Президентимиздиң 2020-жыл 12-майдағы "2020-2025-жылларға мөлшерленген Өзбекстан Республикасының банк системасын реформалаў стратегиясы ҳаққында"ғы пәрманында банклердиң жаңа, соның ишинде, "санлы банкинг" принциплерине тийкарланған бизнес моделлерин енгизиў, банк хызметлерин көрсетиўде халықаралық сапа стандартларын қолланыў, киши ҳәм орта бизнес субъектлерине көрсетилип атырған хызметлердиң көлеми ҳәм сапасын жақсылаў белгиленген. Сондай-ақ, исбилерменлик субъектлерине мәлимлеме-коммуникация технологияларынан пайдаланған ҳалда хызмет көрсетиў арқалы банклердиң аралықтан турып финанслық хызметлердиң ғалабалығын арттырыў жоллары да көрсетип өтилген.

Усы ўазыйпалардан келип шығып, бүгинги күнде коммерциялық банклердиң қарыйдарларға заманагөй хызмет көрсетиў дәрежесин және де арттырыў, олардың жумысының турақлылығын тәмийинлеў ҳәм ресурс базасын беккемлеў бағдарында тек ғана ишки имканиятлардан пайдаланыў емес, ал сырт елде роуд-шоулар өткериў, евробонд шығарыў, банк рейтингин жақсылаў ҳәм халықаралық стандартларға бейимлесиў сыяқлы мәселелер әҳмийетли ўазыйпа сыпатында күн тәртибине қойылмақта.

Ҳақыйқатында да, бул оғада дурыс мақсет. Себеби елимизде экономикалық-социаллық реформаларды басқышпа-басқыш ҳәм нәтийжели әмелге асырыў, тараўда санластырыўға итибар қаратыў экономиканың тийкарғы буўыны ҳәм локомотиви болған банк системасына үлкен жуўапкершилик жүклейди.

Елимиздеги экономикалық реформалар, унамлы өзгерислер коммерциялық банклердиң халыққа ҳәм юридикалық шахсларға көрсететуғын хызметлериниң саны ҳәм сапасын арттырып барыўды талап етпекте. Бул, өз гезегинде, банклеримизге жумысын халықаралық банк әмелияты талапларына бейимлестириў, заманагөй технологияларды қолланған ҳалда процесс ҳәм хызметлерди санластырыў бағдарындағы жумыслар көлемин кеңейтиў имканиятын бермекте.

Бүгин банклер қарыйдарларға 200 ден аслам түрдеги финанслық хызмет көрсетпекте. Банк хызметлери порталында келтирилген мағлыўматларға бола, кредит бойынша хызметлер 304 ти, аманатлар бойынша хызметлер 217 ти, банкоматлар арқалы көрсетилетуғын хызметлер 200 ден асламын көриў мүмкин.

Мәмлекетимиз басшысының халықтың дәраматын арттырыў мақсетинде мәҳәллелер дәрежесинде ҳәкимлердиң банклер менен бирге ислейтуғын системаны қәлиплестириў ҳаққындағы усынысы елимиздеги экономикалық реформаларда жаңа, дүнья әмелиятында сийрек ушырасатуғын бир системаға тийкар салды.

Бундай системаны қәлиплестириўден мақсет район банклериниң мәҳәллелерге көбирек кирип барыўы, халық пенен жақынласыўы, мәҳәллелерде жасайтуғын адамлар менен үзликсиз ислесиўи, исбилерменлик жойбарларын әмелге асырыўға жәрдем бериўин тәмийинлеўден ибарат. Енди банклер ҳәм банк хызметкерлери халықтың жумыс баслаўында жүзеге келетуғын қыйыншылықлар, машқалаларды орнында үйрениў ҳәм шешиў имканиятына ийе болады.

Халық болса бизнес жойбарын додалаў, кредит ҳүжжетлерин таярлаў, пул алыў, көшириў, есап-санақларды әмелге асырыў ҳәм басқа да мәселелер бойынша узақ жол басып банклерге барыў, гезекте турыў сыяқлы ўақыт ҳәм қаржы талап ететуғын процесслерден қутылады.

Мәҳәлле - банк системасының унамлы тәрепи сонда, енди банклер халық алға қойған экономикалық идеяны жойбарға айландырыўда жәрдемлесиў ҳәм қаржыландырыў ўазыйпасын атқарады. Район ҳәкимлери болса халықтың бизнес жойбарларын орын ҳәм инфраструктура менен тәмийинлеў миннетлемесин өз мойнына алады. Бул анық ҳәм мәнзилли, тийкарғы төрт субъект: мәҳәлле - атқарыўшы уйым - банк - қарыйдарды өзинде бирлестиретуғын система болып есапланады. Оның нәтийжели жолға қойылыўы бүгинги бир қатар социаллық машқалалардың шешимине хызмет етеди. Халық ушын жаңа жумыс орынларын ашыў ҳәм жумыссызлардың бәнтлигин тәмийинлеўде унамлы нәтийжеге алып келеди.

Мәҳәллелерде банк хызметлериниң көрсетилиўи банк хызметкерлерин мәҳәлле халқы менен жақынластырады ҳәм аймақларда жасайтуғын ҳаял-қызлар, жаслардың экономикалық белсендилигин арттырады. Олардың идеяларын жойбарларға айландырып, қаржылай қоллап-қуўатлаў жолын табыўға жәрдем береди. Халықты кредит алыў ҳәм қайтарыў, бизнес ашыў, өнимлерин сатыўға үйретеди, жойбарларға жәрдемлеседи ҳәм бирге ислеседи.

Бүгин бизде халық пенен экономикалық қатнасықларда бақланатуғын машқалалы тәреплерден бири адамлардың финанслық саўатлылығының төменлиги болып есапланады. Бул тараўда еле ислейтуғын жумысларымыз көп. Себеби, халықтың ҳәммеси де банк, финанс, салық шөлкемлериниң жумысы, кредит, қарыз, депозит, аманат, шәртнама, лизинг, ижара, питим, кредит шәртнамасы, кредит проценти сыяқлы түсиниклердиң мәнисин терең аңлап жетпеген.

Халық кредит ямаса қарызға алынған қаржыны шәртнамада көрсетилген мүддетте қайтарып бериў, пайдаланғаны ушын процент төлеў керек екенлигин жақсы түсиниўи керек. Бул бағдардағы және бир әҳмийетли мәселе халықтың алған кредитинен мақсетли пайдаланыўы менен байланыслы. Айырым жағдайларда айырым ўатанласларымыз исбилерменлик жумысын жолға қойыў мақсетинде алған кредитин басқа мүтәжликлерин қаплаўға бағдарлайды. Нәтийжеде кредитти қайтарыў, процентлерин төлеўде қыйыншылыққа ушырайды ямаса қайтара алмайды.

Бундай жағдай тек ғана кредит алған адамның жағдайы емес, ал коммерциялық банклердиң жумысына да унамсыз тәсир көрсетеди. Коммерциялық банклерде өз ўақтында төленбеген ямаса машқалалы кредитлер салмағының артыўына себеп болады. Машқалалы кредитлердиң көп болыўы банклердиң финанслық жағдайының жаманласыўына, рейтинги ҳәм абырайының төменлеўине алып келеди.

Сол себепли, мәҳәллелерде банк хызметлериниң көрсетилиўи, банкир ҳәм мәҳәлле халқы арасында сөйлесиўдиң жолға қойылыўы, пикиримизше, адамлардың финанслық саўатлылығы ҳәм ҳуқықый билими артыўына жәрдем береди.

Усы жылы коммерциялық банклер тәрепинен 5,5 триллион сумлық микроқаржы ҳәм факторинг хызметиниң көрсетилиўи, мәмлекеттиң үлеси болған коммерциялық банклер тәрепинен микроқаржы ҳәм факторинг компанияларының ашылыўы режелестирилген. Сондай-ақ, оларға сырт ел инвесторларын тартыў, келеси жылы микроқаржы ҳәм факторинг компаниялары арқалы 10 триллион сумлық хызметлер көрсетиў прогноз етилмекте. Кейинги 5 жылда киши бизнес ҳәм исбилерменлик субъектлерине ажыратылатуғын кредит үлесин 40 процентке ямаса 120 триллион сумға жеткериў илажларын көриў зәрүрлиги келешекте мәҳәлле ҳәм банклер арасындағы экономикалық қатнасықлардың және де беккемлениўине хызмет етеди.

Банклер ҳәм мәҳәллелер арасындағы бирге ислесиў қатнасықларында халыққа аралықтан банк хызметлериниң мазмун-мәниси, түрлери ҳәм имканиятларын түсиндириў де үлкен әҳмийетке ийе. Кейинги жыллары банк хызметлери базарында аралықтан хызметлердиң орны артып бармақта. Бундай хызметлердиң тийкарғы тутыныўшылары мәҳәллелерде жасайтуғын халық болып есапланады.

Бул хызметлер банк ушын операциялар көлеминиң кишилиги, корпоратив банк хизметлерине қарағанда қәрежеттиң азлығы менен түсиндирилип атырған болса, халық ушын қолайлылығы, тезлиги ҳәм арзан екенлиги, жеке мүтәжликлерди қанаатландырыўга бағдарланғанлығы менен әҳмийетли.

Бүгин ўатанласларымыз үйинде, жумысында ҳәм басқа да қәлеген жеринде турып биймәлел банк хызметлеринен пайдаланыўы мүмкин. Соның ушын болса керек, мәмлекетимиздиң коммерциялық банклери тәрепинен көрсетилип атырған аралықтан хызметлер көлеми жылдан-жылға артып бармақта. Бундай хызмет көрсетиў ҳәм оннан пайдаланыў тек ғана банклердиң дәраматын арттырып қоймастан, ал мәҳәллелер халқы ушын да қолайлықлар жаратады. Бул болса, өз гезегинде, олардың турмыс дәрежесин жақсылаўда жүдә әҳмийетли.

Ҳәзирги ўақытта елимиздеги 36 коммерциялық банк, 700 ден аслам филиалы, 1816 дан аслам банк хызметлери орайы, 3750 ден аслам 24 саат хызмет көрсететуғын банкомат ҳәм инфокиоски, толық онлайн режиминде ислейтуғын айырым банклер юридикалық ҳәм физикалық тәреплерге аралықтан хызмет көрсетип келмекте.

Кейинги жыллары елимизде қарыйдардың үйден шықпай банк хызметлеринен пайдалана алыўына үлкен итибар қаратылмақта. Соның ушын да банк хызметлери тараўында технологиялық банклер, онлайн хызмет көрсетиўши банклер, банк хызметлери орайлары тараўы әҳмийетли бағдарға айланып бармақта.

Әсиресе, аймақларда базалық банк хызметлери топламын көрсететуғын ҳәм көп санлы басқарыў хызметкерлерин талап етпейтуғын ықшам банк хызметлери офислери тармағын кеңейтиў арқалы бар филиаллар тармағын оптималластырыў, сондай-ақ, банклердиң аралықтан турып хызмет көрсетиўин буннан былай да жетилистириў мәҳәлле - банк системасының нәтийжели жумысына тийкар жаратпақта.

Шарбат АБДУЛЛАЕВА,

экономика илимлериниң докторы, профессор