Бул Реже «Soliq-servis» акционерлик жәмийетиниң аймақлық бөлимлери тәрепинен фермер хожалықларына бухгалтерия есабы ҳәм есабатын жүргизиў бойынша хызметлер көрсетиў тәртибин белгилейди.

Аймақлық бөлимлер тәрепинен нызам ҳүжжетлеринде белгиленген төмендеги исбилерменлик субъектлерине тийисли хызметлер бийпул көрсетиледи:

пахта ҳәм ғәлле жетистириўши фермер хожалықларына - бухгалтерия есабын ҳәм есабатын жүргизиў бойынша хызметлер;

жаңадан шөлкемлестирилген фермер хожалықларына олардың қәлеўине бола дәслепки 6 ай даўамында салық ҳәм финанслық есабатларды жибериў бойынша хызметлер;

басшылары жаслар болған жаңадан шөлкемлестирилген фермер хожалықларына - 2 жыл даўамында көрсетилген хызметлер.

Аймақлық бөлимлер фермер хожалықларына төмендеги хызметлерди көрсетеди:

фермер хожалығын бухгалтерия есабы ҳәм есабатын жүргизиў бойынша хызметлер көрсетиў системасына қабыл етиў;

бухгалтерия есабын шөлкемлестириў ҳәм жүргизиў;

фермер хожалығы хызметкерлериниң мийнет ҳақысын, салықлар ҳәм басқа да төлемлерди есаплаў;

фермер хожалығының салықлары ҳәм жыйымларының есабын жүргизиў;

салық, финанслық ҳәм статистикалық есабатларды дүзиў;

инвентаризация өткериўде қатнасыў.