Мәмлекетимиз басшысы 27-январь күни Ташкент қаласында қәўипсиз орталықты қәлиплестириў ҳәм жәмийетлик қәўипсизликти нәтийжели тәмийинлеў бойынша үлги әмелиятты жаратыў илажлары бойынша видеоселектор мәжилисин өткерди. Онда усы жылы ҳәр қандай ҳуқықбузарлықтың алдын алыўда тийкарғы буўын мәҳәлле профилактикасы екени айрықша атап өтилди.

Кейинги жылларда мәмлекетлик басқарыў уйымларында ашық-айдынлық сиясаты жүргизилип атырғаны өз нәтийжесин бермекте. Бирақ бул процесс ҳуқық қорғаў уйымларының жумысына әсте кирип атырғаны, олардың жумысы сырттан қалыс үйренилмей атырғаны айтылды. Бул уйымлардың жабық ҳалда ислеўи олардың өзине де, жәмийетшиликке де пайда келтирмейтуғыны, тараўда өзгерис, раўажланыў болмайтуғыны атап өтилди.

Енди Әдиллик министрлиги тәрепинен ҳуқық қорғаў уйымларының жумысын "ҳуқықый аудит"тен өткериў системасы жолға қойылады. "Ҳуқық қорғаў жумысы ҳаққында"ғы нызам жойбары ислеп шығылып, әдиллик уйымларының анық роли, жаңа ўазыйпа ҳәм ўәкилликлери белгиленеди.

Бүгин мәмлекетимиз жедел ҳәм ҳәр тәреплеме раўажланыўдың қызғын басқышына кирди ҳәм бул процесс системалы характерге ийе. Яғный мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстың барлық тараўларын - экономика, санааттан баслап социаллық сиясат, гуманитар тараў, билимлендириў, илим ҳәм мәдениятқа шекем ҳеш қандай бурынғысынан өзгеше емес қамтып алған. Әҳмийетлиси, реформалар бирден-бир логикалық система тийкарында өтпекте. Онда ҳәр бир қарар алдынғысы менен үзликсиз байланысқан ҳалда узақ мүддетли нәтийжеге хызмет етиўи менен әҳмийетли. Барлық өзгерислер тийкарында инсанның абырайы, қәдир-қымбаты, ҳуқық ҳәм еркинликлери, нызамлы мәплерин тәмийинлеў жәмленген.

Ҳәзирги ўақытта реформалар тек ғана айрықша баслама ямаса қарарлар көринисинде емес, олар мәмлекетлик басқарыў ҳәм архитектурасына терең сиңип кеткен артқа қайтпайтуғын процесслер болып есапланады.

Бүгин глобал көлемде шешилиўи зәрүр болған ең әҳмийетли машқалалардан бири коррупция болып есапланады. Ол мәмлекет ҳәм жәмийеттиң раўажланыўына үлкен зыян жеткерип, экономикалық өсиў пәтин төменлетеди, инвестициялық орталықты бузады. Ең жаманы, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлериниң бузылыўына алып келеди.

Коррупцияға қарсы гүресиў Өзбекстанда мәмлекетлик сиясаттың ең тийкарғы бағдарына айланып үлгерди. Бул бағдарда ислеп шығылған ҳуқықый база, шөлкемлестирилген институционаллық структуралар ҳәм көрилип атырған әмелий илажлар өз нәтийжесин бермекте.

2026-жылдың "Мәҳәллелерди раўажландырыў ҳәм жәмийетти жетилистириў жылы" деп жәрияланыўы елимизди буннан былай да раўажландырыў, халықтың дәраматын арттырыў, мәҳәллелердиң инфраструктурасын жақсылаў, пуқаралық жәмийетин жоқарылатыў жолындағы артқа қайтпайтуғын реформалардың үзликсиз даўамы болып есапланады. Мәҳәлле жәмийеттиң ең киши, бирақ ең әҳмийетли буўыны. Мәҳәлледе тынышлық, тәртип ҳәм аўызбиршилик тәмийинленсе, пүткил мәмлекетте турақлылық ҳәм раўажланыў орнайды.

Мәмлекетимиз басшысының Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына Мүрәжатында коррупцияға жол қойыў елимиздеги реформаларға қыянет сыпатында баҳаланғаны бийкарға емес. Себеби, коррупция мәмлекеттиң раўажланыўына тосқынлық ететуғын, әдиллик ҳәм нызам үстинлигин изден шығаратуғын, жәмийетте исеним орталығын төменлететуғын ең әҳмийетли қәўип болып есапланады. Сол себепли, бул иллетке қарсы гүресиў бойынша "айрықша жағдай" жәрияланды.

Мәмлекеттиң ҳәр бир сум қаржысы, ресурсы бойынша жеке жуўапкершилик күшейтиледи. Мәжилисте Президент Администрациясы ҳәм мәмлекетлик уйымларда комплаенс ҳәм коррупцияға қарсы ишки қадағалаў системасы жолға қойылғаны, коррупциялық схемалар бойынша зыян анықланып, өндирилип атырғаны атап өтилди.

Жетилистирилип атырған "Өзбекстан - 2030" стратегиясында да бул мәселеге айрықша итибар қаратылған. Соның ишинде, коррупциялық факторларды сапластырыў системасының нәтийжелилигин арттырыў, жәмийетте коррупцияға маўасасыз мүнәсибетти қәлиплестириў жумысларын жедел даўам еттириў тийкарғы мақсетлерден бири сыпатында белгиленбекте.

“Transparency International” халықаралық шөлкеминиң Коррупцияны қабыл етиў индексинде кеминде 20 текшеге көтерилиўге ерисиў, мәмлекетлик сатып алыўларда мағлыўматларды машинада оқылатуғын форматта жайластырыў үлесин 100 процентке жеткериў, бәсекисиз усыллардағы мәмлекетлик сатып алыўлардың үлеси 20 проценттен артпаўын тәмийинлеў, 100 процент нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң "коррупциядан жырақ нызамшылық" принципи тийкарында ислеп шығарылыўын тәмийинлеў усы мақсеттиң нәтийжелилик көрсеткишлери болып табылады.

Сондай-ақ, стратегия шеңберинде усы жылы ислеп шығылатуғын стратегиялық режелестириў ҳүжжетлериниң жойбары қатарында 2030-жылға шекем Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиў миллий стратегиясын ислеп шығыў ўазыйпасы да орын алған. Бул болса Өзбекстан коррупциясыз, әдалатлы жәмийет қурыў жолынан исенимли алға баратырғанын көрсетеди. Жәмийеттиң қоллап-қуўатлаўы ҳәм заманагөй технологиялардан пайдаланыў болса бул мақсетке ерисиў имканиятын арттырады.

Мансур МУСАЕВ,

сиясий илимлер докторы, профессор