Өзбекстан ҳәм Сингапур Әдиллик министрликлери 2025-2026-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бағдарламасына қол қойды

    Сингапурда Әдиллик министриниң орынбасары Ш.Рабиев басшылығындағы Өзбекстан Республикасы делегациясының Сингапур Әдиллик министрлиги басшылары менен ушырасыўы болып өтти.

    Сөйлесиўде еки тәреплеме бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм оны буннан былай да кеңейтиў перспективалары додаланды. 2021-жылы қол қойылған Түсинисиў меморандумы шеңберинде әмелге асырылған биргеликтеги жумысларға жоқары баҳа берилди. Ҳуқық тараўындағы бирге ислесиў ҳәм тәжирийбе алмасыўды буннан былай да беккемлеў зәрүрлиги атап өтилди.

    Ушырасыў жуўмағында жаңа ҳүжжет - 2025-2026-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бағдарламасына қол қойылды. Ол төмендеги бағдарларды қамтып алады:

    • юридикалық кадрларды қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў;
    • халықаралық саўда келиспеўшиликлерин шешиў ҳәм Медиация бойынша Сингапур конвенциясын қолланыў мәселелери бойынша тәжирийбе алмасыў;
    • халықаралық даўларда мәмлекетлердиң мәплерин ҳуқықый жақтан қорғаў;
    • ҳуқықтың үстинлигин тәмийинлеў бойынша миллий ҳәм халықаралық әмелиятты үйрениў;
    • Сингапур ҳуқықый жәрдем бюросы ҳәм Өзбекстанның «Madad» МКШ арасындағы бирге ислесиў.

    Бағдарламаның әмелге асырылыўы Өзбекстан ҳәм Сингапурдың ҳуқық тараўындағы бирге ислесиўин сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыў, еки мәмлекетте ҳуқық үстинлигин беккемлеў ҳәм ҳуқықый жәрдем институтын раўажландырыўға хызмет етиўи күтилмекте.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates