәдемлер, халықтың абаданлығын тәмийинлеўге қаратылған исенимли ерк-ықрардың көриниси болып есапланады. Сонлықтан, бул көрсеткишлер тек ғана экономикалық мақсет сыпатында емес, ал халықтың исеними, ертеңги күнге үмит ҳәм жуўапкершилик тымсалы сыпатында қәдирли.

Мәнзилли реформалар - турақлы табыс тийкары

Бүгин мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардың орайында инсан мәпи, оның абадан турмысы ҳәм мүнәсип турмыс шараяты тур. Усы мәниде, Мәҳәлле инфраструктурасын буннан былай да жетилистириў ҳәм оларға Жаңа Өзбекстан келбетин алып кириў бойынша тийкарғы реформалар бағдарламасы орынларда машқалаларды күтпестен шешетуғын, раўажланыўды мәҳәллениң өзинде баслайтуғын басқарыўдың жаңа моделине өтиўдиң әмелий көриниси болып есапланады.

Мәҳәллениң экономикалық қүдирети артпаса, оның социаллық турақлылығын ҳәм халықтың абаданлығын тәмийинлеў қыйын. Сонлықтан, бағдарламада мәҳәлледе санаат ҳәм хызмет көрсетиў жойбарларын әмелге асырыў белгиленип, бул бағдарды мәҳәллениң ҳақыйқый раўажланыў ноқатына айландырыўға қаратылған стратегиялық қәдем сыпатында көзге тасланбақта.

Соның ишинде, мәҳәллелер аймағында нызамшылықта белгиленген тәртипте өндирис кәрханалары ҳәм хызмет көрсетиў орынларын шөлкемлестириў ушын кредит қаржыларын ажыратыўға жәми 5 триллион сум қаратыў режелестирилген. Сондай-ақ, усы мақсетлерде исбилерменлик субъектлери ушын ажыратылатуғын кредит процентиниң миллий валютада 10 процентке шекемги, сырт ел валютасында 4 процентке шекемги бөлеги "Исбилерменликти раўажландырыў компаниясы" АЖ тәрепинен қаплап берилиўи нәзерде тутылмақта.

Нәтийжеде жылдың ақырына шекем 10 мыңнан аслам өндирис ҳәм хызмет көрсетиў жойбарларын иске қосыў арқалы мәҳәллелерде қосымша 100 мың жаңа жумыс орны жаратылады. Бул болса мәҳәллени тек ғана жасаў мәнзили емес, ал турақлы дәрамат дәреги, баслама ҳәм имканиятлар мәканына айландырады.

Инсан машқаласы қурғақ статистика емес, ал тири тәғдир. Сонлықтан, бағдарламада мәҳәллелерде халықтың машқалаларын "шаңарақ кесиминде" үйрениў ҳәм мәмлекетлик уйымлар тәрепинен олардың шешилиўин онлайн қадағалаў тәртибин енгизиў нәзерде тутылмақта. Бул системаға бола, "мәҳәлле жетилиги" ўәкиллери ҳәр бир шаңарақ кесиминде машқалаларды реже-график тийкарында үйренип, анықланған мәселелерди "санлы мәҳәлле" платформасына киргизеди. Кейин ала болса бул машқалалар жасалма интеллект арқалы тийисли министрликлер ҳәм уйымларға тарқатылады ҳәм олар шешилмегенге шекем орынлаў жағдайы Министрлер Кабинети тәрепинен қатаң қадағалаўға алынады.

Соның менен бирге, халықтың анықланған машқалаларын шешиў дәрежеси министрликлер ҳәм уйымлар басшыларының жумысын баҳалаўдың тийкарғы өлшемлеринен бири сыпатында белгиленди. "Ханаданбай" анықланған машқалалардың орынланыўы Есап палатасы ҳәм Басқарыў нәтийжелилиги агентлиги тәрепинен қадағаланады ҳәм ҳәр шеректе Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына мәлимлеме киргизип барылады.

Нәтийжеде халықтың барлық машқалаларын шешиўди бир ўақыттың өзинде тийисли уйымға жүклеў ҳәм нәтийжеси бойынша анық мүддетте сораў бериў системасы қәлиплеседи. 100 ден аслам мәмлекетлик уйымлардың халықтың машқалаларын шешиўде тиккелей қатнасыўы тәмийинленеди. Онлайн қадағалаў ҳәм жасалма интеллект тийкарында муўапықластырылған бул механизм мүрәжатларды артықша әўерегершиликсиз, белгиленген мүддет ҳәм анық жуўапкершилик пенен шешиў имканиятын береди.

Мәҳәлледеги реформалардың нәтийжеси, бәринен бурын, оны әмелге асырып атырған кадрлардың жуўапкершилиги ҳәм ўәкилликлерин анық белгилеўге байланыслы. Соны есапқа алған ҳалда, бағдарламада "мәҳәлле жетилиги" жумысын шөлкемлестириў процесслерин реформалаў мәселеси де нәзерде тутылған. Оған бола, 500 мәҳәлледе сынақ тәризинде "мәҳәлле жетилиги" ўәкиллерин олардың өзи жасап атырған ҳәм қоңсылас мәҳәлледен тайынлаў әмелияты енгизиледи.

Сондай-ақ, "мәҳәлле жетилиги" ағзаларын мәжилислер ҳәм басқа да илажларға тартыў тек ғана пуқаралар жыйыны баслығының руқсаты менен әмелге асырылады, оларға ўазыйпа ҳәм жумыс бағдарларына байланыслы болмаған ўазыйпаларды жүклеў қатаң қадаған етиледи. Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы тәрепинен бул талапты бузғаны ушын мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жуўапкер ҳәм лаўазымлы шахсларын ийелеп турған лаўазымынан азат етиўге шекемги жаза илажларын қолланыў бойынша ҳәр айда Өзбекстан Республикасы Бас министрине усыныслар киргизип барыў әмелияты жолға қойылады.

Нәтийжеде "мәҳәлле жетилиги" жумысын шөлкемлестириўде пуқаралар жыйыны баслығының роли сезилерли дәрежеде артады, тайынлаў процесинде аймақтың реал жағдайын жақсы билетуғын қәнигелерди таңлап алыў имканияты кеңейеди. Олардың ўәкилликлерин анық белгилеп қойыў арқалы артықша ўазыйпалар жүклениўине шек қойылады, ҳуқықый тийкарлар беккемленеди. Ең әҳмийетлиси, мәҳәлледе басқарыў системасы тәртипли, жуўапкершиликли ҳәм нәтийжеге бағдарланған түрге енеди.

Жуўмақлап айтқанда, он бәнттен ибарат бул бағдарлама мәҳәллени әпиўайы ҳәкимшилик буўын емес, ал экономикалық өсиў, социаллық турақлылық ҳәм әдил басқарыў орайына айландырыўды нәзерде тутады. Ҳәр бир қарар артында инсан тәғдири, ҳәр бир сан тийкарында шаңарақ абаданлығы жәмленгени болса бул реформалардың стратегиялық ҳәм ҳақыйқый халықшыл әҳмийетин және бир мәрте тастыйықлайды.

Кең көлемли ўазыйпалар жоқары жуўапкершиликти талап етеди

Пәрман ҳәм ол менен тастыйықланған Мәҳәлле инфраструктурасын буннан былай да жетилистириў ҳәм оларға Жаңа Өзбекстанның келбетин алып кириў бойынша тийкарғы реформалар бағдарламасында белгиленген ўазыйпалардың көлеми оғада кең ҳәм жуўапкершиликли болып есапланады. Мәҳәллелерде мыңлаған өндирис ҳәм хызмет көрсетиў жойбарларын әмелге асырыў, жүз мыңлаған жаңа жумыс орынларын жаратыў, кәмбағаллықты қысқартыў, инфраструктураны жетилистириў, машқалаларды "шаңарақ кесиминде" үйрениў, санлы қадағалаў ҳәм жасалма интеллект тийкарында басқарыў системасын енгизиў - булардың барлығы мәҳәллениң тек ғана социаллық институт емес, ал стратегиялық раўажланыў орайына айланып атырғанынан дәрек береди.

Бул процессте Өзбекстан мәҳәллелери аўқамы системасы хызметкерлериниң жуўапкершилиги айрықша әҳмийетке ийе. Себеби мәҳәлледеги ҳәр бир баслама, ҳәр бир реформа, бәринен бурын, орынлардағы әмелий орынлаў ҳәм шөлкемлестириў потенциалына байланыслы. Аўқам, "мәҳәлле жетилиги" ағзалары тек ғана орынлаўшы емес, ал мәмлекет ҳәм жәмиечилик арасында шөлкемлестириўши күш сыпатында көриниўи керек. Олардан тек ғана тәртип-интизам ҳәм жуўапкершилик емес, ал интакерлик, әдиллик ҳәм қалыслық та талап етиледи.

Ўазыйпалар көлеминиң кеңлиги ҳәр биримизден өз жумысымызға жаңаша қатнасты, санлы көнликпелерди ийелеўди, халық пенен ислесиў мәдениятын буннан былай да арттырыўды талап етеди. Себеби мәҳәлле системасындағы ҳәр бир ис-ҳәрекет пүткил мәмлекетлик сиясаттың нәтийжелилигине тәсир көрсетеди. Егер орынларда жумыс системалы ҳәм нәтийжели шөлкемлестирилсе, ең пуқта реже де турмыста өз нәтийжесин береди, болмаса болса, ең жақсы идея да күтилген нәтийжени бермеўи мүмкин.

Усы мәниде, мәҳәлле хызметкерлериниң пидайылығы, жуўапкершилиги ҳәм кәсиплик шеберлиги жаңа Өзбекстанның раўажланыўының әҳмийетли факторы болып есапланады. Себеби мәҳәлле - бул тек ғана аймақлық бирлик емес, ал инсан тәғдири шешилетуғын, исеним беккемленетуғын, әдиллик орнайтуғын орын болып есапланады.

Қаҳрамон ҚУРОНБОЕВ,

Өзбекстан мәҳәллелери аўқамы баслығы,

сиясий илимлер докторы, профессор.