Өзбекстан сыртқы ислер министри Тәжикстанның жаңа елшиси исеним жарлықларының нусқаларын қабыллады

    25-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов Тәжикстанның Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси етип тайынланған Насриддин Исматуллодан исеним жарлықларының нусқаларын қабыл етти.

    Өзбекстан ҳәм Тәжикстан тарийхы бир, аўқамласлық байланысларын орнатқан, дослық қатнасықларын буннан былай да беккемлеўге умтылады. Мәмлекетлер арасында жүзеге шығарылмаған үлкен потенциал да бар болып, оны жүзеге шығарыў ушын биргеликте ҳәрекет етиў талап етиледи.

    Бахтиёр Саидов елши мырзаның бай дипломатиялық тәжирийбеси жоқары баҳаланатуғынын атап өтип, Өзбекстандағы әҳмийетли ҳәм жуўапкершиликли миссиясында табыслар тиледи.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates