Ашылыў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Ш.Өтемисов, Өзбекстан мәҳәллелери аўқамы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы С.Турманов, Нөкис қаласы ҳәкими А.Данияров, сондай-ақ, кең жәмийетшилик ўәкиллери, мәҳәлле белсендилери ҳәм нуранийлер қатнасты.
Жаңа имарат “Moynaq LDSP” ЖШЖ тәрепинен қурып питкерилип, оның қурылыс жумысларына Қарақалпақстан Республикасы жергиликли бюджетинен жәми 378 миллион сум қаржы ажыратылды.
Жаңа имарат аймақ халқына сапалы хызмет көрсетиў, пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў ҳәм жәмийетшиликтиң белсендилигин арттырыўға хызмет ететуғыны менен әҳмийетли.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.