Қол қойыў мәресиминде Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министриниң орынбасары Рустам Мирзаев, Өзбекстан Республикасы Адвокатлар палатасының баслығы Шуҳрат Содиқов, еки тәреп ўәкиллери ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илаж даўамында коррупцияның алдын алыўдың заманагөй системасы тек ғана жүз берген ҳуқықбузарлықларды анықлаўға емес, ал, бәринен бурын, олардың келип шығыўына имканият беретуғын себеплер менен шараятларды өз ўақтында сапластырыўға қаратылыўы керек екенлиги атап өтилди.

Бул ўазыйпаны тек ғана мәмлекетлик қадағалаўдың ишки механизмлери менен шешиў мүмкин емеслиги атап өтилди. Нызамшылықтың әмелий қолланылыўы менен ҳәр күни дусласатуғын, машқалаларды көрип, оларды шешиўдиң нәтийжели жолларын усыныс ете алатуғын профессионал жәмийетшиликтиң қатнасыўы үлкен әҳмийетке ийе.

Мине, усы мақсетте Ишки ислер министрлиги ҳәм Адвокатлар палатасы арасында кәсиплик бирге ислесиў бойынша турақлы жумыс алып баратуғын платформаны жаратыўға келисип алынды.

Меморандум шеңберинде тәреплер ҳуқықты қолланыў әмелиятының әҳмийетли мәселелерин биргеликте талқылаў, коррупциялық қәўип-қәтерлердиң жүзеге келиўиниң системалы себеплерин анықлаў, оларды сапластырыў бойынша усыныслар ислеп шығыў, нызамшылықты жетилистириў бойынша басламаларды додалаў, биргеликтеги семинарлар, оқыў илажлары, илимий-әмелий конференциялар шөлкемлестириў ҳәм кәсиплик тәжирийбе алмасыў ҳәм басқа да мәселелерди биргеликте шөлкемлестиреди.

Нызамшылықты тәмийинлеў, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерине әмел етиў, ишки ислер уйымлары хызметкерлериниң ҳуқықый мәдениятын арттырыў, коррупция көринислериниң алдын алыўда бирден-бир қатнасларды қәлиплестириў мәселелерине айрықша итибар қаратылады.

Меморандумға қол қойылыўы мәмлекетлик уйым ҳәм бийғәрез кәсиплик жәмийетшилик арасындағы конструктивлик бирге ислесиўди раўажландырыўда әҳмийетли қәдем екенлиги атап өтилди. Бундай бирге ислесиў системалы машқалаларды өз ўақтында анықлаў, және де нәтийжели шөлкемлестириўшилик ҳәм ҳуқықый шешимлер қабыл етиў, ишки ислер уйымлары жумысының ашық-айдынлығын арттырыў имканиятын береди.

Онда меморандумды әмелге асырыў нызамшылық талапларына, ҳәр бир тәрептиң ўәкиллиги ҳәм ғәрезсизлигине қатаң әмел еткен ҳалда әмелге асырылады.

Бирге ислесиўден гөзленген тийкарғы мақсет нызамлылықты беккемлеў, коррупцияның алдын алыў нәтийжелилигин арттырыў, пуқаралардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплериниң исенимли қорғалыўын тәмийинлеў, жәмийеттиң ишки ислер уйымларының жумысына ҳәм адвокатура институтына болған исенимин және де беккемлеўден ибарат.