Миллий байлықларды келешекке айландырыў ҳәм глобал ашылыўлар мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен 2024-жылы Өзбекстан технологиялық металлар комбинаты (ТМК) шөлкемлестирилди.
Бүгинги күнде дүнья тез пәт пенен өзгермекте. Энергетикаға өтиў, "жасыл" экономика ҳәм санлы трансформация дәўиринде әҳмийетли минералларға талап ҳәр қашанғыдан да жоқары. Электромобиллер, қайта тиклениўши энергия дәреклери, космослық ҳәм қорғаныў санааты, жоқары технологиялық электрон қурылмалар - булардың ҳәммесин технологиялық металларсыз әмелге асырыў мүмкин емес. Өзбекстанның геологиялық потенциалы бул жолда стратегиялық күш, ТМК болса оны әмелий нәтийжеге айландыратуғын жетекши компания болып есапланады.
ТМК тек ғана таў-кән кәрханасы емес. Ол пүткил санаат шынжырын қамтып алады ҳәм "кән - металл - базар" принципи тийкарында жумыс алып барады. Излеўден баслап қазып алыў, қайта ислеў, илимий-изертлеў ҳәм таяр өним ислеп шығарыў - upstream, midstream и downstream басқышлары ТМК экосистемасында өз көринисин тапқан. Бүгинги күнде комбинат 25 тен аслам түрдеги стратегиялық шийки зат бойынша жумыс алып барып, 70 тен аслам жойбарды әмелге асырмақта.
Усы жылдың 17-18-сентябрь күнлери Қазақстанның Алматы қаласында болып өткен Mining & Metals Central Asia 2025 көргизбесинде Өзбекстан технологиялық металлар комбинаты делегациясы да белсене қатнасты. Бул абырайлы майданда 30 мәмлекеттен 500 ден аслам компания жыйналды. ТМК дүнья көлеминде өзиниң жойбарлары, инвестициялық имканиятлары, инновациялық шешимлери ҳәм ең әҳмийетлиси, Өзбекстанның таў-кән санааты, атап айтқанда, әҳмийетли минераллар тараўындағы үлкен потенциалын көрсетти.
Көргизбе шеңберинде ТМК ўәкиллери 50 ден аслам халықаралық компания, инвестор ҳәм тараў қәнигелери менен сөйлесиўлер өткерди. Олардың арасында дүньяның ең ири кән-технология гигантлары - Японияның Mitsubishi Materials, Швейцарияның "Glencore", Финляндияның "Metso", Канаданың "Silvercorp Metals", Австралияның "ALS" ҳәм "Mineral Technologies" Нидерландияның "IHC Mining" компаниялары бар.
Буннан тысқары, ТМК бир қатар әҳмийетли келисимлерге еристи:
Қытайдың "Sunward" компаниясы менен заманагөй технологияларды енгизиў бойынша бирге ислесиў меморандумларына қол қойылды;
Австралияның "Mineral Technologies" ҳәм "Glencore" компаниялары менен "Келешек металлары технопарки" жойбарын әмелге асырыў ҳаққында;
вольфрамды қайта ислеў ҳәм заманагөй флотация үскенелерин ислеп шығарыў ҳаққында;
Қазақстанның "Институт ДВ Сокольский" компаниясы менен биргеликтеги жумыслар ҳаққында.
Бул бирге ислесиў ТМКның халықаралық шериклик картасын кеңейтиў ҳәм "Келешек металлары технопарки"нде алдынғы өндирис процесслерин енгизиўде әҳмийетли қәдем болады.
- Быйылғы жылы "ТМК"та үлкен қанаатланыўшылық пенен болдым. Бул сийрек ушырасатуғын металларды қазып алыў ҳәм қайта ислеў бойынша ири ҳәм жетекши кәрхана болып есапланады. Компаниямыз Өзбекстандағы базарды жедел раўажландырыўды режелестирмекте ҳәм исенимли шериклер излемекте. Компаниямыз ҳәм ТМК арасында бирге ислесиў ушын үлкен имканиятлар бар, деп есаплайман. Атап айтқанда, комбинаттың өнимлери бизиң техникаларымызда табыслы қолланылыўы мүмкин, - деди "Hunan Sunward Mining" компаниясының бас менеджери Ли Ле.
Сондай-ақ, Metso (Финляндия) компаниясының бөлим баслығы Степан Волков ТМК менен вольфрам ҳәм молибденди қайта ислеў жойбарлары бойынша бирге ислесиўден қуўанышлы екенин атап өтти.
Көргизбениң ең нәтийжели илажларынан бири Өзбекстан технологиялық металлар комбинаты командасының стенди "Ең жақсы стенд" деп табылғаны болды. 500 ден аслам компаниялар арасында бундай тән алыныў Өзбекстан таў-кән санаатының келешегин қәлиплестирип атырған исенимли шерик екенин және бир мәрте тастыйықлады.
"Mining & Metals Central Asia 2025" шынында да Өзбекстанның санаат жетискенликлерин көрсетиў майданы ҳәм халықаралық көлемде жаңа имканиятларға жол ашып беретуғын әҳмийетли платформаға айланды.












