Миллий контент - миллий медиа дастурханы

    Президентимиздиң басшылығында 15-май күни мектеп билимлендириўи системасындағы реформалардың нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў бойынша тийкарғы ўазыйпаларды додалаў бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде бүгинги күнниң оғада әҳмийетли, аўыр машқалаларынан бирине шешим табылды.

    Бул - балаларымыздың мәнаўиятын қәстерлеп-сақлаў, зыянлы идеяларға қарсы идея менен қарсы тура алатуғын, балалар тилинде жазатуғын, сөйлейтуғын контент жаратыў. Мәмлекетимиз басшысы машқаланың түп тийкарын көрсетип өтти.

    Мектеплерде руўхый-ағартыўшылық, тәрбиялық илажлар өткермектемиз. Бирақ олар оқыйтуғын, көретуғын, еситетуғын миллий контент болмағаны ушын белгили дәрежеде руўхый бослық пайда болып атырған еди. Балаларымыздың бос ўақтында заўықланып оқыйтуғын, көретуғын, еситетуғын, ең әҳмийетлиси, балалар ушын арнаўлы миллий контент жаратыў машқаласы шешилди. Президент қарары менен Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги жанында Балалар контентин раўажландырыў орайы шөлкемлестирилди. Қары Ниёзий атындағы Тәрбия педагогикасы миллий институты орайға машқаланың илимий-методикалық, технологиялық жақтан жәрдемши болды.

    Бул жүдә үлкен стратегиялық ўақыя. Балаларымыздың мәнаўий қорғалыўы, идеологиялық иммунитети мәселеси. Өмир бойы перзентлеримиздиң миллий тәрбиясы ҳаққында ойлап, изленип жүрген бир педагогтың пикирлерин баян етпекшимен.

    * * *

    Үлкенлер де, балалар да ҳәр күни еки түрли - материаллық ҳәм руўхый азық пенен азықланады. "Биз не жеген болсақ, сол боламыз", деген гәп бар. Бул - адам аўқат, мийўе, ишимликлердеги химиялық элементлерди сиңиреди, қандай элементлерди жесе-ишсе, солардың ықтыярында болады, дегени. Соның ушын адам жейтуғын нәрселерди көрип, тексерип, кейин жейди. Биледи, жаман аўқат аўыртады. Тәжирийбесиз балалар болса алжасады.

    Руўхый азық бул - хабар, текст, мем, пост, қосық, жүз. Ҳәр күни өз тағамнамасы, усыныслары менен атады. Ҳәр күнниң өз хабарлары - мәнислери, руўхый менюи бар. Ол ҳәр минут, секундта жаңаланып барады. Соның ушын сәршемби күниниң медиа (руўхый) дастурханы тағамнамасы шемби күнине жарамайды. Телефонымыз - өзимиз бенен бирге алып жүретуғын жеке, көшпели руўхый дастурханымыз. Руўхый азық көз, қулақ пенен жеңиледи. Мине усы руўхый дастурхан - контент.

    Мениңше, "балалар миллий контенти" сөзиндеги "миллий"ди еки мәнисте түсиниўимиз керек. Бири - мәмлекетлик контент мәнисинде. Екиншиси - миллий-мәдений, өзбек мәнаўияты мәнислеринде. Балалар миллий контенти жаслар тәрбиясында мәмлекет ҳәм миллет мәплери бирлигиниң медиа көриниси. Ол мәмлекет ҳәм миллет мәплерин алға қойыўы, қорғаўы ҳәм сөзсиз үстин тутыўы керек.

    "Жаман болса да өзимиздики", "Бизге бола береди", деген көзқарас пенен узаққа барып болмайды. Не айтпақшымыз? Глобал медиа дастурханға тартылып атырған тағамларымыз мазалы, ақыллы, пайдалы, сапалы болыўы керек.

    Усынысым, балаларымыз миллий контентиниң сапа стандартын ислеп шығыўымыз керек. Ҳәр бир үлкен-киши, тараўына қарамастан, балалар медиасын анық өлшеп, баҳалаў стандартын ислеп шығыўымыз зәрүр. Бул не береди? Бул бизге ҳәр бир күнниң миллий контентин (руўхый дастурханымызды) мине усы стандарт тийкарында анық баҳалаў имканиятын береди. Балаларымыздың медиадастурханына нелер қойылған, неше түрли, сапасы, мүддети қандай? Балаларымыздың руўхый саламатлығына тәсири қандай? Мәмлекетлик нызамлар ҳәм миллий-руўхый стандартларымызға муўапықлық дәрежеси қандай, деп күн сайын өлшеп, баҳалап барыўымыз керек.

    Глобал контент те базар. Өзиниң қарыйдарлары бар. Мәселеге илимий тийкарда қатнас жасасақ, илим биз ислеп шығып атырған медиа өнимлердиң базарға қолайлылығын, бәсекиге шыдамлылығын, баҳаларын өлшеп береди. Жетискенликлеримиз, қәтеликлеримизди де көрсетеди.

    Неге? Себеби жаңа әўлад ўәкиллери ержетпекте. Миллий контент - олардың (кәсибине қарамастан) дурыс жигит-қызлар болып ортаға шығыўына жәрдем беретуғын руўхый азық. Миллий контент тек ғана биз ушын емес, пүткил инсаният ушын керек. Ҳәр бир миллеттиң өзлигин жоғалтпаўы ушын зәрүр.

    Соның ушын ҳәр бир мәмлекет өзиниң медиа ўатанын қорғайды. Медиа арқалы руўхый шегараны бузып, жаслардың көзи, қулағынан кирмекши болып атырған инфекцияларды көрип, жар салады. Себеби балалардың миллий контенти - балаларымызға альтернатив, өзбекше пикирлеў усылын үйретип, сақлап қалатуғын руўхый қалқан.

    Бала көретуғын кино, оқыйтуғын китап, тыңлайтуғын қосық, тамаша ететуғын видеолар өз ана тилинде, өз орталығында болса, дүньяқарасы да миллий болады. Миллий контент тек ғана тәрбиялық емес, ал жәмийетте бирликти тәмийинлейтуғын фактор болып табылады. Ҳәмме бирдей идеяда, тарийхта, үрп-әдет ҳәм қәдириятта жасаса, миллет күшли болады. Бул руўхый турақлылық.

    Миллий контент мәлимлеме урыслары дәўиринде жаслардың санасын қорғаўшы, келешек әўладты тәрбиялаўшы, миллийликти сақлаўшы әҳмийетли ресурс.

    АҚШ, Япония, Қубла Корея, Франция сыяқлы раўажланған мәмлекетлерде миллий контентке әпиўайы хабар қуралы емес, ал идеологиялық, сиясий ҳәм экономикалық қурал сыпатында қаралмақта. Олар балаларға өз философиясын мультфильм, қаҳарман, қосық, кино арқалы мақсетли, избе-из, режели, өлшеп синдиреди. Өз контенти арқалы дүньяға тәсир етеди.

    Дүньяда миллий контентти баҳалаў тәжирийбеси үлкен. Балалар миллий контентиниң де. Атап айтқанда, тийкарғы өлшемлер етип төмендегилерди келтириў мүмкин: контентте қәдириятлар, тил, тарийх қаншелли дурыс ҳәм терең сәўлеленген? Жасларға мөлшерленген медиалардың этикасы қандай? Контент жергиликли платформаларда тарқала ма? Ислеп шығарыўшы өзимиз бе ямаса сырттан ба? Қанша адам көрди, оқыды? Жәмийетте қандай пикир оятты? Миллий санаға тәсири қандай, яғный қаҳарманлар, тарийх, миллий белгилер қалай үгит-нәсиятланған? Миллий мақтаныш, ўатансүйиўшиликке тәсири бар ма? Экономикалық нәтийжеси қандай: жергиликли контент қанша дәрамат келтирип атыр? Экспорт ямаса лицензия арқалы қай дәрежеде дәрамат таўып атыр? Контент жек көриўшилик, зорлық ямаса экстремизмди үгит-нәсиятламайды ма? Руўхый саламат орталыққа хызмет етип атыр ма?

    Айырым мәмлекетлерде балалардың миллий контенти тек ғана дөретиўшилик өними емес, идеологиялық қорғаў қуралы. Сол себепли, миллий контент қатаң мәлимлеме қәўипсизлиги нормалары менен баҳаланады.

    Бул жүдә қызық тема, гәп көп. Бир нәрсе анық, миллий контент - миллетлерди сақлаў, жасларды тәрбиялаў, мәмлекетти, ғәрезсизликти руўхый жақтан қорғаў жолы.

    Айтпақшы болғаным, биз бүгин ҳәммемиз, әсиресе, зыялылар миллий контентимизди руўхый ўатан, деп есаплайық. Оны өз постымыз, миллий медиа контентлеримиз бенен қорғаўымыз керек. Себеби руўхый, медиа ўатанымызға жала таслары атылып атыр. Көрип, оқып, үндемей турыў бизге жараспайды.


    Муҳаммаджон ҚУРОНОВ,

    Социаллық-руўхый изертлеўлер институты

    директор орынбасары, педагогика илимлери

    докторы, профессор

    No date selected
    June 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates