Миллий өнимлеримиз «Made in Uzbekistan» миллий өнимлер көргизбесинде көрсетилди

    3 қыркүйек 2025 889

    Өзбекстан ҳәм Беларусь исбилермен ҳаял-қызларының үшинши бизнес-форумы шеңберинде «Made in Uzbekistan» миллий өнимлер көргизбеси шөлкемлестирилди.

    Бул миллий көргизбеге Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Нарбаева ҳәм Беларусь Республикасы Миллий мәжилиси Республикалық Кеңесиниң Баслығы Наталья Кочанова келди.

    Көргизбе "Витебск" концерт залында өткерилди. Онда мәмлекетимиздиң аўыл хожалығы, азық-аўқат санааты, фармацевтика, жеңил санаат, электротехника, мәлимлеме технологиялары, туризм ҳәм өнерментшилик сыяқлы тараўларда ислеп шығарылған ҳәр қыйлы өним ҳәм хызметлер кеңнен көрсетилди.

    «Made in Uzbekistan» бренди астында усыныс етилген өнимлер Өзбекстанда жергиликли шийки зат тийкарында, заманагөй технологиялар жәрдеминде ислеп шығарылған болып, олар сапа ҳәм экспортқа жарамлылық жағынан халықаралық талапларға толық жуўап береди.

    Соның менен бирге, көргизбеде Беларусь Республикасының миллий өнимлери де көрсетилди. Бул еки мәмлекет ислеп шығарыўшылары арасында өз-ара үйрениў, тәжирийбе алмасыў ҳәм жаңа бирге ислесиў жойбарларын додалаў ушын қолайлы орталық жаратты.

    Көргизбе шеңберинде Өзбекстан ҳәм Беларусь исбилерменлери арасында "В2В" сөйлесиўлер, өним презентациялары ҳәм саўда ушырасыўлары шөлкемлестирилди, деп хабар бермекте Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates