Усы Нызамды әмелге асырыў шеңберинде Әдиллик министрлигинде мәмлекетлик
дизимнен өткерилген 10 уйымлық нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетке ислам банклериниң
жумысын тәртипке салатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.
Атап айтқанда, төмендеги бағдарларда ҳуқықый механизмлер жетилистирилди:
банклер ҳәм банк топарларында қәўип-қәтерлерди басқарыў системасы (рег. № 3427-2);
коммерциялық банклер тәрепинен көшпес мүлкти, басқа да мүлкти, сондай-ақ,
юридикалық шахслардың устав капиталындағы үлеслерди (акцияларды) сатып алыў
менен байланыслы талаплар (3441-2);
бир қарыз
алыўшыға ямаса өз-ара байланыслы қарыз алыўшылар топарына, соның ишинде, банк
пенен байланыслы шахсларға тәўекелшиликтиң ең жоқары муғдарын белгилеў
(3283-3);
коммерциялық
банклерде корпоратив басқарыўды шөлкемлестириў (3254-1);
Банклердиң
аманатлар қамсызландырыў қорына төлемлерин төлеў тәртиби (3663-1).
Бул өзгерислер
ислам банклериниң ҳуқықый тийкарларын беккемлеўге хызмет етеди.