Пуқаралардың денсаўлығын сақлаў, әсиресе, байрам ҳәм қосымша дем алыс күнлеринде Денсаўлықты сақлаў министрлигинде арнаўлы штаб шөлкемлестирилип, барлық медицина мәкемелериниң жумысын муўапықластырып барады.

Тийкарғы илажлар ҳәм жумысты шөлкемлестириў:

31-декабрьден 4-январьға шекем барлық қалалық ҳәм районлық емлеўханалар, қәнигелестирилген медицина орайлары, медициналық жоқары оқыў орынлары жанындағы клиникалар, сондай-ақ, 39 районлараралық травматология ҳәм өткир қан-тамыр кеселликлери орайларында 20 мыңнан аслам медицина хызметкери нәўбетшилик етип, халыққа медициналық жәрдем көрсетеди.

Қосымша орынлар ҳәм дәри-дәрмақ резервлери жаратылды.

Байрам күнлери Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы ҳәм оның 13 филиалы, 200 ге шамалас қыстаўлы медициналық жәрдем шақапшалары күни-түни нәўбетши шыпакер ҳәм мийирбийкелер менен биргеликте жумыс алып барады. Барлық мәкемелер зәрүр дәри-дәрмақ ҳәм қосымша резерв орынлары менен тәмийинленген.

"103" хызмети байрам күнлери даўамында әдеттеги жумыс тәртибин сақлап қалады. Елимизде 14 аймақлық филиал, 167 станция, 63 подстанция ҳәм 1 мың 436 таяныш пунктинде халық ҳәм мийманларды шақырыўға таяр болған 2 мың 860 дан аслам тез жәрдем бригадасы жумыс алып бармақта.

Сондай-ақ, байрам күнлери 231 туўыў ҳәм 233 балалар емлеў мәкемеси тәнеписсиз жумыс алып барады.

Барлық медициналық мәселелер бойынша күни-түни "1003" қысқа номерине мүрәжат етиў мүмкин, бул жерде маман қәнигелер мәсләҳәт береди.

Денсаўлықты сақлаў министрлиги байрам күнлеринде мийнет ететуғын барлық медицина хызметкерлерине миннетдаршылық билдирип, елимиз халқын Жаңа жылды жақсы кейпиятта, өз саламатлығы ушын қайғырып күтип алыўға шақырады.