баннер
17 Apr 2025
11:02

    Миллий статистика комитети шөлкемлестириледи

    2025-жылдың ақырына шекем "Аймақлар статистикасы" мәлимлеме системасы иске қосылады.

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Статистика жумысларын шөлкемлестириў ҳәм жүргизиў системасын жаңа басқышқа алып шығыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында"ғы Пәрманы (ПП-27-санлы, 24.02.2025 ж.) қабыл етилди.

    Пәрманға бола, Президент жанындағы Статистика агентлиги Миллий статистика комитети сыпатында қайта шөлкемлестириледи.

    Статистика жумысларының нәтийжелилигин буннан былай да арттырыўдың төмендеги тийкарғы бағдарлары белгиленди, атап айтқанда:

    • макроэкономика ҳәм тармақлар дәрежесинде статистикалық бақлаў өткериў системасын және олардың методологиясын халықаралық стандартлар ҳәм усынысларға муўапық жетилистирип барыў;
    • интеграция процесслерин кеңейтиў арқалы статистикалық есабатларды қысқартыў ҳәм бизнеске есабат тапсырыў жүгин азайтып барыў;
    • "мәҳәлледен - республикаға шекем" принципи бойынша статистикалық көрсеткишлерди қәлиплестириў системасын жаратыў арқалы мағлыўматлардың исенимлилигин тәмийинлеў.

    2025-жылдың ақырына шекем "Аймақлар статистикасы" мәлимлеме системасы иске қосылады.

    2025-жылдың жуўмағы бойынша есап бериў дәўиринен баслап хызметкерлердиң саны жыллық орташа 5 адамнан аз болған ҳәм жыллық түсими БЕМның 2 000 есесине шекемги болған микрофирма ҳәм киши кәрханалар ушын жыллық статистикалық есабатты тапсырыў миннетлемеси бийкар етилип, ҳәр үш жылда бир мәрте статистикалық есабат тапсырылыўы белгиленди.


    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech